60 -статья. Бир неше ҳүким бойынша жаза тайынлаў
Егер судланыўшы ҳүким шығарылғанынан кейин жазаны толық өтемей турып, жаңа жынаят ислесе, суд жаңа ҳүким бойынша тайынланған жаза мүддетине алдынғы ҳүким бойынша өтелмей қалған жаза мүддетин толық ямаса бир бөлимин қосады.
Бир неше ҳүким бойынша ҳәр түрдеги жазаларды қосыў жолы менен жаза тайынлаўда усы Кодекстиң 61-статьясында нәзерде тутылған қағыйдаларға әмел етип, жазаның аўырлаў түри үзил-кесил тайынланады.
Егер ҳүкимлерден биреўинде өмирлик еркинен айырыў жазасы тайынланған болса, бир неше ҳүкимлер бойынша жазаларды қосыўда жеңиллеў жазаны өмирлик еркинен айырыў жазасы менен қаплаў арқалы жаза үзил-кесил тайынланады.
Егер ҳүкимлерден биреўинде узақ мүддетли еркинен айрыў жазасы тайынланған болса, бир неше ҳүкимлер бойынша жазаларды қосыўда жеңиллеў жазаны аўырлаўы менен қаплаў ямаса жазаларды толық ямаса бир бөлимин қосыў жолы менен жаза үзил-кесил тайынланады.
Бир неше ҳүкимлер бойынша мийнет пенен дүзетиў жумыслары ямаса хызмет бойынша шеклеўге ҳүким етилип, мийнет ҳақы ямаса пул тәмийнатынан услап қалыўдың ҳәр түрлы муғдары белгиленген жағдайларда бул жазалардың тек мүддетлери қосылады.
Алдын ҳүкими бойынша өтелмей қалған қосымша жазалар ҳүкимлер жәми бойынша тайынланған тийкарғы жазаға қосып тайынланады.
61-статья. Жазаларды қосыўды есаплаў қағыйдалары
Ҳәр түрли түрдеги тийкарғы жазаларды қосқанда еркинен айырыўдың бир күни:
а) еркин шеклеўдиң ямаса интизамлық бөлимге жибериўдиң бир күнине;
б) мийнет пенен дүзетиў жумысларының ямаса хызмет бойынша шеклеўдиң үш күнине;
в) мәжбурий жәмийетлик жумысларының төрт саатына тең келеди.
Жәрийма ямаса белгили ҳуқықтан айырыў жазасы еркинен айырыў, интизамлық бөлимге жибериў, еркин шеклеў, хызмет бойынша шеклеў, мийнет пенен дүзетиў жумыслары, мәжбурий жәмийетлик жумыслары жазасы менен қосылғанда ҳәр қайсысы өз алдына өтеледи.
62-статья. Услап турыў, қамаў ямаса үй қамағы ўақтын есапқа алыў қағыйдалары
Суд жаза тайынлаў ўақтында услап турыўдың, қамаққа алыўдың ямаса үй қамағының ҳәр бир күнин:
а) еркин шеклеўдиң, интизамлық бөлимге жибериўдиң, еркинен айырыўдың бир күнине;
б) мийнет пенен дүзетиў жумысларының ямаса хызмет бойынша шеклеўдиң үш күнине;
в) мәжбурий жәмийетлик жумысларының төрт саатына теңлестирип есаплайды.
Суд услап турылған, қамаққа алынған ямаса үй қамағында сақланған шахсқа жәрийма тайынлаўда услап турыўдың, қамаққа алынған ямаса үй қамағында сақлаўдың бир күнин базалық есаплаў муғдарының иккиден бир бөлегине теңлестирип есапқа алады.
Do'stlaringiz bilan baham: |