Жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес үстин туратуғын бағдарлары бойынша ҲӘрекетлер стратегиясы


Басқарыў, жынаят, пуқаралық ҳәм хожалық нызамшылығын жетилистириў


Download 112.5 Kb.
bet3/10
Sana30.04.2023
Hajmi112.5 Kb.
#1402723
1   2   3   4   5   6   7   8   9   10
Bog'liq
(ПП № 4947 07.02.2017)

2.3. Басқарыў, жынаят, пуқаралық ҳәм хожалық нызамшылығын жетилистириў:
жынаят ҳәм жынаят-процессуал нызамшылығын жетилистириў ҳәм либералластырыў, айрықша жынайый қылмысларды декриминалластырыў, жынаятлы жазалар ҳәм оларды атқарылыў тәртибин инсанпәрўарластырыў;
әдил судлаўды әмелге асырыў нәтийжелилиги ҳәм сапасын асырыў, басқарыў, жынаят, пуқаралық ҳәм хожалық суд жумыс жүритиўдиң процессуал тийкарларын жетилистириў;
жынаят, пуқаралық ҳәм хожалық жумысларын көрип шығыў режимин жетилистириў, бир бирин тәкирарлайтуғын кепиллик ҳәм инстанцияларды кемейтиў;
электрон суд жумыс жүритиўи ҳәм атқарыў жумысы жүритиўиниң заманагөй форма ҳәм усылларын енгизиў.
2.4. Айыпкерликке қарсы гүресиў ҳәм ҳуқық бузыўлардың алдын алыў системасын жетилистириў:
айыпкерликке қарсы гүресиў ҳәм ҳуқық бузыўлардың алдын алыў бойынша искерликти муўапықластырыўдың нәтийжелилигин асырыў;
диний экстремизм, терроризм ҳәм шөлкемлескен айыпкерликтиң басқа формаларына қарсы гүресиў бойынша шөлкемлестирилген-әмелий шараларды және де күшейтиў;
коррупцияға қарсы гүресиўдиң шөлкемлестирилген-ҳуқықый механизмлерин жетилистириў ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў илажларының нәтийжелилигин асырыў;
халықтың ҳуқықый мәденияты ҳәм ҳуқықый санасын асырыў, буған байланыслы илажларды әмелге асырыўда мәмлекет структураларының пуқаралық жәмийети институтлары, ғалаба хабар қураллары менен өз-ара нәтийжели шериклигин шөлкемлестириў.
2.5. Суд-ҳуқық системасында нызамлылықты және де беккемлеў:
ҳуқықты қәўипсизлик етиўши ҳәм қадағалаўшы органлар жумысын нәтийжели жойбарлаў және оның нәтийжелерин анализ қылыў, системалы ҳуқықбузарлықларды анықлаў ҳәм де олардың себеп ҳәм шәрт-шәраятларын сапластырыў;
суд, ҳуқықты қәўипсизлик етиўши ҳәм қадағалаўшы органлар хызметкерлерин оқытыў, таңлаў, таярлаў, қайта таярлаў ҳәм маманлығын асырыў, ротация қылыў системасын жетилистириў;
ҳуқықты қәўипсизлик етиўши ҳәм қадағалаўшы органлар хызметкерлери арасында ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў, профилактика қылыў ҳәм сапластырыў бойынша мекемелик қадағалаўдың заманагөй механизмлерин енгизиў;
ҳуқықты қәўипсизлик етиўши ҳәм қадағалаўшы органлар искерлиги үстинен жәмийетшилик қадағалаўы механизмлери нәтийжелилигин асырыў, пуқаралардың ҳуқықты қорғаў системасына болған исенимин беккемлеў.

Download 112.5 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   10




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling