Өзбекстан республикасының жынаят кодекси 2023 жыл Өзбекстан республикасының жынаят кодекси


Download 340.7 Kb.
bet137/141
Sana20.11.2023
Hajmi340.7 Kb.
#1788971
TuriКодекс
1   ...   133   134   135   136   137   138   139   140   141
Bog'liq
ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ ЖЫНАЯТ КОДЕКСИ 1

286 -статья. Мародёрлик
Мародёрлик, яғный қайтыс болғанлардың ямаса жарадарлардың буйымларын жаўынгерлик жағдайында ийелеў —
бес жылдан он жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.


ХХII БАП. ӘСКЕРИЙ ХЫЗМЕТТИ ӨТЕЎ ТӘРТИБИНЕ ҚАРСЫ ЖЫНАЯТЛАР

287-статья. Әскерий бөлим яки хызмет орнын өзбасымшалық пенен таслап кетиў
Мүддетли әскерий хызмет әскерий хизметкердиң әскерий бөлим яки хызмет орнын өзбасымшалық пенен таслап кетиўи, сондай-ақ, әскерий бөлимнен қысқа мүддетке рухсат берилгенде, басқа хызметке тайынланғанда ямаса басқа хызмет орнына өткерилгенде, хызмет сапарынан, дем алыстан яки емлеў мәкемесинен кеширимли себеплерсиз бир күннен артық, бирақ он күннен көп болмаған мүддет даўамында хызмет орнында болмаўы, сондай қылмыслар ушын интызамлық жаза шарасы қолланылғанынан кейин исленген болса, —
бир жылға шекем интызамлық бөлимге жибериў ямаса бир жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
әскерий хызметкери, офицерлар қурамынан болған шахс ямаса әскерий хызметти контракт (шәртнама ) бойынша өтип атырған әскерий хызметкердиң бөлим ямаса хызмет орнын өзбасымшалық пенен таслап кетиўи, сондай-ақ кеширимли себеплерсиз белгиленген мүддеттен он күннен артық, бирақ бир айдан көп болмаған мүддет даўамында хызмет орнына жетип келмеўи —
еки жылға шекем хызмет бойынша шеклеў ямаса үш жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Әскерий бөлим ямаса хызмет орнын өзбасымшалық пенен таслап кетиў, сондай-ақ, хызметке белгиленген мүддеттен кеширимли себеплерсиз бир айдан артық ўақыт ишинде жетип келмеў усы статьяның екинши бөлиминде көрсетилген шахслар тәрепинен исленген болса, —
бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы статьяда нәзерде тутылған қылмыслар жаўынгерлик жағдайында исленген болса, мүддетинен қарамастан, —
бес жылдан он жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.


288-статья. Дезертирлик
Дезертирлик, яғный әскерий хызметтен пүткиллей бас тарыў зыян келтириў мақсетинде әскерий бөлим яки хызмет орнын өзбасымшалық пенен таслап кетиў, сондай-ақ, усы мақсетте хызмет орнына жетип келмеў —
бес жылға шекем ерикинен айырыў менен жазаланады.
Усы қылмыс офицерлар қурамынан болған шахс яки әскерий хызметти контракт (шәртнама ) бойынша өтип атырған әскерий хизметкер тәрепинен исленген болса, —
бес жылдан он жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.


Download 340.7 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   133   134   135   136   137   138   139   140   141




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling