Өзбекстан республикасының жынаят кодекси 2023 жыл Өзбекстан республикасының жынаят кодекси


-статья. Жазаны өтеўден мүддетинен бурын шәртли азат етиў


Download 340.7 Kb.
bet26/141
Sana20.11.2023
Hajmi340.7 Kb.
#1788971
TuriКодекс
1   ...   22   23   24   25   26   27   28   29   ...   141
Bog'liq
ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ ЖЫНАЯТ КОДЕКСИ 1

73-статья. Жазаны өтеўден мүддетинен бурын шәртли азат етиў
Еркинен айырыў, интизамлық бөлимге жибериў, хызмет бойынша шеклеў, еркин шеклеў яки мийнет пенен дүзетиў жумысларына ҳүким етилгенлерге жазаны өтеўден мүддетинен бурын шәртли азат етиў жазасы қолланылыўы мүмкин. Шахс орынланбаған қосымша жазадан да азат етилиўи мүмкин.
Жазаны өтеўден мүддетинен бурын шәртли түрде азат етиў усы статьяның биринши бөлиминде көрсетилген жаза түрлери ушын орнатылған тәртип-қағыйда талапларын орынлаған ҳәм мийнетке ҳадал мүнәсебетте болған судланған шахсқа қолланылады.
Жазаны өтеўден мүддетинен бурын шәртли түрде азат етиў судланған шахс:
а) жәмийетлик қәўипи үлкен болмаған ямаса онша аўыр болмаған жынаяты ушын суд тайынлаған жаза мүддетиниң кеминде үштен бирин;
б) аўыр жынаяты ушын, сондай-ақ қасттан ислеген жынаяты ушын, егер шахс алдын қасттан ислеген жынаяты ушын еркинен айырыўға ҳүким етилген болса, суд тайынлаған жаза мүддетиниң кеминде ярымын;
в) оғада аўыр жынаяты ушын, сондай-ақ жазадан мүддетинен бурын шәртли азат етилген ямаса жазасы жеңилреги менен алмастырылған шахс жазаның өтелмеген бөлеги даўамында қасттан жаңа жынаят ислегенлиги ушын ҳүким етилген болса, суд тайынлаған жаза мүддетиниң кеминде үштен еки бөлегин ҳақыйқый өтегеннен кейин қолланылыўы мүмкин.
Жазадан мүддетинен бурын шәртли түрде азат етиў:.
а) өмирлик ямаса узақ мүддетке еркинен айырыўға ҳүким етилген шахсқа;
б) оғада қәўипли рецидивистлерге;
в) шөлкемлескен топар ямаса жынайый бирлеспениң шөлкемлестириўшилерм ҳәм қатнасыўшыларына ;
г) жуўапкершиликти аўырластырыўшы жағдайларда қасттан адам өлтириў, он төрт жасқа толмаған айыпкерге белгили болған жәбирлениўшиниң ар-намысына тийиў ямаса оған зорлық ислетип, жынысый талапты ғайрытәбиий усылда қандырғаны, Өзбекстан Республикасына, тынышлығына ҳәм инсаният қаўипсизлигине қарсы жынаят ислеў, ядролық, химиялық, биологиялық ҳәм басқа ҳәр түрдеги ғалабалық қырғын қуралларын, сондай-ақ қырғын қуралларды ислеп шығарыў ушын пайдаланыў мүмкинлиги белгили болған материал ҳәм үскенелерди, контрабанда еткенлиги ушын ҳүким етилген шахсларға қолланылмайды.
Жазаны өтеўден мүддетинен бурын шәртли түрде азат етилип, жазаның өтелмеген бөлеги даўамында қасттан жаңа жынаят ислеген шахсқа суд усы Кодекстиң 60-статьясында нәзерде тутылған қағыйдаларға муўапық жаза тайынлайды.



Download 340.7 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   22   23   24   25   26   27   28   29   ...   141




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling