100-статья. Зәрүрли қорғаныў шегарасынан шетке шығып, қасттан адам өлтириў
Зәрүрли қорғаныў шегарасынан шетке шығып, қасттан адам өлтириў —
үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары ямаса бир жылдан үш жылға шекем еркин шеклеў ямаса үш жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
101-статья. Жәмийетлик қәўипли қылмыс ислеген шахсты услаўдың зәрүр шаралары шегарасынан шетке шығып, қасттан адам өлтириў
Жәмийетлик қәўипли қылмыс ислеген шахсты услаўдың зәрүр шаралары шегарасынан шетке шығып, қасттан адам өлтириў —
үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары ямаса бир жылдан үш жылға шекем еркин шеклеў ямаса үш жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
102-статья. Абайсызлықтан адам өлтириў
Абайсызлықтан адам өлтириў —
еки жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары ямаса бир жылдан үш жылға шекем еркин шеклеў ямаса үш жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Абайсызлықтан еки ҳәм оннан артық адам өлтириў —
еки жылдан үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары ямаса үш жылдан бес жылға шекем еркин шеклеў ямаса үш жылдан бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
103-статья. Өзин-өзи өлтириў дәрежесине жеткизиў.
Шахсты қорқытыў, оған рейимсиз мәмиледе болыў ямаса оның абыройын ҳәм қәдир-қымбатын үзликсиз түрде кемситиў нәтийжесинде оны өзин-өзи өлтириў дәрежесине ямаса өзин-өзи өлтириўине қаслық етиў дәрежесине жеткизиў,-
үш жылдан жети жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы ҳәрекетлер:
а) материаллық тәрептен ямаса басқа тәреплерден айыпкерге ғәрезли болған шахсқа ;
б) ер жетпеген шахсқа ямаса ҳәмледарлығы айыпкерге белгили болған ҳаялға ;
в) бир топар шахслар тәрепинен алдынан тил бириктирип;
г) телекоммуникация тармақларынан, сондай-ақ Интернет пүткил дунья ахпарат тармағынан пайдаланып исленген болса, —
жети жылдан он жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
1031-статья. Өзин-өзи өлтириўге үндеў
Өзин-өзи өлтириўге үндеў, яғный көндириў алдаў ямаса басқа жол менен өзге шахста өзин-өзи өлтириў сезимин оятыў, егер шахс өзин-өзи өлтирген ямаса өзин өзи өлтириўге қастыянлық еткен болса, —
еки жылдан бес жылға шекем еркин шеклеў ямаса бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы ҳәрекетлер:
а) ер жетпеген шахсқа ямаса ҳәмледарлығы айыпкерге белгили болған ҳаялға;
б) бир топар шахслар тәрепинен алдынан тил бириктирип;
в) телекоммуникация тармақларынан, сондай-ақ Интернет пүткил дунья ахпарат тармағынан пайдаланып исленген болса, —
бес жылдан жети жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Do'stlaringiz bilan baham: |