Өзбекстан республикасының жынаят кодекси 2023 жыл Өзбекстан республикасының жынаят кодекси


-статья. Медициналық тәртиптеги мәжбүрлеў шараларын қоллаўды узайтырыў, өзгертиў ҳәм тамамлаў


Download 340.7 Kb.
bet35/141
Sana20.11.2023
Hajmi340.7 Kb.
#1788971
TuriКодекс
1   ...   31   32   33   34   35   36   37   38   ...   141
Bog'liq
ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ ЖЫНАЯТ КОДЕКСИ 1

95-статья. Медициналық тәртиптеги мәжбүрлеў шараларын қоллаўды узайтырыў, өзгертиў ҳәм тамамлаў
Руўхый жағдайы бузылған шахсларға медициналық тәртиптеги мәжбүрлеў шараларын қоллаўды узайтырыў, өзгертиў ҳәм тамамлаў шыпакер психиатрлар комиссиясының жуўмағы тийкарында, жазаны орынлаў мәкемелериниң емлеў-профилактика жәрдемин көрсетиў бөлимлеринде ҳәм судланғанларға мөлшерленген қәнигелескен емлеўханада болса, медициналық-мәслаҳәт комиссиясының жуўмағы тийкарында суд тәрепинен әмелге асырылады.
Руўхый жағдайы бузылған шахс медициналық тәртиптеги мәжбүрлеў шараларын қоллаўға мүтәж болмаған жағдайларда, сондай-ақ бул шараларды қоллаў тамамланылғанда суд бундай шахсты улыўма тийкарларда емлеў ямаса социал тәмийнат шөлкемине жибериў ҳаққындағы мәселени шешиў ушын денсаўлықты сақлаў шөлкемлерине тапсырыўы мүмкин.
Алкоголизимге, нәшебентликке ямаса зәҳәрбентликке жолыққан шахсларға жаза менен бир қатарда тайынланған медициналық тәртиптеги мәжбүрлеў шараларын қоллаўды тамамлаў медициналық-мәслаҳәт комиссиясының жуўмағы тийкарында суд тәрепинен әмелге асырылады.

96-статья. Жаза менен бирге тайынланатуғын медициналық тәртиптеги мәжбүрлеў шараларын қоллаў
Алкоголизимге, нәшебентликке ямаса зәҳәрбентликке жолыққан ямаса ес-ақлы пүтинликти бийкарламайтуғын тәризде руўхый жағдайы бузылған шахслар тәрепинен жынаят исленген тәғдирде, егер медициналық жуўмақ бар болса, суд жаза тайынлаў менен бирге оларға медициналық тәртиптеги мәжбүрлеў шараларын белгилеўи мүмкин.
Усы статьяның биринши бөлиминде көрсетилген шахслар, еркинен айырыў менен байланыслы болмаған жазаға ҳүким етилген болса, медициналық мәкемелеринде мәжбурий емлениўи керек.
Усы статьяның биринши бөлимиде көрсетилген шахслар еркинен айырыў жазасына ҳүким етилген болса, оларды емлеў жазаны өтеп атырған орында әмелге асырылады, жазаны тамамламағаннан кейин егерде емлеўди даўам еттириўге зәрүрат болса, улыўма тийкарда медициналық мәкемелерде емленеди.

АРНАЎЛЫ БӨЛИМ


Download 340.7 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   31   32   33   34   35   36   37   38   ...   141




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling