Өзбекстан республикасының жынаят кодекси 2023 жыл Өзбекстан республикасының жынаят кодекси
-статья.Медициналық тәртиптеги мәжбүрлеў шараларын қоллаўдың улыўма тийкарлары
Download 340.7 Kb.
|
ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ ЖЫНАЯТ КОДЕКСИ 1
- Bu sahifa navigatsiya:
- 93-статья.Медициналық тәртиптеги мәжбүрлеў шараларының түрлери
- 94-статья. Медициналық тәртиптеги мәжбүрлеў шараларын тайынлаў
92-статья.Медициналық тәртиптеги мәжбүрлеў шараларын қоллаўдың улыўма тийкарлары
Жәмийетлик қәўипли қылмысты ақлы зайыллық жағдайында ислеген ямаса ҳүким шығарылғанға дейин ямаса жазаны өтеў ўақтында өз ҳәрекетлериниң әҳмийетин аңлай алмайтуғын ямаса оларды басқара алмайтуғын тәризде руўхый жағдайының бузылыўы жүзеге келген шахсқа , егер ол өзиниң руўхый жағдайы ҳәм ислеген қылмысының сыпатына көре жәмийет ушын қәўип туўдырса, суд тәрепинен медициналық тәртиптеги мәжбүрлеў шаралары тайынланыўы мүмкин. 93-статья.Медициналық тәртиптеги мәжбүрлеў шараларының түрлери Медициналық тәртиптеги мәжбүрлеў шаралары түрине төмендегилер киреди: а) жасаў орны бойынша руўхый-нерв кеселликлери диспансеринде (район (қала) руўхый кеселликлер ханасында) мәжбурий амбулатория гүзетиўинде болыў ҳәм емлениў; б) жасаў орны бойынша улыўма тәртиптеги руўхый кеселликлер елеўханасының улыўма гүзетилетуғын бөлиминде мәжбурий емлениў; в) улыўма тәртиптеги руўхый кеселликлер емлеўханасының арнаўлы реабилитация бөлиминде мәжбурий емлениў; г) гүзетиў күшейтирилген руўхый кеселликлер емлеўханасында мәжбурий емлениў; д) жазаны орынлаў мәкемелериниң емлеў-профилактика жәрдеми көрсетиў бөлимлеринде ҳәм де судланғанларға мөлшерленген қәнигелескен емлеўханада мәжбурий амбулатория гүзетиўинде болыў ҳәм емлениў. 94-статья. Медициналық тәртиптеги мәжбүрлеў шараларын тайынлаў Руўхый жағдайы бузылған, кеселлигиниң күшейиўи белгилери болмаған шахсларға, сондай-ақ руўхый жағдайы ўақтынша бузылған шахсларға кеселлик қайталаныўының ҳәм олар тәрепинен жаңа жәмийетлик қәўипли қылмыслар ислениўиниң алдын алыў ушын жасаў орны бойынша руўхый-нерв кеселликлери руўхый кеселликлер емлеўханасында (район (қала ) руўхый кеселликлер ханасында) мәжбурий амбулатория гүзетиўинде болыў ҳәм емлениўи тайынланыўы мүмкин. Жасаў орны бойынша улыўма тәртиптеги руўхый кеселликлер емелеўханасының улыўма гүзетилетуғын бөлиминде мәжбурий емлениў жәмийетлик қәўиплилиги улыўма тийкарларда әмелге асырылыўы мүмкин болған емлеўди талап ететуғын жағдай менен байланыслы болған, руўхый жағдайы бузылған шахсларға тайынланыўы мүмкин. Улыўма тәртиптеги руўхый кеселликлер емлеўханасының арнаўлы реабилитация бөлиминде мәжбурий емлениў жәмийетлик қәўиплилиги көбирек ықтыярый тәртипте әмелге асырылыўы мүмкин болмаған реабилитация шаралары көрилиўин талап ететуғын жағдай менен байланыслы болған, руўхый жағдайы бузылған шахсларға тайынланыўы мүмкин. Гүзетиўи күшейтирилген руўхый кеселликлер емлеўханасында мәжбурий емлениў оғада жәмийетлик қәўипли болған ямаса өз минез-қулқында улыўма тәртиптеги руўхый кеселликлер емлеўханасы шәраятларында зәрүр емлениў ҳәм реабилитация шараларын әмелге асырыў имканиятын бермейтуғын қағыйдабузарлықларға жол қоятуғын, руўхый жағдайы бузылған шахсларға тайынланыўы мүмкин. Руўхый жағдайы бузылған шахслар гүзетиўи күшейтирилген руўхый кеселликлер емлеўханасында путкиллей ажыратылған ҳалда сақланады ҳәм қорғалады. Жазаны орынлаў мәкемелериниң емлеў-профилактика жәрдеми көрсетиў бөлимлеринде ҳәмде судланғанларға мөлшерленген қәнигелескен емлеўханада мәжбурий амбулатория гүзетиўинде болыў ҳәм емлениў ес-ақлы пүтинликти бийкарламайтуғын тәризде руўхый жағдайы бузылған, жынаят ислеў ўақтында руўхый жағдайы бузылғанлығы себепли өз ҳәрекетлериниң (ҳәрекетсизлигиниң) әҳмийетин толық дәрежеде аңлай алмаған ямаса оларды басқара алмаған шахсларға тайынланыўы мүмкин. Download 340.7 Kb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling