90 -статья. Жазаны жеңилреги менен алмастырыў
Он сегиз жасқа толғанға шекем ислеген жынаяты ушын еркинен айырыў, еркин шеклеў ямаса мийнет пенен дүзетиў жумысына ҳүким етилген шахсқа жазаның өтелмеген бөлеги жеңилрек түрдеги жаза менен алмастырылыўы мүмкин.
Жазаны жеңилреги менен алмастырыў усы статьяның биринши бөлиминде көрсетилген жаза түрлери ушын белгиленген тәртип-қағыйда талапларын орынлаған ҳәм мийнет ямаса оқыўға ҳадал мүнәсебетте болып келген судланған шахсқа қолланылыўы мүмкин.
Жазаның өтелмеген бөлегин жеңилреги менен алмастырыў :
а) жәмийетлик қәўипи үлкен болмаған ямаса онша аўыр болмаған жынаят ушын тайынланған жаза мүддетиниң кеминде бестен бири;
б) аўыр жынаят ушын тайынланған жаза мүддетиниң кеминде төрттен бири;
в) оғада аўыр жынаят ушын, сондай-ақ қасттан исленген жынаяты ушын, егер шахс алдын қасттан ислеген жынаят ушын еркинен айырыўға ҳүким етилген болса, тайынланған жаза мүддетиниң кеминде үштен бир бөлегин өтеп болғаннан кейин қолланылыўы мүмкин.
Еркинен айырыў ямаса еркин шеклеў жазаның өтелмеген бөлеги мийнет пенен дүзетиў жумыслары менен алмастырылғанда мийнет пенен дүзетиў жумыслары еркинен айырыў ямаса еркин шеклеў жазасының өтелмеген бөлеги даўамында тайынланады.
Жаза жеңилреги менен алмастырылған шахсларға жеңиллеў жазаның тийисли бөлеги өтеп болынғаннан кейин усы Кодекстиң 89 -статьясында нәзерде тутылған қағыйдаларға муўапық, жазадан мүддетинен бурын шәртли түрде азат етилиўи мүмкин.
Жаза жеңилреги менен алмастырылған шахс жазаның өтелмеген бөлеги даўамында жаңа жынаят ислесе, суд оған усы Кодекстиң 60 ҳәм 86-статьяларында нәзерде тутылған қағыйдаларға муўапық жаза тайынлайды.
ЖЕТИНШИ БӨЛИМ
МЕДИЦИНАЛЫҚ ТҮРДЕГИ МӘЖБЎРЛЕЎ ШАРАЛАРЫ
ХVII БАП. МЕДИЦИНАЛЫҚ ТӘРТИПТЕГИ МӘЖБҮРЛЕЎ ШАРАЛАРЫНЫҢ ТИЙКАРЛАРЫ ҲӘМ ОЛАРДЫ БЕЛГИЛЕЎ
91-статья. Мәжбүрлеў шараларының мақсетлери
Медициналық тәртиптеги мәжбүрлеў шаралары руўхый жағдайы бузылған, жәмийетлик қәўипли қылмыс ислеген шахсларға усы шахсларды емлеў ҳәм олардың жаңа жәмийетлик қәўипли қылмыслар ислениўиниң алдын алыў мақсетинде тайынланыўы мүмкин.
Медициналық тәртиптеги мәжбүрлеў шаралары алкоголизмге, нәшебентликке ямаса зәҳәрбентликке жолыққан ямаса ес-ақлы пүтинликти бийкарламайтуғын тәризде руўхый жағдайы бузылған шахсларға жазалаў менен бир қатарда, емлеў ушын ҳәм жазалаў мақсетине ерисиўге көмеклесиўши шәраятлар жаратыў ушын суд тәрепинен тайынланыўы мүмкин.
Do'stlaringiz bilan baham: |