Өзбекстан республикасының жынаят кодекси 2023 жыл Өзбекстан республикасының жынаят кодекси


-статья. Соз ямаса АИЖС кеселлигин тарқатыў


Download 340.7 Kb.
bet41/141
Sana20.11.2023
Hajmi340.7 Kb.
#1788971
TuriКодекс
1   ...   37   38   39   40   41   42   43   44   ...   141
Bog'liq
ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ ЖЫНАЯТ КОДЕКСИ 1

113-статья. Соз ямаса АИЖС кеселлигин тарқатыў
Биле турып, басқа шахсты соз кеселлигин жуқтырыў қәўипи астында қалдырыў —
базалық есаплаў муғдарының жигирма бес есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса еки жүз қырық саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары яки бир жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары менен жазаланады.
Өзинде соз кеселлиги бар екенин биле турып, усы кеселди басқа шахсқа жуқтырыў —
базалық есаплаў муғдарының елиў есесинен жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса еки жүз қырық сааттан үш жүз алпыс саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары ямаса еки жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары яки бир жылдан үш жылға шекем еркин шеклеў ямаса үш жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы статьяның биринши ямаса екинши бөлиминде нәзерде тутылған ҳәрекетлер:
а) еки ямаса оннан артық шахсқа ;
б) ер жетпеген шахсқа қарата исленген болса, —
үш жүз алпыс сааттан төрт жүз сексен саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары ямаса үш жылдан бес жылға шекем еркин шеклеў яки үш жылдан бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Биле турып, басқа шахсты АИЖС кесселлигин жуқтырыў қәўипи астында қалдырыў ямаса оған АИЖС кеселлигин жуқтырыў —
бес жылдан сегиз жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Шахстың кәсиби бойынша өз ўазыйпаларын орынламағанлығы ямаса лазым дәрежеде орынламағанлығы ақыбетинде басқа шахсқа АИЖС кеселлиги жуқтырыўы —
базалық есаплаў муғдарының жүз есесинен еки жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жүз алпыс сааттан төрт жүз сексен саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары ямаса еки жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары яки еки жылдан бес жылға шекем еркин шеклеў ямаса бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.

114-статья. Жынайый түрде ҳәмиле түсириў (аборт)
Шыпакер акушер ямаса гинеколог тәрепинен емлеў мәкемелеринен тысқары орынларда ямаса медициналық көз қарастан мүмкин болмаған ҳалда жасалма түрде ҳәмиле түсириў —
базалық есаплаў муғдарының жигирма бес есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жылға шекем белгили ҳуқықтан айырыў яки еки жүз қырық саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары ямаса бир жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары менен жазаланады.
Жасалма түрде ҳәмиле түсириўге ҳуқықы болмаған шахстың бундай исти әмелге асырыўы —
базалық есаплаў муғдарының жигирма бес есесинен елиў есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса еки жүз қырық сааттан үш жүз саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары яки бир жылдан еки жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары менен жазаланады.
Усы статьяның биринши ямаса екинши бөлиминде нәзерде тутылған ҳәрекетлер абайсызлық нәтижесинде :
а) жәбирлениўшиниң өлиўине;
б) басқаша аўыр ақыбетлерге себеп болса,
еки жылдан үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары ямаса еки жылдан бес жылға шекем еркин шеклеў яки бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.

Download 340.7 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   37   38   39   40   41   42   43   44   ...   141




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling