Бердақ атындағЫ Қарақалпақ МӘмлекетлик университети cыртқы бөлим Қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультети


Download 0,68 Mb.
Sana19.06.2023
Hajmi0,68 Mb.
#1610125
Bog'liq
60-jil (2)








БЕРДАҚ АТЫНДАҒЫ ҚАРАҚАЛПАҚ МӘМЛЕКЕТЛИК УНИВЕРСИТЕТИ



Cыртқы бөлим
Қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультети


Жазыушы шайыр
Қайыпов Әбдиқадир
60 жаста





БАҒДАРЛАМА - МИРАТНАМА




Ҳүрметли____________________________


Сизди Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының ағзасы, Орайлық Азия Жазыўшылары ҳәм тарийхшылары аўқамының "Туран бирлиги - Мықлы қәлемгер" медалының ийеси. Самбо гүреси бойынша Өзбекстан чемпионы. Әбдиқадир Қайыповтың 60-жыллығына бағышланып, усы жыл 26-май саат 1000де Бердақ атындағы қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң руўҳыйлық ҳәм ағартыўшылық мәжлислер залында өткерилетуғын адебий кешеге мират етемиз.


Б А Ғ Д А Р Л А М А С Ы
К И Р И С С Ө З
С. Мырзатаев – Cырткы болим баслығы


Қ У Т Л Ы Қ Л А Ў Л А Р
Қ.Оразымбетов – Филология илимлери докторы, профессор


Б.Генжемуратов - Филология илимлери кандидаты, доцент


Ш Ы Ғ Ы П С Ө Й Л Е Ў Ш И Л Е Р
С ыртқы бөлим. Филология ҳәм журналистика факультети, филология ҳәм тиллерди оқытыў (қарақалпақ тил ) тәлим бағдары 5-курс студентлери


ҚАЙЫПОВ ӘБДИҚАДИР - 60 ЖАСТА
Қайыпов Әбдиқадир ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының ағзасы, Азия Жазыўшылары ҳәм тарийхшылары аўқамының "Туран бирлиги - Мықлы қәлемгер" медалының ийеси. Самбо гүреси бойынша Өзбекстан чемпионы. Қайыпов Әбдиқадир Жақсыбаевич 1963-жылы Қанлыкөл районында туўылған. Мийнет жолын қурылысшы соң шофёрлық пенен баслап 1987-2000-жыллары, 8-санлы мектепте оқытыўшы, директор орынбасары, 15-санлы мектепте директор, ҚМУда декан орынбасары болып, билимлендириў тараўында жемисли мийнет етти. 1989-жылы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Филология ҳәм журналистика факультети сырткы болимин тамамлаган. 2000-2006-жыллары Қарақалпақстан Республикасы дене тәрбия ҳәм спорт бойынша мәмлекетлик комитетинде бөлим баслығы, баслық орынбасары, «Қарақалпақстан спорты», «Қарақалпақстан аўылы» газеталарының бас редакторы лаўазымларында иследи. 2006-жылдан баслап Қарақалпақстан ескек есиў федерациясының директоры болып ислеген. Оның усы кунге шекем 3 поэзиялық, 4 прозалық, 18 публицистикалық жәми 25 китабы баспадан шықты.
Ол «Жоражан», «Дәслепки саўға», «Тири жетим», «Шүкирлик», «Жетим қозы», «Биреўдиң жасы», «Жалаңаш периштениң ҳийлеси», «Сыңсыйды аққуў» атамасындағы китаплары кең жәмийетшиликке танылып үлгерген қәлем ийеси, Сондай-ақ 80 нен аслам шәкиртиниң дөретпелерин китап етип шығарыўға жәрдем берсе, 200 ден аслам шәкиртиниң қосықлары алманах ҳәм топламларда жарық көрди.
Социаллық тармақлардағы Қарақалпақ айтысын жыйнап, 76 томын Өзбекстан илимлер академиясының Қарақалпақстан филиалы менен Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамына тапсырды. Ҳәзирги ўақытта айтысларды жыйнаўды даўам еттирмекте.
Оның бул мийнетлери Орайлық Азия Жазыўшылары ҳәм тарийхшылары аўқамы тәрепинен ылайық баҳаланып, "Туран бирлиги - Мықлы қәлемгер" медалы менен сыйлықланды.
Ә.Қайыпов жазыўшы, шайыр, публицист, соның менен қоса спортшы.
Қайыпов Әбдиқадир - шаңарақлы зайыбы напақадағы педагог Крамова Тиллахан менен төрт перзентти камалга келтирмекте.
Download 0,68 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2025
ma'muriyatiga murojaat qiling