Жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес үстин туратуғын бағдарлары бойынша ҲӘрекетлер стратегиясы


Аўыл хожалығын модернизациялаў ҳәм жедел раўажландырыў


Download 112.5 Kb.
bet5/10
Sana30.04.2023
Hajmi112.5 Kb.
#1402723
1   2   3   4   5   6   7   8   9   10
Bog'liq
(ПП № 4947 07.02.2017)

3.3. Аўыл хожалығын модернизациялаў ҳәм жедел раўажландырыў:
структуралық өзгертиўлерди тереңлестириў ҳәм аўыл хожалығы ислеп шығарыўды турақлы раўажландырыў, мәмлекет азық-аўқат қәўипсизлигин және де беккемлеў, экологиялық таза өнимди ислеп шығарыўды кеңейтиў, аграр секторының экспорт потенциалын сезилерли дәрежеде асырыў;
пахта ҳәм масақлы дән егилетуғын майданларды қысқартып, егин майданларын және де мақул түсетуғыны менен масластырыў, босап қалған жерлерге картошка, палыз егинлери, азық-аўқатлы майлы егинлерди, соның менен бирге жаңа интенсив бағ ҳәм жүзим бағларды жайластырыў;
аўыл хожалық егинлериниң жаңа селекция сортларын ҳәм де жоқары калориялыққа ийе, кеселлик ҳәм зыянкеслерге шыдамлы, жергиликли жер-ықлым ҳәм экологиялық шараятларға масласқан ҳайўанат түрлерин жаратыў ҳәм өндириске енгизиў бойынша илимий-изертлеў жумысларын кеңейтиў;
фермер хожалықлар, ең дәслеп аўыл хожалығы өнимлерди ислеп шығарап атырған, қайта таярлап атырған, таярлаў, сақлаў, сатыў, курылыс жумыслары ҳәм хызметлер көрсетиў менен шуғылланап атырған көп тармақлы фермер хожалықларын хошаметлеў ҳәм раўажландырыў ушын қолай шәрт-шәраятлар жаратыў;
аўыл хожалық өнимлерин терең қайта ислеў, ярым таяр өнимлер ҳәм таяр азық-аўқат өнимлерин, соның менен бирге қадақлаў буйымларын ислеп шығарыў бойынша ең заманагөй жоқары технологиялы үскенелер менен үскенелестирилген, қайта ислейтуғын жаңа кәрханаларды қурыў, барларын реконструкция ҳәм модернизациялаў майданынан инвестиция жойбарларын әмелге асырыў;
аўыл хожалығы өнимлерин сақлаў, транспортировка қылыў ҳәм сатыў, агрохимия, финанслық ҳәм басқа заманагөй базар хызметлерин көрсетиў инфрадүзилмесин және де кеңейтириў;
суўғарылатуғын жерлердиң мелиоратив жағдайын және де жақсылаў, мелиоратив ҳәм ирригация объектлердиң тармағын раўажландырыў, аўыл хожалығын ислеп шығарыў тараўына интенсив усылларды, бәринен бурын заманагөй суў ҳәм ресурсларын тежейтуғын агротехнологияларды енгизиў, өнимлилиги жоқары аўыл хожалығы техникасынан пайдаланыў;
глобал ықлым өзгериўи ҳәм Арал теңизи қурып қалыўының аўыл хожалығы раўажланыўы ҳәм де халықтың турмыс шәраятына унамсыз тәсирин жумсартыў бойынша системалы илажларды көриў;
3.4. Экономикада мәмлекет қатнасыўын кемейтиў, жеке меншиктиң ҳуқықларын қорғаў және оның перспективалы ролин және де күшейтиў, киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик раўажланыўын хошаметлеўге қаратылған институционал ҳәм структуралық реформаларды даўам етиў:
жеке меншиктиң ҳуқық ҳәм кепилликлерин исенимли қорғаўды тәмийинлеў, барлық түрдеги тосқынлықлар ҳәм шеклеўлерди сапластырыў, жеке исбилерменлик ҳәм киши бизнести раўажландырыў жолында толық еркинлик бериў, әмелиятта “Егер халық бай болса, мәмлекетте бай ҳәм күшли болады” деген принципти әмелге асырыў;
киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликти кең раўажландырыў ушын қолай исбилерменлик орталығын жаратыў, исбилерменлик структураларының искерлигине мәмлекет, қадағалаў ҳәм ҳуқықты қәўипсизлик етиўши органлардың нызамға қарсы араласыўын қатаң алдын алыў;
мәмлекет мүлкин меншиклестириў тәртип-дәстүрлерди және де кеңейтиў ҳәм әпиўайыластырыў, хожалық жургизиўши субъектлердиң устав фондларында мәмлекет қатнасыўын кемейтиў, мәмлекет мүлкиниң меншиклестирилген объектлердиң базасында жеке исбилерменликти раўажландырыў ушын қолай шәрт-шәраятларды жаратыў;
корпоратыв басқарыўдың заманагөй стандартлар ҳәм усылларды енгизиў, кәрханаларды стратегиялық басқарыўда акционерлердиң ролин күшейтиў;
исбилерменлик субъектлериниң инженерлик тармақларына жалғаныў тәртип-дәстүрлер механизмлерди жетилистириў ҳәм әпиўайыластырыў;
мәмлекетти социаллық-экономикалық раўажланыўды тәртипке салыўда мәмлекет қатнасыўын кемейтиў, мәмлекет басқарыўы системасын децентрализациялаў ҳәм демократияластырыў, мәмлекет-жеке шерикликти кеңейтиў, мәмлекетлик емес, жәмийетлик шөлкемлер ҳәм өзин өзи басқарыў шөлкемлериниң ролин асырыў;

Download 112.5 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   10




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling