115-статья. Ҳаялды өз ҳәмилесин жасалма рәўиште түсириўге мәжбүрлеў
Ҳаялды өз ҳәмилесин жасалма рәўиште түсириўге мәжбүрлеў, егер ҳәмиле жасалма түсирилген болса, —
базалық есаплаў муғдарының жүз есесинен еки жүз есеине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жылдан бес жылға шекем белгили ҳуқықтан айырыў яки үш жүз сааттан үш жүз алпыс саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары ямаса еки жылдан үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары менен жазаланады.
1151-статья. Инсанды оның ағзаларын ҳәм (ямаса) клеткаларын трансплантация ушын алыўға разылық бериўге мәжбүрлеў
Инсанды оның ағзаларын ҳәм (ямаса) клеткаларын трансплантация ушын алыўға разылық бериўге мәжбүрлеў, зорлық ислетип ямаса зорлық ислетиў менен қорқытып ислеген болса, —
үш жылдан бес жылға шекем еркин шеклеў ямаса бир жылдан үш жылға шекем белгили ҳуқықтан айырып, үш жылдан бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы ҳәрекетлер әззи жағдайда екенлиги айыпкерге белгили болған шахсқа яки материаллық тәрептен, хызмет тәрепинен ямаса басқа тәрептен айыпкерге ғәрезли болған шахсқа ислеген болса, —
бес жылдан сегиз жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
116-статья. Өзиниң кәсиплик ўазыйпаларын лазым дәрежеде орынламаў
Шахстың өз кәсипине бийпәрўалығы ямаса инсапсызлық пенен мүнәсебетте болыўы себепли өзиниң кәсиплик ўазыйпаларын орынламағанлығы ямаса лазым дәрежеде орынламағанлығы денеге орташа аўыр ямаса аўыр зыян келтириўине себеп болса, —
үш жылға шекем белгили ҳуқықтан айырыў ямаса үш жүз саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары яки еки жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары менен жазаланады.
Нызам ямаса арнаўлы қағыйдаларға муўапық наўқасқа жәрдем көрсетиўи шәрт болған шахстың тийкарлы себепсиз оған жәрдем көрсетпеген болса денеге орташа аўыр ямаса аўыр зыян келтириўине себеп болса, —
базалық есаплаў муғдарының жүз есесинен еки жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жылдан бес жылға шекем белгили ҳуқықтан айырыў яки үш жүз сааттан үш жүз алпыс саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары ямаса еки жылдан үш жылға мийнет пенен дүзетиў жумыслары менен жазаланады.
Усы статьяның биринши ямаса екинши бөлиминде нәзерде тутылған қылмыслар абайсызлықтан адам өлиўине себеп болса, —
еки жылдан бес жылға шекем еркин шеклеў ямаса бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы статьяның биринши ямаса екинши бөлиминде нәзерде тутылған қылмыслар абайсызлық нәтижесинде :
а) адамлар өлимине;
б) басқаша аўыр ақыбетлерге себеп болса, —
бес жылдан сегиз жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Do'stlaringiz bilan baham: |