2017-2021 жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың
бес үстин туратуғын бағдарлары бойынша
ҲӘРЕКЕТЛЕР СТРАТЕГИЯСЫ
(ПП № 4947 07. 02. 2017)
I. Мәмлекет ҳәм жәмийет қурылысы системасын жетилистириўдиң тийкарғы бағдарлары
1.1. Демократыялық реформаларды тереңлестириў ҳәм мәмлекетти модернизациялаўда Олий Мажлис палаталары, сиясий партиялардың ролин және де күшейтиў:
мәмлекет ҳәкимияты системасында Олий Мажлистиң ролин асырыў, оның мәмлекет ишки ҳәм сыртқы сиясатына тийисли зәрүрли ўазыйпаларды шешиў ҳәм де атқарыў ҳәкимияты искерлиги үстинен парламент қадағалаўын әмелге асырыў бойынша ўәкилликлерин және де кеңейтиў;
нызам дөретиўшилиги искерлигиниң сапасын қабыл қылынып атырған нызамларды әмелге асырылып атырған социаллық-сиясий, социаллық-экономикалық ҳәм суд-ҳуқық реформалары процесине тәсирин күшейтиўге жөнелтирген ҳалда түптен асырыў ;
сиясий системаны раўажландырыў, мәмлекет ҳәм жәмийет турмысында сиясий партиялардың ролин күшейтиў, олар ортасында күшли бәсеки орталығын қәлиплестириў.
1.2. Мәмлекет басқарыўы системасын реформалаў:
мәмлекет басқарыўы ҳәм мәмлекет хызмети системасын мәмлекет басқарыўдың орайластырыўдан шығарыў, мәмлекет хызметкерлериниң кәсиплик таярлық, материаллық және социал тәмийнаты дәрежесин асырыў, ҳәм де экономиканы басқарыўда мәмлекет қатнасыўын басқышпа-басқыш кемейтиў арқалы реформалаў;
мәмлекетти социаллық-сиясий және социал-экономикалық раўажландырыў бойынша ўазыйпаларды әмелге асырыўда өз-ара мәпли шерикликтиң нәтийжесин асырыўға қаратылған мәмлекет-жеке шерикликтиң заманагөй механизмлерин енгизиў;
мәмлекет ҳәкимияты ҳәм басқарыў шөлкемлери искерлигиниң ашықлығын тәмийинлеў, физикалық ҳәм юридикалық шаҳсларының ҳуқық, еркинлик ҳәм нызамлы мәплерине тийисли информацияны усыныўдың заманагөй формаларын енгизиў;
«Электрон ҳүкимет» системасын жетилистириў, мәмлекет хызметлерин көрсетиўдиң нәтийжеси, сапасы ҳәм халық ҳәм де исбилерменлик субъектлери тәрепинен пайдаланыў мүмкиншилигин асырыў.
Do'stlaringiz bilan baham: |