Өзбекстан республикасының жынаят кодекси 2023 жыл Өзбекстан республикасының жынаят кодекси


-статья. Жынаят ислеўден ықтыярый түрде бас тартыў


Download 340.7 Kb.
bet7/141
Sana20.11.2023
Hajmi340.7 Kb.
#1788971
TuriКодекс
1   2   3   4   5   6   7   8   9   10   ...   141
Bog'liq
ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ ЖЫНАЯТ КОДЕКСИ 1

26 -статья. Жынаят ислеўден ықтыярый түрде бас тартыў
Шахс жынаятқа таярлық көриў ҳәрекетлерин ямаса тиккелей жынаят ислеўге қаратылған ҳәрекетлерин ақырына жеткериў мүмкинлигин аңлаған ҳалда тоқтатса, сондай-ақ жынайый ақыбеттиң шығыўын аңлаған ҳалда, усыдай ақыбет келип шығыўының алдын алса, жынаят ислеўден ықтыярый түрде бас тартыў деп табылады.
Жынаят ислеўден ықтыярый түрде бас тартыў жуўапкершиликти бийкарлайды.
Жынаятты ақырына жеткизиўден ықтыярый түрде бас тартқан шахс, егер әмелде ислеген қылмысында басқа жынаят қурамының барлық белгилери болса, усы Кодекс бойынша жуўапкершиликке тартылады.

VII БАП. ЖЫНАЯТТА ҚАТНАСЫЎШЫЛЫҚ

27-статья. Жынаятта қатнасыўшылық түсиниги
Еки ямаса оннан да артық шахстың қасттан жынаят ислеўде бирлесип қатнасыўы қатнасыўшылық деп табылады.

28-статья. Жынаят қатнасыўшыларының түрлери
Жынаятты орынлаўшы менен бир қатарда шөлкемлестириўши, қызықтырыўшы ҳәм жәрдемшилер де жынаяттың қатнасыўшылары деп табылады.
Жынаятты тиккелей толық ямаса бир бөлегин ислеген ямаса усы Кодекске муўапық жуўапкершиликке тартылыўы мүмкин болмаған шахслардан ямаса басқа қураллардан пайдаланып, жынаят ислеген шахс орынлаўшы деп табылады.
Жынаятқа таярлық көрилиўде ямаса жынаят ислеўинде басшылық еткен шахс шөлкемлестириўши деп табылады.
Жынаят ислеўге қызықтырған шахс қызықтырыўшы деп табылады.
Жынаят ислениўине өзиниң мәслаҳәтлары, көрсетпелери менен, қураллар бериў ямаса тосқынлықларды жоқ етиў менен көмеклескен, сондай-ақ, жынаят ислеў қуралы, излери ҳәм затларын ямаса жынайый жол менен қолға киритилген нәрселерди жасырыўға, сондай-ақ бундай нәрселерди алыў ҳәм өткериў ҳаққында алдынан ўәде берген шахс жәрдемши деп табылады.

29 -статья. Қатнасыўшылықтың формалары
Жынаятта қатнасыўшылық : әпиўайы қатнасыўшылық, қурамалы қатнасыўшылық, шөлкемлескен топар , жынайый бирлеспе формасында болады.
Еки ямаса оннан да артық шахстың алдынан тил бириктирместен жынаят ислеўде қатнасыўы әпиўайы қатнасыўшылық деп табылады.
Еки ямаса оннан да артық шахстың алдынан тил бириктирип жынаят ислеўде қатнасыўы қурамалы қатнасыўышылық деп табылады.
Еки ямаса оннан да артық шахстың биргеликте жынайый искерлик алып барыў ушын алдын ала бир топарға бирлесиўи шөлкемлескен топар деп табылады.
Еки ямаса оннан да артық шөлкемлескен топардың жынайый ҳәрекет пенен шуғылланыў ушын алдын ала тил бириктириўи жынайый бирлеспе деп табылады.


Download 340.7 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   10   ...   141




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling