Өзбекстан республикасының жынаят кодекси 2023 жыл Өзбекстан республикасының жынаят кодекси


Download 340.7 Kb.
bet17/141
Sana20.11.2023
Hajmi340.7 Kb.
#1788971
TuriКодекс
1   ...   13   14   15   16   17   18   19   20   ...   141
Bog'liq
ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ ЖЫНАЯТ КОДЕКСИ 1

51-статья. Өмирлик еркинен айырыў
Өмирлик еркинен айырыў айрықша жаза шарасы болып, судланған шахсты арнаўлы тәртипли жазаны орынлаў колониясына жайластырыў арқалы жәмийеттен мүддетсиз ажыратып қойыўдан ибарат.
Өмирлик еркинен айырыў жазасы тек жуўапкершиликти аўырластырыўшы жағдайларда қасттан адам өлтириў (97-статьяның екинши бөлими) ҳәм терроризм (155-статьяның үшинши бөлими) ушын белгиленеди.
Өмирлик еркинен айырыў жазасы ҳаялларға, он сегиз жасқа толмастан жынаят ислеген шахсқа ҳәм алпыс жастан асқан ер адамларға тайынланыўы мүмкин емес.

52-статья. Әскерий яки арнаўлы атақтан айырыў
Әскерий ямаса арнаўлы атақға ийе болған шахс аўыр ямаса оғада аўыр жынаят ушын ҳүким етилгенинде суд ҳукми менен усы атақтан айрылыўи мүмкин.
Жоқары әскерий ямаса арнаўлы атаққа яки Өзбекстан Республикасының мәмлекет сыйлғына ийе болған шахс аўыр ямаса оғада аўыр жынаяты ушын ҳүким етилгенинде суддың ҳүким тийкарында киргизилген усыныснамасына муўапық усы атақ ямаса сыйлықтан айрылыўы мүмкин.

ХI БАП. ЖАЗА ТАЙЫНЛАЎ

54-статья. Жаза тайынлаўдың улыўма тийкарлары
Жынаят ислеўде нызамда белгиленген тәртипте айыплы деп табылған шахс жазаға тартылады. Суд усы Кодекс Арнаўлы бөлиминиң жынаят ислегенлиги ушын жуўапкершилик нәзерде тутылған статьясында белгиленген тәртипте Улыўма бөлимиң қағыйдаларына муўапық жаза тайынлайды.
Суд жаза белгилеўде исленген жынаяттың сыпатын ҳәм жәмийетлик қәўиплилик дәрежесин, қылмыстың себебин, келтирилген зыянның сыпатын ҳәм муғдарын, айыпкердиң шахсын ҳәмде жазаны жеңиллестириўши ҳәм аўырластырыўши жағдайларды есапқа алады.

55-статья. Жазаны жеңиллестириўши жағдайлар
Төмендеги жағдайлар жазаны жеңиллестириўши жағдайлар деп табылады :
а) айбын мойнына алыў ҳаққында арыз етиў, шын кеўилден пушайман болыў ямаса жынаятты ашыўға белсенди жәрдем бериў;
б) келтирилген зыянды ықтыярый түрде сапластыў ;
в) аўыр жеке, шаңарақлық шәраятлар ақыбетинде ямаса басқа да қыйыншылық жағдайында жынаят ислеў;
г) мәжбүрлеў ямаса материаллық тәрептен, хызмет тәрепинен ямаса басқа тәрептен бойсыныўы себепли жынаят ислеў;
д) жәбирлениўшиниң зорлық, аўыр ақыретлеў ямаса басқа да нызамсыз ҳәрекетлери себепли жүзеге келген күшли руўхый ҳәўлығыў жағдайында жынаят ислеў;
е) зәрүрли қорғаныўдың, ақырғы зәрүрликтиң шегарасынан шетке шығып жынаят ислеў, жәмийетлик қәўипли қылмысты ислеген шахсты услаўда, кәсиплик ямаса хожалық искерлигине байланыслы болған тийкарлы тәўекелшиликте зыян келтириў;
ж) ер жетпеген шахстың жынаят ислеўи;
з) ҳәмледар ҳаялдың жынаят ислеўи;
и) жәбирлениўшиниң нызамсыз ямаса әдеп-икрамлылыққа жат минез-қулқы тәсиринде жынаят ислеў.
Жаза белгилеўде суд усы статьяда нәзерде тутылғаннан басқа жағдайларды да жеңиллестириўши жағдай деп табыўы мүмкин.
Жеңиллестириўши жағдай усы Кодекс Арнаўлы бөлиминиң статьясында жынаят қурамының зәрүрли белгиси ретинде нәзерде тутылған болса, жаза белгилеўде есапқа алынбайды.


Download 340.7 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   13   14   15   16   17   18   19   20   ...   141




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling