Бердақ атындағЫ Қарақалпақ МӘмлекетлик университети


II-Бап. В.Н. Ягодинниң Үстирттиң түслик шығыс бөлими естеликлерин изертлеўлери


Download 404.5 Kb.
bet4/13
Sana23.02.2023
Hajmi404.5 Kb.
#1223905
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   13
Bog'liq
Шыгыс Устурт естеликлери

II-Бап. В.Н. Ягодинниң Үстирттиң түслик шығыс бөлими естеликлерин изертлеўлери
2.1. Топырақ-қала, Томар қала естеликлерин изертлеўлери
1946 жылы Топырақ-қала естелигиниң археологиялық планы Хорезм Археологиялық Этнографиялық экспедициясы тәрепинен тәрепинен картаға алынады, разведкалык ҳәм бақлаў түриндеги изертлеўлер жүргизиледи.түсириледи естеликке қыскаша анықлама жазылады1.
Қалаша 1959-1960 жыллары В.Н.Ягодин басшылығындағы Өзбекстан Илимлер Академиясының Қарақалпақстан Тарийх, тил ҳәм әдебияты институтының шеп жағалық филиалының археологиялық экспедициясы изертленеди схемалық планы сызылған. Естеликке характеристика жазылған ҳәм оннан архологиялық материаллар жыйналған. Онда естелик Қоңырат қаласынан 13-14 шакырым түслик-батыста жайласқанлығы жазылады2.
Қалаша онша бийик емес төбешиктиң үстине төрт мүйешли планда майданы 120х100м етип салынған. Оны қоршаған дийўаллары үлкен ҳәм бийик вал формасында. Естеликтиң дәрўазасы оның қубла дийўалының ортанғы бөлиминде жайласқан. Оның ишки бөлиминде, қубла қорғаныў дийўалына жақын жерде үлкен қурылыс болған деп көрсетеди.
Қорғанның дийўалының төрт тәрепинен яғный сыртқы тәрепинен қәндек пенен қоршалған болған.
Естеликте үш траншея қазылған. Соннан 1-траншея естеликтиң арқадағы қорғаныў дийўалын кескенлиги мәлим. Оннан Топрақ-қаланың қорғаныў дийўалын үлкен пахсадан үлкен етип салынып, оның сыртқы тәрепи тик жар қәлпинде исленип қорған дийўалдың алдындағы терең қәндекке тутасады. Буннан басқа, ишки вертикал платформаға усындай пахсадан исленген қорған дийўал қурылган. Олардың арасындағы бослық қурылыс алдықлары менен толтырылған дейди. Қазылған туўры мүйешли шуқырдың түслик тәрепинен тағыда төрт мүйешли етип қазылған. Қазыўдың размери 100х100см болып мәдений қатламды қалыңлығы 1,4 м ге дейин кесип өтеди1.
№2 қазылманың узынлығы 3м ҳәм ени 1м болып түслик қорған дийўалдың түбине қәндекке салынған ҳәм материкке шекем жеткен. Оны қазыў ўақтында ақпай турған қәндектеги суўдың қалдығы ашылды.
№3 қазылма узынлығы 10 м ҳәм ени 1м болып ол қорғанның Түслик-батыс тәрепинен ең үлкен төбешикке салынған.
Қазыў нәтийжесинде бул жерден қам гербиштен қуралған қурылыстың қалдығы ашылды. Қурылыста көлеми 35х35х8см, 40х40х6см ҳәм 35х30х6см болған қам гербишлер менен өрилген дийўаллар табылды. Бундай қурылыстың қалдықлары қорғанның батыс тәрепиндеде ушырасады. Булардың ушырасыўы қорғанның әтирапында қорған дийўалсыз жайлардың болғанлығын көрсетеди. Қорғанның қасында IX-XI әсирлердеги суўғарыў тармақларының қалдықлары, әййемги атызлардың орны ушырасады.
Ол жерден табылған археологиялық материаллар қорғанның IX-XI ҳәм XII-XIV әсирлерде жасағанлығын өрсетеди. Қорған үлкен дийўал менен қоршалган әтирапында қорған дийўалсыз үйлер болған, суўғарыў тармақлары бар ҳәм атызлары жайласқан археологиялық естелик болып есапланды2.
Изертлеўшилер Топрақ-қала естелигин ерте орта әсирлердеги араб жазба мағлыўматларында ушырасатуғын жазба дереклерде Қуджаг деген адамлар жасайтуғын қорғанлы аўыл деп есаплайды3. Буннан биз Топрақ-қала естелигин изертлегенин билемиз.
Естелик мәдений зонаның шетинде тегисликтеги бөлиминде жайласқан. Оның жанында жақын арада дәрьяның терең дельтадағы руслосының өткенлигин жазады. Ол онша бийик емес сары ҳәм көк топырақтың үстине қурылған. Оның дийўаллары онша үлкен емес батпақлықтағы валға уқсайтуғынлығын бес мүйешли пландағы қурылысқа уқсайды. Онда қорғаныў минаралары анықлады. Естеликтиң дәрўазасы түслик тәрепинде ойлаў болып көринеди дейди. Оның улыўма майданы 300х300м² шамасында. Қорған дийўал менен қоршаган бөлими 125х105м шамасында екенлиги анықланды. Ишки бөлими тегисликке уқсайды, бирақта түсликтен арқаға қарай азлап пәсейеди. Оның арқа тәрепинде үлкен төрт мүйешли бийиклик бары жазылады. Ол изертлеўшиниң пикиринше үлкен қурылыстың қалдығы деп есаплайды1. Қалған жерлеринде қурылыстың қалдығын анықламағанлығы мәлим. Дерлик ишки бөлиминиң ҳәммесин мусылман қәбиристанлығы ийелейди деп жазады. Қорған дийўалдың сыртқы тәрепинен ҳәзирге дейин сақланған қәндек пенен қоршалған. Оның түсликтеги сыртқы тәрепинде онша үлкен емес ҳәр қыйлы размердеги төбешиклер бар.
Естеликтиң ҳәмме ишки тәрепи, бийикликтиң жанбаўырлары, олардың арасындағы жерлер реңли керамикалардың сынықлары, пискен гербиштиң қалдықлары менен характерленеди. Пискен гербишлердиң көлеми 20х20х4, 21х21х5 ҳәм 30х30х4 см ге тең. Исленген гербишлердиң қурамы онша мықлы емес ҳәм тез ыдырап кетеди. Естеликтен буннан басқада ганчтан исленген дийўалларды қаплайтуғын ҳәр түрли нағысы бар плиткалар табылған.
Естеликтиң жанбаўырларында, әсиресе арқа-батыстағы мүйешинде керамикалық ыдыслардың писирилиўде ериген ҳәм формалары бузылған қалдықлары көплеп ушырасады.
Изертлеўшилер тәрепинен үш жерден қазыў жумысларын апарған. №1 қазыў жумыслары қорғанда дийўалға жүргизилди. Онда дийўалдың пахсадан қурылып сыртқы тәрепинен тик жар қәлпинде естеликтиң қәндегине түскени анықланды. Ишки тәрепи дийўалдың тырнағынан баслап тик жар болып көтериледи. Екеўиниң ортасы тығыз етип қурылыс материаллары менен толтырылған. Солай етип қурылған қорған дийўалдың қалыңлығы 4м.
Қазылманың түслик тәрепинде, қорған дийўалдың қасында майданы 100х100 см болған турар тереңлиги 1,4 м қазылды. Ол мәдений қатламды кесип өтеди. Ол жерден еки мәдений қатлам анықланды. Олардың ортасында қурылыс қалдықлары бар. Хронологиялық айырмашылығын анықлай алмаған. ОЛ жерден табылған археологиялық материаллар XII-XIV әсирлерге тийисли екенлиги анықланады.1
№2 қазыў жумысларының майданы 3х1м² болып түсликтеги қорған дийўалдың қәндегинен қазылған ҳәм материкке жеткерилген. Оны қазыўда турған суўға характерли шөгинди ҳәм қорғанның қәндегине ийе екенлиги анықланды.
№3 қазыў жумыслары қорғанның қубла-батыс бөлиминдеги үлкен төбешикте салынады. Оның узынлығы 10 метр ҳәм ени 1 метр. Онда тәбийғый бийикликтиң үстине қурылған қурылыстың орны анықланған. Ол размери 35х35х8, 40х40х6 ҳәм 35х30х6 см болған қам гербишлерден өрилгенлиги анықланды. Ирригациялық қурылыслардан, төбешиклерден, атызлардан ҳәм археологиялық естеликтиң өзинен көплеген гүлал ыдыслардың қалдықлары, сынықлары табылды. Археологиялық қазыў нәтийжесинде табылған гүлал ыдыслардың қалдықлары Хорезмниң XII-XIV дәўириниң әсирлер дәўири менен белгиленген.
Топрақ-қала районында ирригационлық қурылыслардың қалдықлары сақланған. Естеликтен 200-250м қублада, тегисликте әййемги үлкен каналдың изи жақсы сезилетуғынлыгын жазады. Шығыста ол канал ҳәзирги мәдений зонаға шыққанлығын ҳәм оннан арыда жоғалғанын жазады. Ал ол қалашаның батыс тәрепинде жақсы көринип турады. Топрақ-қаладан 200-250м қубла-батыста канал екиге бөлинетуғынлығы ҳәм олар Даўыт ата тумсығына қарай кететуғынлығы анықланады. Ол тәрепте аңғардың изи жоғалады. Ол жерлерде соңғы дәўирдеги суўғарыў қурылыслары ушырасады.
Түсликтеги бурынғы ески каналдың изи жоғалған жердеги төбешиклерден керамикалар табылып, оның көриниси Топрақ-қала естелигинен табылған керамикалар менен бир ўақытқа туўра келеди. Оннан қублада әййемги атызлардың орны көринип турады1.
Топрақ-қаладан 1-1-5 шакырым түсликте үлкен әййемги басқа каналдың орны билинип турыпты. Ол Томар-көлге қарай аққан болыўы мүмкинлигин жазады. Ҳәмме каналлар онша үлкен емес топрақтан үйилген вал менен қосып есаплағанда 22-24 м. Валдан бийиклиги 0,8-1,0 м.
Топрақ-қаладан табылған керамикалардың сынықлары изертлеўшиге оны IX-XI әсирлер менен датировка қылыўға мүмкиншилик береди. Бирақта естеликке қойылған қазылмалардан бундай керамикалар табылмағанлығы мәлим. Көплеген керамикалардың сынықлары XII-XIV әсирлерге тийисли. Қазыў жумыслары нәтийжесинде көплеген гүлал ыдыслардың қалдықлары табылғанлығын жазады.
Солай етип Топрақ-қаладан ҳәм оның әтирапындағы төбешиклерден табылған археологиялық материаллар XII-XIV әсирлерге тийисли екенлигин жазады. IX-XI әсирлери исленген керамикаларды естеликтен табылмағанлығын жазады1.
В.Н.Ягодин археологиялық изертлеў нәтийжесинде Топрақ-қала естелигин үлкен, мықлы қорғаныў системасына ийе ҳәм әтирапында қорған дийўалсыз аўыллар, ирригацион тармақлары ҳәм атызлары бар екенлигин жазады. Ол жерде орта әсирлик аўыл-хожалық оруги-рустаг бар екенлигин ҳәм ол жерлердиң еки суўғарыў каналының болғанлығын көрсетеди.
В.Н.Ягодинниң пикиринше естеликтиң әтирапындағы еки каналдың IX-XI әсирлерде қурылғанлығын, ал оның орайлық бөлиминде жайласқан Топрақ-қала естелигиниң XII-XIV әсирлерде қурылғанлығын жазады.2
Ол тағыда Я.Г.Гулямовтан3 соң Топрақ-қаланы араб географы ал-Истахрийдиң жазган әййемги халық жасаған Куджаг деп көрсетеди.
Жуўмақлап айтқанымызда В.Н.Ягодин сол ўақытларда бар археологиялық материалларды улыўмаластырып естеликке ҳәм оның әтирапындағы егислик жерлерге, аўылларға ҳәм суўғарыў тармақларына толық характеристика жазғанлығын билемиз.

Download 404.5 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   13




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling