Өзбекстан республикасының жынаят кодекси 2023 жыл Өзбекстан республикасының жынаят кодекси


Download 340.7 Kb.
bet43/141
Sana20.11.2023
Hajmi340.7 Kb.
#1788971
TuriКодекс
1   ...   39   40   41   42   43   44   45   46   ...   141
Bog'liq
ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ ЖЫНАЯТ КОДЕКСИ 1

117-статья. Қәўип астында қалдырыў
Өмири ямаса ден саўлығын қәўип астында қалған ҳәм өзин-өзи қорғаў имканиятынан айрылған шахсқа жәрдем көрсетпеў егер, айыпкер бундай аҳўалдағы шахсқа жәрдем бериўи шәрт ҳәм бундай имканиятқа ийе болған яки айыпкердиң өзи жәбирлениўшини қәўипли аҳўалға, салып қойған және бул ҳал денеге орташа аўыр ямаса аўыр жарақат салыўына себеп болса, —
үш жүз саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары ямаса еки жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары менен жазаланады.
Усы қылмыс адам өлиўине себеп болса, —
еки жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары ямаса бир жылдан үш жылға шекем еркин шеклеў ямаса үш жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы қылмыслар :
а) адамлар өлимине;
б) басқаша аўыр ақыбетлерге себеп болса, —
үш жылдан бес жылға шекем еркин шеклеў яки үш жылдан бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.

IV БАП. ЖЫНЫСЫЙ ЕРКИНЛИККЕ ҚАРСЫ ЖЫНАЯТЛАР

118-статья. Ар-намысқа тийиў
Ар-намысқа тийиў, яғный зорлық ислетип, қорқытып ямаса жәбирлениўшиниң ҳәлсизилигинен пайдаланып, жынысый байланысқа түсиў, —
бес жылдан сегиз жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Ар-намысқа тийиў:
а) еки ямаса бир неше шахсқа;
б) тәкираран, қәўипли рецидивист тәрепинен ямаса алдын усы Кодекстиң 119, 121, 128 ҳәм (ямаса ) 129-статьяларында нәзерде тутылған жынаятларды ислеген шахс тәрепинен;
в) бир топар шахслар тәрепинен;
г) өлтириў менен қорқытып;
д) майыплығы айыпкерге белгили болған шахсқа қарата исленген болса, —
сегиз жылдан он жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Ар-намысқа тийиў:
а) он сегиз жасқа толмаған шахсқа;
б) жақын туўсқанларына, бурынғы ҳаялына (бурынғы күйеўине), бир руўзыгершилик тийкарында биргеликте жасап атырған шахсқа яки улыўма перзентке ийе болған шахсқа;
в) жәбирлениўшини тәрбиялаў, оқытыў ҳәм (ямаса ) оған ғамхорлық етиў миннетлемелерин орынлап атырған шахс тәрепинен, сондай-ақ жәбирлениўшиге қарап турыў миннетлемелери нызам менен мойнына жүклетилген тәлим, тәрбия, емлеў ямаса басқа шөлкемниң жумысшысы тәрепинен;
г) ғалабалық тәртипсизликлер қатнасыўшысы тәрепинен;
д) оғада қәўипли рецидивист тәрепинен исленген болса ;
е) аўыр ақыбетлерге алып келген болса, —
он жылдан он бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Он төрт жасқа толмаған шахстың ар-намысына тийиў, —
он бес жылдан жигирма жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.

Download 340.7 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   39   40   41   42   43   44   45   46   ...   141




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling