Өзбекстан республикасының жынаят кодекси 2023 жыл Өзбекстан республикасының жынаят кодекси
-статья. Жазаны жеңилреги менен алмастырыў
Download 340.7 Kb.
|
ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ ЖЫНАЯТ КОДЕКСИ 1
- Bu sahifa navigatsiya:
- 75-статья. Кеселлиги ямаса мийнет қәбилетин жоғалтқанлығына байланыслы жазадан азат етиў
74-статья. Жазаны жеңилреги менен алмастырыў
Еркинен айрылған , еркинлиги шекленген ямаса мийнет пенен дүзетиў жумысларына ҳүким етилген шахсларға суд жазаның өтелмеген бөлегин жеңиллеў жаза менен алмастырыўы мүмкин. Жазаны жеңилреги менен алмастырыў усы статьяның биринши бөлиминде көрсетилген жаза түрлери ушын орнатылған тәртип-қағыйда талапларын орынлаған ҳәм мийнетке ҳадал мүнәсебетте болған судланған шахсқа қолланылыўы мүмкин Жазаны жеңилреги менен алмастырыў судланған шахс; а) жәмийетлик қәўипи үлкен болмаған ямаса онша аўыр болмаған жынаяты ушын суд тайынлаған жаза мүддетиниң кеминде төрттен бир бөлеги; б) аўыр жынаяты ушын, сондай-ақ қасттан ислеген жынаяты ушын, егер ол алдын қасттан ислеген жынаяты ушын еркинен айырыўға ҳүким етилген болса, суд тайынлаған жаза мүддетиниң үштен бир бөлеги ; в) оғада аўыр жынаяты ушын, сондай-ақ жазадан мүддетинен бурын шәртли түрде азат етиў ямаса жазаны жеңилреги менен алмастырыў жазасы қолланылған ҳәм жазаның өтелмеген бөлеги даўамында қасттан ислеген жаңа жынаяты ушын суд тайынлаған жаза мүддетиниң кеминде ярымын өтегеннен кейин қолланылыўы мүмкин. Еркинен айырыў ямаса еркин шеклеў жазасы жазаның өтелмеген бөлеги мийнет пенен дүзетиў жумыслары менен алмастырылғанда мийнет пенен дүзетиў жумыслары еркинен айырыў ямаса еркин шеклеў жазасының өтелмеген бөлими мүддетине тайынланады. Жазаның өтелмеген бөлеги жеңилреги менен алмастырыў усы Кодекстиң 73-статьясы төртинши бөлиминде көрсетилген шахсларға қолланилмайды. Жазаның жеңилреги жаза менен алмастырылған шахслар жеңиллеў жазаның тийисли бөлегин тамамлағаннан кейин усы Кодекстиң 73-статьясында нәзерде тутылған қағыйдаларға муўапық жазадан мүддетинен бурын шәртли азат етилиўи мүмкин. Жазаны жеңилрек жаза менен алмастырылған шахс жазаның өтелмеген бөлеги даўамында жаңа жынаят ислесе, суд оған усы Кодекстиң 60-статьясында нәзерде тутылған қағыйдаларға муўапық жаза тайынлайды. 75-статья. Кеселлиги ямаса мийнет қәбилетин жоғалтқанлығына байланыслы жазадан азат етиў Ҳүким шығарылғанынан соң өз ҳәрекетлериниң әҳмийетин аңлай алмайтуғын ямаса оларды басқара алмайтуғын дәрежеде руўхый жағдайының бузылыўы жүз берген шахс, сондай-ақ жазаны өтеўге тосқынлық ететуғын басқа аўыр кеселликке шалынған шахс жазаны өтеўден азат етилиўи лазым. Усы статьяның биринши бөлиминде көрсетилген шахсларға суд медициналық тәртиптеги мәжбүрлеў шараларын қоллаўы мүмкин. Бундай шахслар дүзелгенинен кейин, усы Кодекстиң 69-статьясында нәзерде тутылған ҳәм суд тәрепинен медициналық тәртиптеги мәжбүрлеў шаралары қолланылған күннен баслап есапланатуғын мүддетлер өтип кетпеген болса, жаза орынланады. Интизамлық бөлимге жибериў ямаса хызмет бойынша шеклеў жазасына ҳүким етилген әскерий хизметкерлер, олардың денсаўлығы әскерий хызмет ушын жарамсыз деп табылған болса, жазаны өтеўден азат етиледи. Хызмет бойынша шеклеў жазасына ҳүким етилген әскерий хызметкер ҳаяллар оларға ҳәмледарлық ҳәм туўыў демалысы берилиўи мүнәсебети менен де жазаны өтеўден азат етиледи. Мәжбурий жәмийетлик жумысларына ямаса мийнет пенен дүзетиў жумысларына ҳүким етилген шахслар жазаны өтеў ўақтында мийнетке жарамсыз болып қалса ямаса пенсия жасына жеткен болса, сондай-ақ ҳаяллар усы түрдеги жазаны өтип атырған ўақытта ҳәмледарлық ҳәм туўыў демалысына шықса, жазаны өтеўден азат етиледи. Download 340.7 Kb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling