Жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес үстин туратуғын бағдарлары бойынша ҲӘрекетлер стратегиясы


Жәмийетшилик басқарыўы системасын жетилистириў


Download 112.5 Kb.
bet2/10
Sana30.04.2023
Hajmi112.5 Kb.
#1402723
1   2   3   4   5   6   7   8   9   10
Bog'liq
(ПП № 4947 07.02.2017)

1.3. Жәмийетшилик басқарыўы системасын жетилистириў:
халық пенен нәтийжели байланыс механизмлерин енгизиў;
жәмийетшилик қадағалаўын әмелге асырыўдың заманагөй формаларын раўажландырыў, социал шерикликтиң нәтийжесин асырыў;
пуқаралық жәмийети институтларын раўажландырыў, олардың социал ҳәм сиясий активлигин асырыў;
мәҳелле институтының жәмийет басқарыўындағы орны ҳәм искерлигиниң нәтийжелилигин асырыў;
ғалаба хабар қуралларының ролин күшейтиў, журналистлердиң профессионал искерлигин қорғаў.
II. Нызам үстинлигин тәмийинлеў ҳәм суд-ҳуқық системасын және де реформалаўдың тийкарғы бағдарлары
2.1. Суд ҳәкимиятының анық ғәрезсизлигин тәмийинлеў, судтың орнын асырыў, суд системасын демократияластырыў ҳәм жетилистириў:
судъялар ҳәм суд аппараты хызметкерлериниң позициясын, материаллық хошаметлеў және социал тәмийинлеў дәрежесин асырыў, судтың материаллық-техникалық базасын беккемлеў;
судьяларға ғайрынызам тәризде тәсир өткериўге жол қоймаў бойынша тәсирли шаралар көриў;
судтың ғәрезсизлиги ҳәм қалыслығы, суд процесси тәреплериниң тартысы ҳәм тең ҳақылығы принциплерин ҳәр тәреплеме қолланыў;
«Хабеас корпус» институтын қоллаў саласын кеңейтиў, тергеў үстинен суд қадағалаўын күшейтиў;
судты және де қәнигеликлестириў, суд аппаратын беккемлеў;
суд искерлигине заманагөй информацион-коммуникация технологияларын енгизиў.
2.2. Пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин исенимли қорғаў кепилликлерин тәмийинлеў:
пуқаралардың шақырыўларын ўақытында шешиў, шақырыўларды көрип шығыўда былықта, кеңсепазлық ҳәм бийпарық қатнасықта болыў жағдайларына жол қойғанлық ушын жуўапкерликтиң анықлығын тәмийинлеў, соның менен бирге, бузылған ҳуқықларды қайта тиклеўдиң барлық зәрүр илажларын көриў;
суд, ҳуқықты қәўипсизлик етиўши ҳәм қадағалаўшы органлар искерлигинде пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин исенимли қорғаў кепилликлерин тәмийинлеў;
пуқараларына жеке мүлкке болған ҳуқықларын әмелге асырыў кепилликлерин беккемлеў;
пуқаралардың әдил судлаўға тосқынлықсыз жетиўин тәмийинлеў;
суд ҳүжжетлери ҳәм басқа органлар ҳүжжетлери атқарыўы нәтийжелилигин асырыў.

Download 112.5 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   10




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling