Өзбекстан республикасының жынаят кодекси 2023 жыл Өзбекстан республикасының жынаят кодекси
Download 340.7 Kb.
|
ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ ЖЫНАЯТ КОДЕКСИ 1
- Bu sahifa navigatsiya:
- 83-статья. Мийнет пенен дүзетиў жумыслары
- 85-статья. Еркинликтен айырыў
- 86 -статья. Жаза тайынлаў
821-статья. Мәжбурий жәмийетлик жумыслары
Мәжбурий жәмийетлик жумыслары тек мийнетке уқыплы ер жетпегенлерге алпыс сааттан еки жүз қырық саатқа шекем болған мүддетке тайынланады. Мәжбурий жәмийетлик жумыслары ер жетпегенлердиң денсаўлығына ҳәм руўхый тәрептен раўажланыўына зыян жеткизбеўи, оқыў процесин бузбаўы керек. Он алты жастан он сегиз жасқа шекемги шахслар мәжбурий жәмийетлик жумысларын орынлаў мүддети, егер нызамда басқаша қағыйда белгиленбеген болса, алты ай даўамында күнине еки сааттан аспаўы, судланған шахсқа байланыслы болмаған жағдайлар жүзеге келген жағдайда болса, бир жылға шекем болған мүддетте күнине еки сааттан аспаўы керек. Судланған шахс жазаны өтеўден бас тартқан жағдайда, суд мәжбурий жәмийетлик жумысларының өтелмеген мүддетин мәжбурий жәмийетлик жумысларының төрт саатын еркинликтен шеклеўдиң ямаса еркинен айырыўдың бир күнине теңлестирген ҳалда есаплап, еркинликти шеклеў ямаса еркинен айырыў жазасы менен алмастырады. Жазаны өтеўден бас тартқан ўақыт жазаның өтелген мүддетине қосып есапланбайды. 83-статья. Мийнет пенен дүзетиў жумыслары Мийнет пенен дүзетиў жумыслары тек мийнетке уқыплы ер жетпегенлерге өз жумыс орнында өтеў, айыпкер ҳеш жерде ислемесе, бул жаза орынланыўын қадағалаўшы органлар белгилеп беретуғын өзи жасайтуғын аймақтағы басқа орынларда өтеў жолы менен бир айдан бир жылға шекем мүддетке тайынланады. 841-статья. Еркинликти шеклеў Еркинликти шеклеў ер жетпеген судланыўшыларға тийкарғы жаза шарасы ретинде алты айдан еки жылға шекем мүддетке тайынланады. 85-статья. Еркинликтен айырыў Ер жетпегенлерге еркинен айырыў жазасы алты айдан он жылға шекем мүддетке тайынланады, усы Кодекс 86-статьясының екинши, үшинши ҳәм төртинши бөлимлеринде нәзерде тутылған жағдайлар буннан тысқары. 86 -статья. Жаза тайынлаў Суд ер жетпегенлерге жаза тайынлаўда жаза тайынлаўдың улыўма тийкарларына әмел етеди, ер жетпегенниң раўажланыў дәрежеси, турмыс шәраяты ҳәм тәрбиясын, денсаўлғын, ислеген жынаятының себеплерин, үлкен жастағылардың ҳәм басқа жағдайлардың оған тәсирин есапқа алады. Он төрт жастан он алты жасқа шекемги ўақытта жынаят ислеген шахсларға жынаятлар жәми менен жаза тайынланғанда еркинен айырыўдың ең көп мүддети он жылға шекем, егер ислеген жынаятларының биреўи оғада аўыр жынаят болса, он еки жылға шекем тайынланады. Он алты жастан он сегиз жасқа шекемги ўақытта жынаят ислеген шахсларға жынаятлар жәми менен еркинликтен айырыў жазасы — он еки жылға шекем мүддетке, егер ислеген жынаятларының биреўи оғада аўыр жынаят болса, он бес жылға дейин мүддетке тайынланыўы мүмкин. Жынаят ислеў ўақтында он төрт жастан он сегиз жасқа шекемги шахсларға бир неше ҳүким бойынша тайынланатуғын еркинен айырыў жазасының мүддети он бес жылдан аспаўы керек. Ер жетпеген шахсқа еркинен айырыў ямаса мийнет пенен дүзетиў жумыслары жазасы тайынланғанда суд усы Кодекстиң 72-статьясында нәзерде тутылған тийкар ҳәм шәртлер әмелдеги болса, шәртли жаза тайынланыўы мүмкин. Download 340.7 Kb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling