Өзбекстан республикасының жынаят кодекси 2023 жыл Өзбекстан республикасының жынаят кодекси


-статья. Күшли руўхый ҳәўлығыў жағдайында қасттан денеге аўыр ямаса орташа аўыр жарақат салыў


Download 340.7 Kb.
bet39/141
Sana20.11.2023
Hajmi340.7 Kb.
#1788971
TuriКодекс
1   ...   35   36   37   38   39   40   41   42   ...   141
Bog'liq
ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ ЖЫНАЯТ КОДЕКСИ 1

106 -статья. Күшли руўхый ҳәўлығыў жағдайында қасттан денеге аўыр ямаса орташа аўыр жарақат салыў
Жәбирлениўши тәрепинен исленген нызамсыз зорлық ямаса аўыр ақыретлеў, сондай-ақ айыпкердиң ямаса оның жақын туўысқанларының өлимине ямаса денсаўлыгына зыян келтирилиўине себеп болған ямаса себеп болыўы мүмкин болған басқа нызамсыз ҳәрекетлер себепли тосаттан жүз берген күшли руўхый ҳәўлығыў жағдайында қасттан денеге аўыр ямаса орташа аўыр жарақат салыў —
базалық есаплаў муғдарының елиў есесинен жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жүз алпыс саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары ямаса еки жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары ямаса бир жылдан үш жылға шекем еркин шеклеў ямаса үш жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.

107-статья. Зәрүрли қорғаныў шегарасынан шетке шығып, қасттан денеге аўыр жарақаст салыў
Зәрүрли қорғаныў шегарасынан шетке шығып, қасттан денеге аўыр жарақат салыў —
базалық есаплаў муғдарының еллиў есесинен жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жүз саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары ямаса еки жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары менен жазаланады.
108-статья. Жәмийетлик қәўипли қылмыс ислеген шахсты услаўдың зәрүр шаралары шегарасынан шетке шығып, денеге қасттан аўыр жарақат салыў
Жәмийетлик қәўипли қылмыс ислеген шахсты услаўдың зәрүр шаралары шегарасынан шетке шығып, денеге қасттан аўыр жарақат салыў —
базалық есаплаў муғдарының жигирма бес есесинен еллиў есемине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жүз саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары ямаса еки жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары менен жазаланады.

109 -статья. Қасттан денеге жеңил жарақат салыў
Денсаўлықтың қысқа мүддетке жаманласыўына ямаса мийнет қәбилетиниң онша узақ болмаған мүддетке жоғалып кетиўине алып келмеген қасттан денеге жеңил жарақат салыў усы ҳәрекетлер ушын ҳәкимшилик жаза қолланылғанынан кейин исленген болса, —
базалық есаплаў муғдарының жигирма бес есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса еки жүз қырық саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары ямаса бир жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары менен жазаланады.
Денсаўлықтың қысқа ўақыт, яғный алты күннен артық, бирақ жигирма бир күннен көп болмаған мүддетке жаманласыўына ямаса улыўма мийнет қәбилетиниң онша узақ болмаған мүддетке жоғалыўына себеп болған қасттан денеге жеңил жарақат салыў усы Кодекстиң 1261-статьясында нәзерде тутылған жынаят белгилери болмаса —
базалық есаплаў муғдарының жигирма бес есесинен елиў есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса еки жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары ямаса бир жылға шекем еркин шеклеў ямаса бир жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.


Download 340.7 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   35   36   37   38   39   40   41   42   ...   141




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling