Өзбекстан республикасының жынаят кодекси 2023 жыл Өзбекстан республикасының жынаят кодекси


-статья. Ата-ананы материаллық тәмийинлеўден бас тартыў


Download 340.7 Kb.
bet46/141
Sana20.11.2023
Hajmi340.7 Kb.
#1788971
TuriКодекс
1   ...   42   43   44   45   46   47   48   49   ...   141
Bog'liq
ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ ЖЫНАЯТ КОДЕКСИ 1

123-статья. Ата-ананы материаллық тәмийинлеўден бас тартыў
Ер жеткен шахслардың мийнетке жарамсыз ҳәм материаллық жәрдемге мүтәж болған ата-ананы ямаса олардың орын басыўшы шахсларды материаллық тәмийинлеўден бас тартыўы, яғный оларды материаллық тәрептен тәмийинлеў ушын суддың қарарына муўапық өндирилиўи керек болған қаржыны жәми болып еки айдан артық мүддет даўамында төлемеў, усындай қылмыс ушын ҳәкимшилик жаза қолланылғанынан кейин исленген болса, —
үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары ямаса бир жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Егер шахс алимент миннетлемелери бойынша қарыздарлықты толық төлеген болса, ол жуўапкершиликтен азат етиледи.

124-статья. Баланы алмастырып қойыў
Дәмегөйлик ямаса пәс нийетлерде қасттан баланы алмастырып қойыў —
базалық есаплаў муғдарының жигирма бес есесинен елиў есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жүз алпыс сааттан төрт жүз сексен саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары ямаса үш жылдан бес жылға шекем еркин шеклеў ямаса үш жылдан бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.

125-статья. Перзентликке алыў сырын әшкаралаў
Перзентликке бала алыўшылардың ямаса қәўендерлик ҳәм ғамхорлық органының еркине қарсы, жетим ямаса ата-ана ғамқорлығынан айрылған балаларды перзентликке алыўдың нызам менен қорғаўланатуғын сырын әшкаралаў —
базалық есаплаў муғдарының елиў есесинен жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жүз саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары яки еки жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары менен жазаланады.
Усы қылмыс :
а) кәсип искерлиги ямаса хызмет дәрежесине көре перзентликке алыўды сыр сақлаўы шәрт болған шахс тәрепинен исленген болса ;
б) дәмегөйлик ямаса басқа пәс нийетлерде исленген болса ;
в) аўыр ақыбетлерге себеп болса, —
базалық есаплаў муғдарының жүз есесинен еки жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жүз сааттан үш жүз алпыс саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары яки еки жылдан үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары менен жазаланады.


Download 340.7 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   42   43   44   45   46   47   48   49   ...   141




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling