Өзбекстан республикасының жынаят кодекси 2023 жыл Өзбекстан республикасының жынаят кодекси


Download 340.7 Kb.
bet136/141
Sana20.11.2023
Hajmi340.7 Kb.
#1788971
TuriКодекс
1   ...   133   134   135   136   137   138   139   140   141
Bog'liq
ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ ЖЫНАЯТ КОДЕКСИ 1

283-статья . Денеге жарақат салыў
Баслықты урыў, оның денесине жеңил яки орташа аўыр жарақат салыў ол әскерий хызмет бойынша өз ўазыйпаларын орынлап атырған атырған ўақытта исленген болса, —
үш жылға шекем хызмет бойынша шеклеў яки бир жылға шекем интызамлық бөлимге жибериў яки үш жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Денеге аўыр жарақат салыў, сондай-ақ, усы статьяның биринши бөлиминде нәзерде тутылған ҳәрекетлер:
а) бир топар шахслар тәрепинен;
б) қурал ислетип исленген болса, —
үш жылдан жети жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы статьяның биринши яки екинши бөлиминде нәзерде тутылған ҳәрекетлер жаўынгерлик жағдайында исленген болса, —
жети жылдан он жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
284-статья. Бойсыныўшының өз баслығын яки баслықтың өзине бойсыныўшыны ақыретлеў
Бойсыныўшының өз баслығын, сондай-ақ, баслықтың өзине бойсыныўшыны ақыретлеўи усыдай ҳәрекетлер ушын интызамлық жаза қолланылғанынан кейин исленген болса,
еки жылға шекем хызмет бойынша шеклеў ямаса бир жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.

285-статья. Бир-бирине бағынышлы болмаған әскерий хызметкерлер арасындағы өз-ара мунәсебетлерге тийисли устав қағыйдаларын бузыў
Бир-бирине бағынышлы болмаған әскерий хызметкерлер арасындағы өз-ара мунәсебетлерге тийисли устав қағыйдаларын бузыў, яғный үзликсиз қорлаў, азап бериў, ден саўлығының бузылыўына себеп болған денеге жеңил зыян келтириў ямаса орташа аўыр зыян келтириў, нызамға қылап түрде еркинен айырыў —
еки жылға шекем хызмет бойынша шеклеў яки бир жылға шекем интызамлық бөлимге жибериў ямаса бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы қылмыс :
а) бир топар шахслар тәрепинен;
б) қурал ислетип исленген болса ;
в) денеге аўыр зыян келтириўге себеп болса, —
бес жылдан он жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы қылмыс адам өлиўине себеп болса, —
он жылдан он бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы қылмыс :
а) адамлардың өлимине;
б) басқа аўыр ақыбетлерге себеп болса, —
он бес жылдан жигирма жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.

Download 340.7 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   133   134   135   136   137   138   139   140   141




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling