Өзбекстан республикасының жынаят кодекси 2023 жыл Өзбекстан республикасының жынаят кодекси


-статья. Жаўынгерлик нәўбетшиликти өтеў қағыйдаларын бузыў


Download 340.7 Kb.
bet139/141
Sana20.11.2023
Hajmi340.7 Kb.
#1788971
TuriКодекс
1   ...   133   134   135   136   137   138   139   140   141
Bog'liq
ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ ЖЫНАЯТ КОДЕКСИ 1

293-статья. Жаўынгерлик нәўбетшиликти өтеў қағыйдаларын бузыў
Жаўынгерлик нәўбетшиликти өтеў (жаўынгер хызмет) қағыйдаларын бузыў,қорғалып атырған объектлерге зыян келтирилиўине яки жаўынгерлик тапсырма орынланбай қалыўына себеп болса, —
еки жылға шекем хызмет бойынша шеклеў ямаса бир жылға шекем интызамлық бөлимге жибериў ямаса бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы қылмыс Өзбекстан Республикасына тосаттан қылынған ҳүжимди өз ўақытында байқамағанлығы ямаса жоқ етпегенликти көринсе, сондай-ақ, аўыр ақыбетлерге себеп болса, —
бес жылдан он жылға шекем еркинен айрыў менен жазаланады.

294-статья. Шегара хызметин өтеў қағыйдаларын бузыў
Шегарашылар наряды қурамында болған шахстың шегара хызметин өтеў қағыйдаларын бузыўы шегараның қол қатылмаслықтың бузылыўы мүмкин болса, —
еки жылға шекем хызмет бойынша шеклеў ямаса бир жылға шекем интызамлық бөлимге жибериў ямаса бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы қылмыс :
а) нызамға қылап түрде шегарадан өтиў;
б) басқа аўыр ақыбетлерге себеп болса, —
бес жылдан он жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.

ХХIII БАП. ӘСКЕРИЙ МҮЛКТИ САҚЛАЎ ЯКИ ОННАН ПАЙДАЛАНЫЎ ТӘРТИБИНЕ ҚАРСЫ ЖЫНАЯТЛАР

295-статья. Әскерий мулкти бийкарға сарплаў, жоғалтыў яки истен шығарыў
Әскерий мулкти пайдасыз жумсаў, яғный мүддетли әскерий хызмет әскерий хызметкерлериниң жеке өзи пайдаланыўы ушын берилген әскерий қурал-жарақларды сатыўы, пайдаланыў ушын биреўге бериўи ямаса гиреўге қойыўы —
бир жылға шекем интызамлық бөлимге жибериў ямаса бир жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Хызметте пайдаланыў ушын исенип тапсырылған қурал, оқ-дәри, ҳәрекетлеў қураллары, техникалық тәмийнаты буйымлардың сақлаў қағыйдаларын бузыў нәтийжесинде оларды жоғалтыў яки истен шығарыў, —
еки жылға шекем хызмет бойынша шеклеў ямаса бир жылға шекем интызамлық бөлимге жибериў яки үш жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы статьяның биринши ямаса екинши бөлиминде нәзерде тутылған қылмыслар жаўынгерлик жағдайында исленген болса, —
үш жылдан бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.


Download 340.7 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   133   134   135   136   137   138   139   140   141




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling