Бердақ атындағЫ Қарақалпақ МӘмлекетлик университети


Download 404.5 Kb.
bet7/13
Sana23.02.2023
Hajmi404.5 Kb.
#1223905
1   2   3   4   5   6   7   8   9   10   ...   13
Bog'liq
Шыгыс Устурт естеликлери

Моншақлы естелиги. Бул естелик 1960-жылы А.В. Гудкова, В.Н. Ягодин тәрепинен изертленеди. Ол Шоманай қонысынан туслик-батыста 9 км қашықлықта жайласқан. Оның әтрапы тегислик болып, қала орны бийк төбешик тәризли орналасқан. Естеликтиң улыума майданы 20 га. Дийўаллары қулаған қайшы туринде сақланған. Оның шығыс, түслик, батыс муйешлери башня-минар менен беккемленген.
Бул естеликте терең ор-қәндек пенен өз уақтында қоршалған. Шығыс тарепте каналлар орны билинеди. Батыс тәрепте болса бир-неше төбешиклердиң орны сақланған. Олардың Үлкен бир орны цитадель орны деп болжанады. Улыума булл орынларда Үлкен жай қурлыслары орналасқан, олар пискен гербиштен тикленеди.
Цитаделдиң шығыс тәрепинде Үлкен тобе болып онда 3 м. ойылған орын билинеди, бул жерде диаметри 18 м. болған минарет болған деген болжам бар.
Естеликте, оның әтрапларында жыйналған материаллар XIII-XI –әсирлерге тийисли болып, олар усы заманға сай керамика үлгилеринен турады.
В.Н. Ягодин тәрепинен бул естеликте минаретке шығысқа 20 м. жерден көлеми 2х1 м шурф қойылған. Ол жердеги мәденийий қатлам 2 м тереңликке жетеди. Ондағы табылмалар IX-XI, XIII, XIII-XIV әсирлер менен сәнеленеди. Яғный бул естелик усы әсирлерде жасап турған1.
Бул керамикалық материаллар хум, гузе, табақ, т.б ыдыс турлери болып есапланылады. Солай етип Моншақлы естелиги Хорезмниң IX-XI, XIII-әсир XIII-XIV–әсирлерде жасаған қалаларының бири болған. Қала әлбетте егиншилик орайы болған. Онда өнерементшилик те рауажланған, бул ҳақкында қала әтрапы, ишинде ушрасқан темир қалдығы, куйген керамика өними т.б. дерек береди.
Естеликти В.Н. Ягодин Ибн Русте китабында жазылған Варгада аўылы менен сәйкеслейди.
Шоманай әтрапындағы және бир естелик бул Қалалық мәнзили. Естелик Кетенлерден 12 км арқада жайласқан археологиялық обьект Ол Үстирттиң томенги басқышында қумлы далада жайласқан, онын территориясы егислик ушын суриулер ўақтында бүлинген.
Планы бойынша туўры емес төрт муйешликтен турады. Арқа муйеши бапшня менен беккемленген, басқа муйешлеринде башня орынлары анықланбаған. Естеликтиң улыума майданы 23 га. Қала ишинде туслик-батыс дийўалға жақын майданы 2 га болған цитадель жайласқан. Ол жоба бойынша бес муйешли. Онда муйешлерде қорғаныу башня-минарларының орнылары билинеди.
Буннан басқа естеликтиң арқа-шығысында ески канал орны анықланған.
Қала аймағында кишкене шурф қойылган, онда XII-XIII –әә. тийсли жергиликли керамика улгилери ушрасқан. Улыума естелик хорезмшахлар заманы менен сайкесленеди.
Алтын Орда дәўири естеликлеринин ишинде Үлкен кызыгыушылык туудыратугын естеликлер бул мәдений оазислердиң шетинде жайласқан қалалар болып, олар кошпелилер менен сауда байланысларында Үлкен роль ойнады. Усындай қалалар катарына 1947–жылы ХАЭЭ тэрепинен ашып изертленилген Шемаха – қала болып табылады2. Шемаха – қала естелиги Гоне – Ургенчтен 50 км батыста Устирт тегислигинин туслик жагасында жайласкан. Бул қала 30 га. колемди ийелеген, көп муйешлик планыңда. С. П. Толстов пикиринше естеликтин тийкарын ерте орта эсирлердеги қала – корган курайды, буны дийуал ҳәм Үлкен башня калдыклары дэлиллейди. Қала орайы тыгыз жайласкан квартал болып бул бай адамлардын уйлери болган. Ишки корганыу дийуалы усы кварталга тийисли болган. Усы жерде қаланың бас мечети калдыклары жайласкан. Бул кен хэйуаннан ибарат болып, ол колонналар менен турган. Шемаха – қаланың ишине кириу қаланың бас көшесине алып шығатуғын қала дэруазасы аркалы болган. Қала шетинде өнерментшилик кварталлары жайласкан. Бул хаккында бул жерлердеги щлак уйиндилер хабар береди. Түслик бөлиминде гүлалшылык устаханалары жайласкан. Естеликтин арка – батысында металлурглар кварталы аныкланды; бул жерден Темир бөлеклери ҳәм қәлиплер табылды. Буннан баска қалада шийше соғыушы устаханаларда болган. Бул жөнинде табылган шийше материаллары мағлыумат береди. Қаланың арка – батыс болегинде екинши мешиттиң қалдыклары табылған.
XIII – XIV әсирлерде қала Үлкен гуллениў дәуирде қала шетлеринде корганыў дийуалларына ийе емес коныслар пайда болады, бул коныслар көлеми монголлар дәўирине шекемги қала көлеминен үлкен.
Шемаха – қала естелигинин материаллык калдыклары менен танысыў оның Алтын Орда дәўиринде қала курылысларының, хожалыгының, онерментшилик ҳәм сауданың бир канша өскенлигин, экономикалық байланысларының тек Алтын Орда аймағы менен шекленип калмаганлыгын корсетеди. Бул табылған Иран Люстра ыдыслары, Китай Сун дәўири кобалть ҳәм фарфор ыдыслар дәлиллейди. Қаланың осиуине бир қанша факторлар себебши болды, бул қаланың Хорезмнен Волга бойына баратуғын саўда жолында жайласыуы болса, екинши тәрептен қала көшпелилер менен саўда орайына айланды.
Шемаха қалаГөне Ургенчтен 50 км батыс тәрепте Ташаўыз ўәлаяты аймағында көшпелилер менен шегаралас. Ол көп мүйешли формада қурылған, улыўма майданы 30 га. Қаланың ишки дүзилиси ҳәм қорғаныў системасын үйрениў ислери алып барылмаған. Бизлердиң пикиримизше, Шемахақаланың қурылысы әййемги дәўирге тийисли болып, Хорезмшаҳлар дәўиринде экономикалық-мәдений раўажланған. Хорезмшаҳлар дәўиринде қала қорғаныў дийўал менен орап алынып, туўры мүйешли буржға ийе болған. Батыс-арқада, ерте орта асир Хорезм қалаларының бири бул Шемаха қала. Ол Үстирттиң шығысында, Куня Ургенчтин батысында 50 км жерде жайласқан. Бул қала биринши мәртебе, Хорезм экспедициясы тәрепинен 1947 жыл табылған ҳәм изертленген. 1948-жылдың жазында ХАЭЭ Толстов басшылығында ол жерде ол жерде қазылма жумыслар алып барылған ҳәм оның пикиринше бул қала орта эсир жазба дереклеринде Терсек атамасы менен көрсетилген.
Өзиниң жайласыўы бойынша қала тең еки бөлекке болинген. Оның бир болегинде туўры мүйеште бир-бири менен кесискен көшелерден ҳәм ортасында турған мешиттен ибарат болып, Орта Азияның орта әсирлердеги қалаларына уқсас болып келген.
Дәслебинде ерте орта асирдеги қала беккем дийўал менен қоршалған. Дийўалында жарты минаралар болған. Дийўал әлле қашан-ақ қыйратылған болып, оның тек дийўалдағы минаралары өзиниң дәслепки бийиклигинде сақланып қалған.
Шемаха қаланың екинши, шетки бөлегиндеги қурылысты керисинше алып бармаған, ол шамасы стихиялық түрде салынған ҳәм беккемленбеген болған ҳәм Алтын Орда дәўириниң қалаларына уқсас белгини билдиреди. Изертлеўшилердиң пикиринше Алтын Орда мәмлекети қаланың қәўипсизлигин тәмийинлеген, сол ушында қала дийўаллары өзиниң тийкарғы қорған ролин жойытқан ҳәм оны қайта тиклемеген.
Қазылма жумыс ўақтында табылған затлардың көпшилиги керамикадан ибарат. Өз сапасы бойынша бир неше группаға болинеди. Биринши группаға бир реңдеги менен сырлаған ыдыс фрагментлери, жасыл ыдыслар, (гейде олар графировка менен безелген болсада) реңсиз, тойғын сарғыш, қоңыр ҳәм жасыл менен, жасыллаў ангаллы, ыдыс фрагментлери киреди. Басқа группада керамика көплеп ушырасады.
Буннан басқа Шемаха-қаласынан табылған материаллар арасында Қытайдан келтирилген ыдыслар фрагментлери ҳәм иран фаянслары ушырасады.
Хорезм экспедициясы тәрепинен Шемаха қаласының изертлениўи, оның ерте орта асирлерден ақ арқа Хорезмдеги ең ири саўда ҳәм өнерментшилик орайының бири болғанлығын белгилеп берди. Атап айтқанда С.П.Толстов ХХ-әсирдиң 50-жыллары Ақ «Оның негизинде ерте орта әсирдеги қала-қорған жатыр, ол бир ўақытлары туры муйешли башня-минар ҳәм дийўаллар менен қоршалған» - деп жазады1. Ол жерде керамикалық, темир басқа өнерментшилик қалдықлары бар өндирислик кварталлар табылған. Шемаха қаласы тек Хорезмшахлар мәмлекети аймағындағы емес, ал Орта Азия, Иран, Алыс Шығыс мәмлекетлери х.б. менен саўда қатнасықларын алып барған. Буны сол қалашадан табылған Қытай селадонлары ҳәм Иран ыдыслары гуўалық береди.
Даўкескен (Ўазир)Гөне Ургенчтен 60 км арқа-батыс тәрепте жайласқан. Жобаластырылыўы туўры мүйеш формада Шығыс дийўал узынлығы 230 м, арқа тәрепи болса 620 м. Естеликтиң түслик-батыс тәрепи терең жарлық пенен орап алынып, қалған еки тәреплерин қорғаныў дийўалы орап алған. Қала дәрўазасы шығыс дийўал ортасында жайласып, туўры мүйешли қурамалы дәрўаза алдында қурылыс пенен беккемленген болып, оның көлеми 10,5х12,5 м. шығыс ҳәм арқа дийўал жақыныңан қәндек өткен, кеңлиги 10 м, тереңлиги 2-3 м, қорғаныў дийўалы, өз нәўбетинде туўры мүйешли буржлар менен күшейттирилген (жәми 15). Буржлар ортасындағы аралық 25-27 м. Қорғаныў дийўалы мүйешинде төрт тәрепи тең бурж қурылған. Қаланың түслик-батыс мүйешинде арк жайласқан, көлеми 100х75 м.
Хорезмниң ерте орта әсир қалаларының Уллы Жипек жолы бойындағы жайласыуы, олардың өнерментшилик тараулары, сауда катнаслары ҳаққында мағлыўматлар топланды.
Соған қарамай орта әсир дәўириниң археологиялық естеликлери аз изертленген. Буның барлығы усы бизиң бақалавр қәнийгелик жумысының мақсети ҳәм ўазыйпасын белгилеп береди. Бул жумыс ерте орта әсир дәўириндеги Хорезмниң арқа-батыс жерлери қалаларының тарийхын, мәдениятын изертлеўге қаратылған. Бунда ерте орта әсирлердеги Хорезм қалаларының сауда катнаслары тарийхын сәўлелендириў сыяқлы ўазыйпа қойылған.
Бул изертлеулер орта әсир Хорезм қалаларының кәлиплесиу жагдайлары менен бирге олардын рауажланыу баскышларын аныклауга жэрдемлеседи. Атап айтканда Хорезм қалаларын африглер, хорезмшахлар ҳәм Алтын Орда дәўири деп болип, олардың Жипек Жолы менен байланысын үйрениўимиз мумкин.
Әййемги Хорезмниң аймақларындағы археологиялық изертлеў жумыслары урыс жылларынан кейин кең ен жайды. Бул ўақыт ишинде жүзлеген қалалар, мазарлар, қоныслар, архитектуралық қурылыслар изертленген. Жыйналған ҳәм үйренип шығылған материаллар Әмиўдәрьяьяның төменги жағалаўының ески тарийхының көпшилик машқалаларын, атап айтқанда оның хронологиясын, жәмийетлик дүзимин, хожалығын, мәдениятын ҳәм басқа ўәлаятлар менен Жипек Жолы аркалы жүргизилген сауда байланысын изертлеў сыяқлы машқалаларды шешип берди1.
Соңғы ўақытлары бул изертлеўлер Өзбекстан Илимлер Академиясы Қарақалпақстан бөлими археологлары тәрепинен 50 жылдан берли даўам етилип атыр (1959-2019).
Усы жыллар даўамында бул илимий макемелер тәрепинен шолкемлестирилген экспедициялар тәрепинен антик дәўирден соңғы орта әсирлерге шекемги дәўирдеги қала мәденийияты естеликлери изертленди. Бул изертлеулер жуўмақлары С.П.Толстов тарепинен үйренилип биринши мәрте алдыңғы жуумақлар менен тәртиплестирилген1.
Орта Азия ҳәм Шығыс Европаның мәдений ҳәм экономикалық раўажланыўында әҳмийетли орын тутқан Хорезм Әмиўдәрьяьяның куяр жеринде, томенги алабында жайласкан. Жазба дереклер бойынша Хорезм ҳәм археологиялық жақтан орта эсирлердеги Хорезмнин Жипек жолындагы әхмийети аз изертленген.2
Изертлеушилер жазба дереклердиң аз екенин атап өтеди. Шыныңда да, жазба дереклерде ерте орта әсир Хорезм аймағы ҳаққында сөз аз айтылған. Бирақ археологиялық материаллар анализи Шемаха, Миздахқан, Кердер қаласының (Хайўан қала) тағы басқалардың ерте орта әсир дәўиринен қоныс болғанлығын көрсетеди.
Киши Айбүйир қала. Бул естелик Баққал кала аты менен де белгили. Ол Айбуйир (Калыгумбез) башнясынан 23,5 км қашықлықта Үстирт террасасында жайласқан.
Естеликтиң майданы 19 х 16, 5 м., 3.? М бийкликтеги, ени 1,90 х 2,04 м. пахса менен тикленген. Оган сондайақ Үстирт ракушечниги – таста қосылған. Оның муйешлеринде доңгелек формадағы минарлар бар. Оның төменги диаметри 4, 7 м. Кириў аўзы 0,95 м, туслик-шығыс дийўалдың арасында, ол пилон менен беккемленген.
Естеликтиң ишинде бир-неше болмелер болған, олардың екеуи қазып көрилген.
Орта әсирлердеги Үлкен Айбүйир қала. Шоманайдан арқа-батыста жайласқан. Жергиликли халық арасында Жампық қала аты менен мәлим. Хорезм археология-этнография экспедициясы хызметкерлери тәрепинен естеликтиң улыўма көриниси сүўретке түсирилген, планы сызылған, бирақ археологик қазыў ислери алып барылмаған. Археолог Е.Б.Бижанов археологик бақлаў ислерин алып барып, алынған материаллар тийкарында естеликтиң дәслепки тарийхы ҳаққында илимий мағлыўматларды жәриялайды. Бирақ оның пикирлери қате болғаны соңынан дәлилленди. Естелик туўры мүйешликке жақын формада қурылған болып, шығыстан батысқа қарап созылған. Қаланың улыўма майданы 10 га. Естелик әййемги қорғаныў дийўалы менен қоршап алынып, дийўал естеликтиң 3 тәрепинде сақланып қалған. Шығыс дийўал узынлығы 120 м, арқа бөлиминдеги дийўал 412 м, батыс дийўал болса 260 м. Шығыс ҳәм батыс дийўалдың төменги бөлиминде пахса дийўал бар болып, оның бийиклиги 6,1 м. Арқа ҳәм батыс тәрептеги дийўалда айлана бурж жайласқан болып, дийўалдың алды тәрепке өсип шығыўшы 5-6 м, олар ортасындағы аралық 48-53 м. Естеликтиң батыс дийўалы ортасында дәрўаза жайласқан болып, дәрўаза алды қурамалы лабиринт пенен беккемленген. Естелик қорғаныў дийўалы дүзилисин үйрениў ислери 6,5 м майданда алып барылған. Бизге шекем сақланған дийўал бийиклиги 1 м, сыртқы дийўалдан 3,92 м узақлықта қосымша дийўал қурылған. Оның бийиклиги 1,2 м кеңлиги 1 м. Дийўал тас плита ҳәм қам гербиштен тикленген (40х42х9х3 см). Қорғаныў дийўалы ҳәм қосымша дийўал ортасы топырақлар менен толтырылған. Батыс ҳәм арқа тәрептеги дийўалларда изертлеў ислери алып барылды, нәтийжеде бир-бирин тәкирарлайтуғын дийўал ҳәм қосымша дийўал үйренилди. Естелик қорғаныў дийўалының төменги бөлими пахсадан тикленген. Естеликте алып барылған археологик қазыў ислери нәтийжесинде алынған материалларға қарап естеликтиң қорғаныў дийўалы III қурылыс дәўирден ибарат екенлиги анықланды1.
Минар – башнялар (сигнальные башни- қарауыл төбелер). Шоманай әтрапында бир – неше ауыл қоныслары ҳәм Үстирт чинклары бойлап минарлар қурылған. Олар белгили бир – қашықлықта, Үстирттиң айланба тумсықларында алыстан коринеди. Усыған тийкарланып оларды қарауыл төбелер, яки сигнальные башни депте айтады.
Айбуйир тумсығындағы минар – башня. Чинк шетине жайласқан минар кесилгн конус тәризли формаға ийе. Томенги диаметри 9 м, бийклиги 7, 1 м. Ол Үлкен көлемдеги ракушечник типиндеги таслардан тикленген. Плиталар көлеми 0,65 х 0, 70 х 0, 26 м. Оннан басқа 0, 22; 0, 35; 0, 42 м х 0, 20 м көлемдеги майда тас плиталарыда ушрасқан. МИнар ишинде камера орын жоқ.
1952-жылы минарды изертлеген Ю.А. Рапопорт башняның жоқарғы тәрепи 26 х 26 х 5 см көлемдеги пискен гербиштен қурылған деген пикир жазып қалдырған. Оның 7 қатары сақланған, кейин олар бузылған, башня әтрапында 26-25, 28 х 30 х 25, 28 х 30 х 5-6 см көлемдеги пискен гербиш қалдықлары ушрасқан. Бул жерде топланған археологиялық материаллар: сур иреңли керамика гузелерге тийсли болып олар IX-X әсирлер менен сәнеленеди1.
Функционаллық жақтан бул минар Үлкен Айбуйир қала манзили менен байланыста, яғный ол арқалы қала турғынларына бағдар маяк т.б. хызметин атқарған.
Айбуйир қала башнясынан басқа усы әтрапта Қасқажол, Калалық естелигиниң жанында анықланған.
Шоманай районы аймағындағы естеликлер тарийхы жаңа дәўир менен де дауам етеди. Изертлеушилер өз ўақтында Шоманай әтрапында елат ҳәм урыўлардың жайласыўын изертлеген. Олардың болжамларына қарағанда бул әтрапта қоңырат, нөкис ҳәм ашамайлы, қыятлар жасап келген. Олардың естеликлери Орын даряның жағасында ҳәзирги Дийханабат, Майлы өзек бойларында Қалалық қорғаны, Бала әўлийе естеликлери болады. Сондай ақ Орындәрья бойларында Кетен кала қалиплескен. Ол С.П. Толстов, В.Н. Ягодин пикири бойынша ол көп қабатлы естелик.
XVIII-XIX әсирлерде қарақалпақлардың баслы ўрыўлары Әмиўдәрьяның төменги алабынан суў алған Орын дәрьяның дөгерегинде жайласқан. Олар тәрепинен қурылған қорган ҳәм қалалықлары қалашалары Кетен қала, Моншақлы, Қалалық, Жәменей, Жаңа қала, Яқыпбай қала т.б болып есапланады1.
Солардын катарында А. Мусаев атындағы ДФХ Кият жарған бөлиминдеги Жаңа қала қорғаны есапланады. Қорған пахса дийўалдан тикленип бир – неше бөлмелерден турады. Жаңа қала екеу, будан басқа Қоңырат тәрептеде болған.
Шоманайдағы жаңа дәўирдиң Жана каласы Хиуа, Қоңырат елаты сауда, экономикалық қатнасларына байланыслы қурылған. Естелик Хиуа хроникасы, саяхатшы ҳәм этнограф изертлеўшилер мийнетлеринде ушрасады.
Бап бойынша жуумақлар: Улыума бул изертлеулер жуумақлары- ерте орта әсирден ақ арқа – батыс Қарақалпақстанның Шоманай районы әтрапындағы жерлерде қала мәденийияты раўажлана баслағаның көрсетеди.
Бирақ Шоманай районы әтрапындағы жерлерде қала мәденийияты жөниндеги изертлеулер жуумағы елеге деийн улыумаластырылмаған.
Қалалардан табылған материаллық мәденийият улгилери арнаулы изертленбеди.

Download 404.5 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   10   ...   13




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling