Жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес үстин туратуғын бағдарлары бойынша ҲӘрекетлер стратегиясы


Жасларға тийисли мәмлекет сиясатын жетилистириў


Download 112.5 Kb.
bet9/10
Sana30.04.2023
Hajmi112.5 Kb.
#1402723
1   2   3   4   5   6   7   8   9   10
Bog'liq
(ПП № 4947 07.02.2017)

4. 5. Жасларға тийисли мәмлекет сиясатын жетилистириў:
физикалық саламат, психикалық ҳәм интеллектуаллық раўажланған, өзбетинше пикир жүритетуғын, қатаң турмыслық көз қарасына ийе, Ўатанға садық жасларды тәрбиялаў, демократиялық реформаларды тереңлестириў ҳәм пуқаралық жәмийетин раўажландырыў процессинде олардың социал активлигин асырыў;
орта арнаўлы, кәсип-өнер ҳәм жоқары билимлендириў мәкемелери питкериўшилерин жумысқа жайластырыў ҳәм де жеке исбилерменлик тараўына тартыў;
жас өспиримлердиң дөретиўшилик ҳәм интеллектуаллық потенциалын қоллап-қуўатлаў ҳәм де әмелге асырыў, балалар ҳәм жаслар ортасында саламат турмыс тәризин қәлиплестириў, оларды дене тәрбиясы ҳәм спортқа кең қосыў;
жасларды социаллық қорғаў, жас шаңарақлар ушын мүнәсип турақ-жай және социал-мәдений шәрт-шәраятлар жаратыў;
жасларға тийисли мәмлекет сиясатын әмелге асырыўда мәмлекет ҳәкимияты ҳәм басқарыў шөлкемлери, билимлендириў мәкемелери, жаслар ҳәм басқа шөлкемлердиң нәтийжели искерлигин шөлкемлестириў.
V. Қәўипсизлик, диний толерантлық ҳәм миллетлер аралық татыўлықты тәмийинлеў ҳәм де терең ойланған, өз-ара мәпли ҳәм әмелий сыртқы сиясат саласындағы тийкарғы бағдарлар
5. 1. Қәўипсизлик, диний толерантлық ҳәм миллетлер аралық татыўлықты тәмийинлеў саласындағы үстин туратуғын жөнелислер:
Өзбекстан Республикасының конституциялық басқарыў принципи, суверенитет, аймақлық пүтинлигин қорғаў;
информация қәўипсизлигин тәмийинлеў ҳәм информацияны қорғаў системасын жетилистириў, информация саласындағы тосқынлықларға өз ўақтында ҳәм сәйкес түрде қарсы ҳәрекетлерди шөлкемлестириў;
пуқаралық, миллетлер ҳәм конфессиялар аралық тынышлық ҳәм татыўлықты беккемлеў;
мәмлекеттиң қорғаныў потенциалын беккемлеў, Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлериниң жаўынгер қүдирети ҳәм қәбилетин асырыў;
әтирап-тәбий орталық, халық ден саўлығын ҳәм генофондына зыян жеткизиўши экологиялық машқалалардың алдын алыў;
айрықша жағдайлардың алдын алыў ҳәм сапластырыў системасын жетилистириў.

Download 112.5 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   10




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling