Өзбекстан республикасының жынаят кодекси 2023 жыл Өзбекстан республикасының жынаят кодекси
II БАП. ДЕНСАЎЛЫҚҚА ҚАРСЫ ЖЫНАЯТЛАР
Download 340.7 Kb.
|
ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ ЖЫНАЯТ КОДЕКСИ 1
- Bu sahifa navigatsiya:
- 105-статья. Қасттан денеге орташа аўыр жарақат салыў
II БАП. ДЕНСАЎЛЫҚҚА ҚАРСЫ ЖЫНАЯТЛАР
104-статья. Қасттан денеге аўыр жарақат салыў Исленип атырған ўақытта өмир ушын қәўипли болған қасттан денеге аўыр жарақат салыў нәтийжесинде көриў, сөйлеў, еситиў қәбилетин жойтыў ямаса қандайда бир ағзаның истен шығыўы ямаса оның искерлигин пүткиллей жоғалып кетиўине, руўхый жағдайының бузылыўына ямаса денсаўлғының басқаша тәризде бузылыўна, улыўма мийнет қәбилетиниң отыз үш пайызынан кем болмаған бөлегиниң турақлы жоғалып кетиўине ямаса ҳәмилениң түсиўи ямаса денениң дүзелмейтуғын дәрежеде шырайсызласыўына себеп болса ҳәм усы Кодекстиң 1261-статьясында нәзерде тутылған жынаят белгилери болмаса, — үш жылдан бес жылға шекем еркин шеклеў ямаса үш жылдан бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады. Қасттан денеге аўыр жарақат салыў: а) ҳәмледарлығы айыпкерге белгили болған ҳаялға; б) өз хызмет ямаса пуқаралық миннетин орынлаўы мүнәсебети менен шахсқа ямаса оның жақын туўысқанларына ; в) оғада жаўызлық пенен; г) ғалабалық тәртипсизликлер ўақтында; д) дәмегөйлик нийетинде; е) бийзарлық ақыбетинде; ж) миллетлер ара ямаса рассалық душпанлық тийкарында; з) диний ақидапарастлық негизинде; и) инсан ағзаларын ҳәм (ямаса ) клеткаларын алыў мақсетинде; к) бир топар шахслар тәрепинен; л) қуралды ямаса суўық қурал ретинде пайдаланылыўы мүмкин болған буйымларды исленген болса, — бес жылдан сегиз жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады. Қасттан денеге аўыр жарақат салыў: а) еки ямаса оннан артық шахсқа; б) тәкираран, қәўипли рецидивист ямаса алдын усы Кодекстиң 97-статьясында нәзерде тутылған тәризде қасттан адам өлтирген шахс тәрепинен; в) оғада қәўипли рецидивист тәрепинен; г) шөлкемлескен топар ағзасы тәрепинен ямаса сол топардың мәплерин гөзлеп исленген болса ; д) жәбирлениўшиниң өлиўине себеп болса, — сегиз жылдан он жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады. 105-статья. Қасттан денеге орташа аўыр жарақат салыў Исленген ўақытта өмир ушын қәўипли болмаған ҳәм усы Кодекстиң 104-статьясында нәзерде тутылған ақыбетлерге алып келмеген, бирақ ден саўлықтың узақ ўақыт, яғный кеминде жигирма бир күн, бирақ төрт айдан көп болмаған дәўирде жаманласыўына ямаса улыўма мийнет қәбилетиниң он пайызынан отыз үш пайызына шекем жоғалып кетиўине себеп болған қасттан денеге орташа аўыр жарақат салыў усы Кодекстиң 1261-статьясында нәзерде тутылған жынаят белгилери болмаса — үш жүз алпыс саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары ямаса үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары ямаса бир жылдан үш жылға шекем еркин шеклеў ямаса үш жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады. Қасттан денеге орташа аўыр жарақат салыў: а) еки ямаса оннан артық шахсқа ; б) ҳәмледарлығы айыпкерге белгили болған ҳаялға ; в) өз хызмет ямаса пуқаралық миннетин орынлаўы мүнәсебети менен шахсқа ямаса оның жақын туўысқанларына ; г) оғада жаўызлық пенен; д) ғалабалық тәртипсизликлер ўақтында; е) дәмегөйлик нийетинде; ж) миллетлер ара ямаса рассалық душпанлық тийкарында; з) диний ақидапарастлық негизинде; и) бир топар шахслар ямаса шөлкемлескен топар ағзасы тәрепинен ямаса сол топар мәплерин гөзлеп; к) тәкираран, қәўипли рецидивист ямаса алдын усы Кодекстиң 104-статьясында нәзерде тутылған қасттан денеге аўыр жарақат салыў жынаятын ислеген ямаса усы Кодекстиң 97-статьясында нәзерде тутылған қасттан адам өлтириў жынаятын ислеген шахс тәрепинен; л) оғада қәўипли рецидивист тәрепинен; м) қуралды ямаса суўық қурал ретинде пайдаланылыўы мүмкин болған буйымларды пайдаланып исленген болса, — үш жылдан бес жылға шекем еркин шеклеў яки үш жылдан бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады. Download 340.7 Kb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling