Жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес үстин туратуғын бағдарлары бойынша ҲӘрекетлер стратегиясы


Илим ҳәм билимди саласын раўажландырыў


Download 112.5 Kb.
bet8/10
Sana30.04.2023
Hajmi112.5 Kb.
#1402723
1   2   3   4   5   6   7   8   9   10
Bog'liq
(ПП № 4947 07.02.2017)

4. 4. Илим ҳәм билимди саласын раўажландырыў :
үзликсиз билим системасын және де жетилистириў жолын даўам еттириў, сапалы билим хызметлерине мүмкиншиликлерди асырыў, мийнет базарының заманагөй мүтәжликлерине муўапық жоқары маман кадрларды таярлаў;
билимлендириў мәкемелерин қурыў, реконструкциялаў, капитал ремонтлаў, оларды заманагөй оқыў ҳәм лаборатория үскенелери, компъютер техникасы ҳәм оқыў-методикалық қолланбалар менен үскенелеў бойынша ислерди әмелге асырыў арқалы олардың материаллық-техникалық базасын беккемлеў майданынан анық мақсетке қаратылған илажларды көриў;
балалар мектепке шекем билимлендириў мәкемелери тармағын кеңейтиў, балалардың ҳәр тәреплеме интеллектуаллық, эстетикалық ҳәм физикалық раўажланыўы ушын мектепке шекем билимлендириў мәкемелериндеги шәрт-шәраятларды түптен жақсылаў, балалардың мектепке шекем билим менен қамтып алыныўын салмақлы асырыў және оның қолайлығын тәмийинлеў, педагог ҳәм қәнигелердиң илмий тәжрийбе дәрежесин көтериў;
улыўма орта билим бериў сапасын түптен асырыў, шет тиллер, информатика, математика, физика, химия, биология сыяқлы басқа зәрүрли ҳәм талап жоқары болған предметлерди тереңлестирилген тәризде үйрениў;
балаларды спорт пенен ғалабалық тәризде шуғылланыўға тартыў, оларды музыка ҳәм көркем өнер әлеми менен бөлеў мақсетинде жаңа балалар спорты объектлерин, балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеплерин қурыў, барларын реконструкциялаў;
кәсип-өнер колледжлери оқыўшыларын базар экономикасы ҳәм жумыс беретуғынлардың мүтәжликлерине жуўап беретуғын қәнигеликлер бойынша таярлаў ҳәм де жумысқа жайластырыў бойынша ислерди жетилистириў;
билим бериў ҳәм оқытыў сапасын баҳалаўдың халық аралық стандартларын енгизиў тийкарында жоқары билимлендириў мәкемелери искерлигиниң сапасы ҳәм де нәтийжелилигин асырыў, жоқары билимлендириў мәкемелерине қабыл квоталарын басқышпа-басқыш көбейтиў;
илим-изертлеў ҳәм инновация искерлигин хошаметлеў, илим ҳәм инновация жетискенликлерин әмелиятқа енгизиўдиң нәтийжели механизмлерин жаратыў, жоқары оқыў орынлары ҳәм илим-изертлеў институтлары жанында қәнигелестирилген илимий-экспериментал лабораториялар, жоқары технология орайлары ҳәм технопарклерди шөлкемлестириў.

Download 112.5 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   10




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling