Өзбекстан республикасының жынаят кодекси 2023 жыл Өзбекстан республикасының жынаят кодекси


-статья. Ушыў яки ушыўға таярлық көриў қағыйдаларын бузыў


Download 340.7 Kb.
bet141/141
Sana20.11.2023
Hajmi340.7 Kb.
#1788971
TuriКодекс
1   ...   133   134   135   136   137   138   139   140   141
Bog'liq
ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ ЖЫНАЯТ КОДЕКСИ 1

299-статья. Ушыў яки ушыўға таярлық көриў қағыйдаларын бузыў
Ушыў яки ушыўға таярлық көриў қағыйдаларын, сондай-ақ, ушыў аппаратларынан пайдаланыў қағыйдаларын бузыў апат жүз бериўине ямаса басқа аўыр ақыбетлерге себеп болса, —
бес жылдан он жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.

300-статья. Кемени басқарыў қағыйдаларын бузыў
Кемени басқарыў қағыйдаларын бузыў кемениң апатқа ушыраўы ямаса оған аўыр зыян келтириўине, адамлар қайтыс болыўына ямаса басқа аўыр ақыбетлерге себеп болса, —
бес жылдан он жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
ХХIV БАП. ӘСКЕРИЙ ЛАЎАЗЫМЛЫҚ ЖЫНАЯТЛАРЫ

301-статья. Ҳәкимияттан пайдаланып қыянет етиў, ҳәкимят ўәкиллигинен шетке шығыў яки ҳәкимият ҳәрекетсизлиги
Баслық ямаса басқа лаўазымлы шахслардың өз ҳәкимият яки хызмет ўәкиллигинен пайдаланып қыянет етиў, ҳәкимият ямаса хызмет ўәкиллиги шегарасынан шетке шығыўы, сондай-ақ, ҳәкимият ҳәрекетсизлиги Қураллы Күшлердиң мәплерине, әскерий хизметкер ямаса басқа пуқаралардың ҳуқықлары ямаса нызам менен қорғалатуғын мәплерине көп муғдарда зыян ямаса аўыр зыян келтирилиўине себеп болса, —
үш жылға шекем хызмет бойынша шеклеў ямаса бес жылға шекем еркинен айрыў менен жазаланады.
Усы қылмыслар денеге орташа аўыр ямаса аўыр зыян келтирип исленген болса, —
бес жылдан он жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы қылмыслар :
а) адам өлиўине;
б) басқа аўыр ақыбетлерге себеп болса, —
он жылдан он бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы статьяда нәзерде тутылған қылмыслар жаўынгерлик жағдайында исленген болса, —
он бес жылдан жигирма жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.

302-статья. Хызметке немқурайлық пенен қараў
Баслық яки басқа лаўазымлы шахстың өз хызмет ўазыйпаларына шалама-шәкки яки ҳүждансызларша мунәсебетте болыўы себепли усы ўазыйпаларды орынламағанлығы ямаса лазым дәрежеде орынламағанлығы көп муғдарда зыян келтирилиўине ямаса басқа аўыр ақыбетлерге себеп болса, —
үш жылға шекем хызмет бойынша шеклеў ямаса үш жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы қылмыс жаўынгерлик жағдайында исленген болса, —
үш жылдан бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Download 340.7 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   133   134   135   136   137   138   139   140   141




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling