Сода өнимлерин өндириў технологиясы


Download 0.65 Mb.
bet10/14
Sana18.12.2022
Hajmi0.65 Mb.
#1026832
1   ...   6   7   8   9   10   11   12   13   14
Bog'liq
8-лекция

Ток бойынша шығым. Әмелде ажыралып шыққан зат муғдарының Фарадей нызамы бойынша есапланып, шығыўы тийис болған зат муғдарына қатнасы ток бойынша шығым деп аталады ҳәм процентлерде көрсетиледи. 500 А ток күши берилип 3 саат даўамында ас дузының еритпеси электролизленгенде 4,2 кг NaOH ажыралып шыққан. Теориялық жақтан берилген шараятта төмендегише болыў керек еди:

Буннан әмелдеги ток бойынша шығым төмендегише:   .
Электродлардың полярланыўы. Электролиз процессинде барлық ўақытта электродлар арасында базы бир потенциаллар айырмасы пайда болады, ол сырттан берилиўши потенциаллар айырмасына қарсы бағытланған болады, яғный кери бағытлан-ған ток күши пайда болады. Бул ҳәдийсе электродлардың полярланыўы деп аталады. Полярланыў химиялық ҳәм концентрациялық болып бөлинеди.
Ажыралып шыққан электролиз өнимлери гальваникалық шынжыр пайда етиўи себебинен химиялық полярланыў пайда болады. Мысал ушын суўдағы CuSO4 еритпесин платина электродлар жәрдеминде электролизлегенде катодта мыс, анодта кислород ажыралып шығады. Нәтийжеде дәслепки шынжыр Cu/CuSO4/(O2)Pt түринде гальваника-лық шынжырға айланады ҳәм электродлардың полярланыўына алып келеди. Сонлықтан тийкарғы электролиз процессин өткериў ушын сырттан берилиўши потенциаллар айырмасын күшейтиў зәрүр болады.
Химиялық полярланыўды кемейтиў ушын оны пайда ететуғын затлар менен тәсир етисиўши деполяризатор қосыў керек. Егер катодтағы полярланыў водород ажыралып шығыўы себебинен болса еритпеге қандайда-бир оксидлеўши қосыў керек, анодтағы полярланыў кислород себебинен болса еритпеге қайтарыўшы қосыў керек.
Тарқалыў потенциалы ҳәм артықша кернеўлилик ҳаққында түсиник. Ўақыт бирлигинде электролиз процессиндеги ажыралып шығатуғын зат муғдары токтиң күшине, яғный электродларға берилетуғын потенциаллар айырмасына байланыслы болады. Бул айырма артқанда ток күши көбейеди, кемейгенде ток күши кемейеди. Бирақ практикада электролиз өткериў ушын потенциаллар айырмасы берилген процесс ушын талап етилгеннен кем болмаўы, ҳәттеки полярланыўдағы электр қозғаўшы күшти (э.қ.к.) жеңиў ушын бир-қанша артық болыўы талап етиледи. Электролизди өткериў ушын зәрүр болған ең киши потенциаллар айырмасы – тарқалыў потенциалы ямаса тарқалыў кернеўи деп аталады.
Нормал анодлық потенциалы +1,36 в , нормал катодлық потенциалы - 0,833 в (қатты электрод қолланғанда) болған, Cl2, NaOH ҳәм H2 пайда етиўши NaCl электролизи ушын теориялық тарқалыў потенциалы мынаған тең болады:
E = Ea – Ek = 1,36 – (–0,833) = 2,193 в.
Бирақ электролиз ўақтында ток күши тез кемейип кетеди кейин болса улыўма тоқтайды. Буның себеби катодта адсорбцияланған водородтың ҳәм анодта адсорбциялан-ған хлордың жаңа гальваникалық элементти пайда етиўинде болады. Гальваникалық элементтиң потенциаллар айырмасы E = Ea – Ek = 1,33 – (–0,42) = 1,75 в болып, ол кери қарай бағытланған токти пайда етеди. Бул есаплаўларды әпиўайыластырған ҳәм шама менен алынған деп есапласақ, онда дерлик, барлық ўақытта кернеў теориялық есаплағаннан артықша болатуғынын көремиз.

Download 0.65 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   6   7   8   9   10   11   12   13   14




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling