Өзбекстан республикасының жынаят кодекси 2023 жыл Өзбекстан республикасының жынаят кодекси


-статья. Шахстың жәмийетлик қәўиплилигин жойтқанлығына байланыслы жазадан азат етиў


Download 340.7 Kb.
bet25/141
Sana20.11.2023
Hajmi340.7 Kb.
#1788971
TuriКодекс
1   ...   21   22   23   24   25   26   27   28   ...   141
Bog'liq
ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ ЖЫНАЯТ КОДЕКСИ 1

70-статья. Шахстың жәмийетлик қәўиплилигин жойтқанлығына байланыслы жазадан азат етиў
Жынаят ислеген шахс егер иси судта көрилип атырылған ўақытқа шекем шәраят өзгерсе ямаса шахс үлгили минез-қулқи, мийнетке ямаса оқыўға ҳадал мүнәсебети менен өзин көрсетип, жәмийетлик қәўиплилигин жоғалтқан деп тән алынса, суд оны жазадан азат етиўи мүмкин.

71-статья.Айыпкер өз қылмысына әмелде пушайман болыўына байланыслы жазадан азат етиў
Жәмийетлик қәўипи үлкен болмаған ямаса онша аўыр болмаған жынаятты биринши рет ислеген шахс, егер ол айбын мойнына алыў ҳаққында арыз еткен, жынаяттың ашылыўына белсенди жәрдем берген ҳәм келтирилген зыянды қаплаған болса, суд тәрепинен жазадан азат етилиўи мүмкин.
Басқа шахслар менен биргеликте жынаят ислеўде қатнасқан ямаса шөлкемлескен топар ямаса жынайый бирлеспениң ағзасы болған шахс, егер ол айбын мойнына алыў ҳаққында арыз еткен, шын кеўилден пушайман болған, жынаяттың алдын алыў, жынаятты ашыў ямаса оның шөлкемлестириўшилерин ямаса басқа қатнасыўшыларын анықлаў ҳәм ашыўға жәрдем берген болса, егер ол аўыр ямаса оғада аўыр жынаят ислеўде тиккелей қатнаспаған болса, суд тәрепинен жазадан азат етилиўи мүмкин.
Усы Кодекс Арнаўлы бөлиминиң тийисли статьясында өз алдына көрсетилген жағдайларда, жынаят ислеген шахс өз қылмысына әмелде пушайман болған жағдайда суд тәрепинен жазадан азат етилиўи лазым.


72-статья. Шәртли ҳүким етиў
Егер суд еркинликтен айырыў, интизамлық бөлимге жибериў, хызмет бойынша шеклеў ямаса мийнет пенен дүзетиў жумыслары жазаларын белгилеў ўақтында исленген жынаяттың сыпаты ҳәм жәмийетлик қәўиплилик дәрежеси, айыпкердиң шахсы ҳәм истеги басқа жағдайларды итибарға алып, айыпкерге тайынланған жазаны өтеместен турып да дүзетиў мүмкин, деген пикирге келсе, шәртли ҳүким етиўи мүмкин. Бундай жағдайда суд, егер, белгиленген сынақ мүддети даўамында жазаның шәртлилигин быйкарлаў тийкарлары келип шықпаса, тайынланған жазаны орынлаў ҳаққында қарар шығарады.
Сынақ мүддети бир жылдан үш жылға шекем белгиленип, ҳүким шығарылған күннен баслап есапланады. Егер, шәртли ҳүким етиў ҳаққындағы қарар жоқары суд тәрепинен шығарылған жағдайда да, сынақ мүддетин есаплаў сол күннен басланады.
Шәртли ҳүким етилгенде, егер, буған тийкарлар әмелдеги болса, суд судланған шахсқа белгили ўақыт даўамында келтирилген зыянды қаплаў, жумысқа ямаса оқыўға кириў, жасаў орны, жумыс ямаса оқыў орнын өзгертсе, бул ҳаққында шәртли ҳүким етилген шахстың минез-қулқы үстинен қадағалаўшы органға хабар берип турыў, ўақты-ўақты менен келип бул органларда дизимнен өтип турыў, белгили бир орынларда болмаў, белгили ўақытта жасаў орнында болыўы, алкоголизм, нәшебентлик зәҳәрбентлик яки соз кеселлигинен емлениў курсын өтеў усаған миннетлемелерди жүклеўи мүмкин.
Шәртли ҳүким етилген адамлардың минез-қулқи үстинен ишки ислер органлары, әскерий хизметкерлер минез-қулқи үстинен болса, әскерий бөлим ямаса мекемениң командирлери қадағалаў алып барады.
Ҳүким етилген шахстың минез-қулқи үстинен қадағалаўшы органның усынысы менен суд сынақ мүддети даўамында оған жүклетилген миннетлемелердиң ҳәммесин ямаса бир бөлегин алып таслаўы ямаса оның мойнына жаңа миннетлемелер жүклеўи де мүмкин.
Егер шәртли ҳүким етилген шахс сынақ мүддети даўамында суд оған жүклеген миннетлемелерди орынламаса яки жәмийетлик тәртиби ямаса мийнет интизамын бузғанлығы ушын оған ҳәкимшилик яки интизамлық жуўапкершиликке тартылған болса суд оның минез-қулқы үстинен қадағалаў алып баратуғын орган усыныснамасына муўапық жазаның шәртлилигин бийкар етип, ҳукмде тайынланған жазаны орынлаў ҳаққында ўйғарыў шығарыўы мүмкин.
Шәртли ҳүким оғада аўыр жынаяты ушын ҳүким етилгенлерге, сондай-ақ қасттан ислеген жынаяты ушын еркинен айырыў жазасына ҳүким етилгенлерге қолланылмайды, он сегиз жасқа толмаған шахслар, биринши ҳәм екинши топар майыплығы болған шахслар, ҳаяллар, сондай-ақ алпыс жастан асқан шахслар бунан тысқары.
Шәртли ҳүким етилген шахс сынақ мүддети даўамында жаңа жынаят ислесе, суд оған қарата усы Кодектиң 60-статьясында нәзерде тутылған қағыйдалар бойынша жаза тайынлайды.



Download 340.7 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   21   22   23   24   25   26   27   28   ...   141




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling