Өзбекстан республикасының жынаят кодекси 2023 жыл Өзбекстан республикасының жынаят кодекси


-статья. Жынысый талапты зорлық ислетип ғайрытәбийий усылда қандырыў


Download 340.7 Kb.
bet44/141
Sana20.11.2023
Hajmi340.7 Kb.
#1788971
TuriКодекс
1   ...   40   41   42   43   44   45   46   47   ...   141
Bog'liq
ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ ЖЫНАЯТ КОДЕКСИ 1

119-статья. Жынысый талапты зорлық ислетип ғайрытәбийий усылда қандырыў

Зорлық ислетип, қорқытып ямаса жәбирлениўшиниң ҳәлсизлигинен пайдаланып, жынысый талапты ғайрытәбийий усылда қандырыў, —


бес жылдан сегиз жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы ҳәрекетлер:
а) еки ямаса оннан артық шахсқа;
б) тәкираран, қәўипли рецидивист тәрепинен ямаса алдын усы кодекстиң 118, 121, 128 ҳәм (ямаса) 129-статьяларында нәзерде тутылған жынаятларды ислеген шахс тәрепинен;
в) бир топар шахслар тәрепинен;
г) өлтириў менен қорқытып;
д) майыплығы айыпкерге белгили болған шахсқа қарата исленген болса, —
сегиз жылдан он жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы статьяның биринши ямаса екинши бөлиминде нәзерде тутылған ҳәрекетлер:
а) он сегиз жасқа толмаған шахсқа ;
б) жақын туўысқанларына, бурынғы ҳаялына (бурынғы күийеўине), бир руўзыгершилик тийкарында биргеликте жасап атырған шахсқа яки улыўма перзентке ийе болған шахсқа ;
в) жәбирлениўшини тәрбиялаў, оқытыў ҳәм (ямаса ) оған ғамхорлық етиў миннетлемелерин орынлап атырған шахс тәрепинен, сондай-ақ жәбирлениўшиге қарап турыў миннетлемелери нызам менен мойнына жүклетилген тәлим, тәрбия, емлеў ямаса басқа шөлкемниң жумысшысы тәрепинен;
г) ғалабалық тәртипсизликлер қатнасыўшысы тәрепинен;
д) оғада қәўипли рецидивист тәрепинен исленген болса ;
е) аўыр ақыбетлерге алып келген болса, —
он жылдан он бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы статьяда нәзерде тутылған ҳәрекетлер он төрт жасқа толмаған шахсқа қарата исленген болса, —
он бес жылдан жигирма жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.

120 -статья. Бесқолабазлық
Бесқолабазлық, яғный ер адамның ер адам менен зорлық ислетпестен жынысый талапты қандырыўы —
бир жылдан үш жылға шекем еркин шеклеў яки үш жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.

121-статья. Шахсты жынысый байланыс жасаўға мәжбүрлеў
Хызмет, материаллық ямаса басқа тәрептен айыпкерге ғәрезли болған шахсты жынысый байланыс етиўге ямаса жынысый талапты ғайрытәбийий усылда қандырыўға мәжбүр етиў, —
үш жүз сааттан төрт жүз сексен саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары ямаса еки жылдан үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары яки бир жылдан үш жылға шекем еркин шеклеў ямаса бир жылдан үш жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы ҳәрекет аўыр ақыбетлерге алып келсе, —
үш жылдан бес жылға шекем еркин шеклеў ямаса үш жылдан бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы ҳәрекет жынысый байланыста болыў ямаса жынысый талапты ғайрытәбиий усылда қандырыў менен байланыслы ҳалда исленген болса, —
үш жылдан бес жылға шекем еркин шеклеў ямаса үш жылдан бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы статьяның үшинши бөлминде нәзерде тутылған ҳәрекет:
а) он сегиз жасқа толмаған шахсқа ;
б) жақын туўысқанларына, бурынғы ҳаялына (бурынғы күийеўине), бир руўзыгершилик тийкарында биргеликте жасап атырған шахсқа яки улыўма перзентке ийе болған шахсқа қарата ;
в) тәкираран, қәўипли рецидивист тәрепинен ямаса илгери усы Кодекстиң 118, 119, 128 ҳәм (ямаса) 129-статьяларында нәзерде тутылған жынаятларды ислеген шахс тәрепинен;
г) аўыр ақыбетлерге алып келсе, —
бес жылдан сегиз жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.


Download 340.7 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   40   41   42   43   44   45   46   47   ...   141




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling