Өзбекстан республикасының жынаят кодекси 2023 жыл Өзбекстан республикасының жынаят кодекси


-статья. Қылмыс ямаса шахс жәмийетлик қәўиплилигин жоғалтыўына байланыслы жуўапкершиликтен азат етиў


Download 340.7 Kb.
bet23/141
Sana20.11.2023
Hajmi340.7 Kb.
#1788971
TuriКодекс
1   ...   19   20   21   22   23   24   25   26   ...   141
Bog'liq
ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ ЖЫНАЯТ КОДЕКСИ 1

65-статья. Қылмыс ямаса шахс жәмийетлик қәўиплилигин жоғалтыўына байланыслы жуўапкершиликтен азат етиў
Исти тергеў ямаса судта көриў ўақтында шәраят өзгергенлиги себепли исленген қылмыс өзиниң жәмийетлик қәўиплилигин жоғалтқан деп табылса, жынаят ислеген шахс жуўапкершиликтен азат етилиўи мүмкин.
Исти тергеў ямаса судта көриў ўақтында шәраят өзгергенлиги себепли жынаят ислеген шахс жәмийетлик қәўиплилик өзгешелигин жоғалтқан деп табылса, жуўапкершиликтен азат етилиўи мүмкин.
66-статья. Айыпкер өз қылмысына әмелде пушайман болғанлығына байланыслы жуўапкершиликтен азат етиў
Жәмийетлик қәўипи үлкен болмаған ямаса онша аўыр болмаған жынаятты биринши рет ислеген шахс, егер ол айбын мойнына алыў ҳаққында арыз еткен, шын кеўилден пушайман болған, жынаяттың ашылыўына белсенди жәрдем берген ҳәм келтирилген зыянды қаплаған болса, жуўапкершиликтен азат етилиўи мүмкин.
Усы Кодекс Арнаўлы бөлиминиң тийисли статьясында өз алдына көрсетилген жағдайларда, жынаят ислеген шахс өз қылмысына әмелде пушайман болған жағдайда жуўапкершиликтен азат етилиўи лазым.

661-статья. Жарасқанлығына байланыслы жынайый жуўапкершиликтен азат етиў
Усы Кодекс 105-статьясының биринши бөлиминде (қасттан денеге орташа аўыр зыян келтириў), 106 -статьясында (күшли руўхый хәўлығыў жағдайында қасттан денеге аўыр ямаса орташа аўыр зыян келтириў), 107-статьясында (зәрүрли қорғаныў шегарасынан шетке шығып, қасттан денеге аўыр зыян келтириў), 108-статьясында (жәмийетлик қәўипли қылмыс ислеген шахсты услаўдың зәрүр шаралары шегарасынан шетке шығып, денеге қасттан аўыр зыян келтириў), 109-статьясында қасттан денеге жеңил зыян келтириў), 110-статьясының биринши бөлиминде (қыйнаў), 111-статьясында (абайсызлықтан денеге орташа аўыр ямаса аўыр зыян келтириў), 113-статьясының биринши ҳәм екинши бөлимлеринде (соз ямаса АИЖС кеселлигин тарқатыў), 115-статьясында (ҳаялды өз ҳәмилесин жасалма түрде түсириўге мәжбүрлеў), 116-статьясының биринши ҳәм екинши бөлимлеринде (кәсип жүзесинен өз ўазыйпаларын лазым дәрежеде орынламаў), 117-статьясының биринши бөлиминде (қәўип астында қалдырыў), 121-статьясының биринши бөлиминде (шахсты жынысый байланыс жасаўға мәжбүрлеў), 122-статьясында (ер жетпеген ямаса мийнетке жарамсыз шахсларды материаллық тәмийинлеўден бас тартыў), 123-статьясында (ата-ананы материаллық тәмийинлеўден бас тартыў), 125-статьясының биринши бөлиминде (перзентликке алыў сырын әшкаралаў ), 1261-статьясының биринши, екинши, үшинши ҳәм төртинши бөлимлеринде (шаңараққа тийисли зорлық ),136 -статьясында (ҳаялды турмысқа шығыўға мәжбүрлеў ямаса оның турмысқа шығыўына тосқынлық етиў), 138-статьясының биринши бөлиминде (зорлық ислетип нызамға қылап түрде еркинен айырыў), 139-статьясының биринши ҳәм екинши бөлимлеринде (жала), 140-статьясының биринши ҳәм екинши бөлимлеринде (ақыретлеў), 1411-статьясының биринши бөлимнде (жеке қол қатылмаслығын бузыў ), 1412-статьясының биринши бөлиминде (шахсқа тийисли мағлыўматлар ҳақкқындағы нызамшылықты бузыў ), 143-статьясында (хат-жазыспалар, телефонда сөйлесиў, телеграф хабарлары ямаса басқа хабарлардың сыр сақланыў тәртибин бузыў), 148-статьясында (мийнет етиў ҳуқықын бузыў ), 149-статьясында (авторлық ямаса ойлап табыўшылық ҳуқықларын бузыў), 167-статьясының биринши бөлиминде (өзлестириў ямаса растрата жолы менен талан -тараж етиў), 168-статьясының биринши бөлиминде (алдаўшылық ), 169 -статьясының биринши бөлиминде (ўрлық), 170-статьясының биринши бөлиминде ҳәм де екинши бөлиминиң «б» ҳәм «в» бәнтлеринде (алдаў ямаса исенимине керип пайдаланыў жолы менен мүлкке зыян жеткизиў), 172-статьясында (мулкти қорғаўда ҳүждансыз мүнәсебетте болыў ), 173-статьясының биринши бөлиминде (мулкти қасттан набыт етиў ямаса оған зыян келтириў), 180-статьясында (жалған банкротлық), 181-статьясында (қарыздарлықты жасырыў), 1852-статьясында (электр, ыссылық энергиясы, газ, водопроводдан пайдаланыў қағыйдаларын бузыў), 189-статьясында (саўда ямаса хызмет көрсетиў қағыйдаларын бузыў ), 191-статьясында (нызамға қылап түрде ахпарат топлаў, оны әшкаралаў ямаса одан пайдаланыў), 192-статьясында (бәсекиликти абройсызландырыў), 229 -статьясында (өзбасымшалық),256-статьясының биринши ҳәм екинши бөлимлеринде (изертлеў искерлигин әмелге асырыўда қаўипсизлик қағыйдаларын бузыў), 257-статьясының биринши бөлиминде (мийнетти қорғаў қағыйдаларын бузыў), 258-статьясының биринши бөлегинде (таў-кән, қурылыс ямаса жарыў жумыслары қаўипсизлиги қағыйдаларын бузыў), 259-статьясының биринши бөлиминде (өрт қаўипсизлиги қағыйдаларын бузыў), 260-статьясының биринши бөлиминде (темиржол, теңиз, дәрья ямаса ҳаўа транспортының ҳәрекети ямаса олардан пайдаланыў қаўипсизлиги қағыйдаларын бузыў), 266-статьясының биринши бөлиминде (транспорт қураллары ҳәрекети ямаса олардан пайдаланыў қаўипсизлиги қағыйдаларын бузыў), 268-статьясының биринши бөлиминде (транспорттың қаўипсиз ислеўин тәмийинлеўге тийисли қағыйдаларды бузыў), 277-статьясының биринши бөлимнде (бийзарылық ), 298-статьясының биринши бөлиминде (машиналарды басқарыў ямаса олардан пайдаланыў қағыйдаларын бузыў ) нәзерде тутылған жынаятларды ислеген шахс, егер ол өз айбын тән алған болса, жәбирлениўши менен жарасса ҳәм келтирилген зыянды қаплаған болса, жынайый жуўапкершиликтен азат етилиўи мүмкин.
Аўыр ямаса оғада аўыр жынаятларды ислегени ушын судланғанлық жағдайы тамамланбаған ямаса судланғанлығы алып тасланбаған шахслар жарасқанлығы себепли жынайый жуўапкершиликтен азат етилмейди.


Download 340.7 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   19   20   21   22   23   24   25   26   ...   141




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling