Өзбекстан республикасының жынаят кодекси 2023 жыл Өзбекстан республикасының жынаят кодекси


Download 340.7 Kb.
bet47/141
Sana20.11.2023
Hajmi340.7 Kb.
#1788971
TuriКодекс
1   ...   43   44   45   46   47   48   49   50   ...   141
Bog'liq
ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ ЖЫНАЯТ КОДЕКСИ 1

1251-статья. Неке жасы ҳаққындағы нызамшылықты бузыў
Неке жасына жетпеген шахс пенен ҳақыйқатта неке мүнәсебетлерине кирисиў, усындай қылмыс ушын ҳәкимшилик жаза қолланылғанынан кейин исленген болса, —
базалық есаплаў муғдарының жигирма есесинен отыз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса еки жүз қырық саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары яки бир жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары менен жазаланады.
Ата-ана ямаса олардың орын басыўшы шахслар тәрепинен неке жасына жетпеген шахсты турмысқа бериў яки үйлендириў, усындай қылмыс ушын ҳәкимшилик жаза қолланылғанынан кейин исленген болса, —
базалық есаплаў муғдарының отыз есесинен елиў есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса еки жүз қырық сааттан үш жүз саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары яки еки жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары менен жазаланады.
Неке жасына жетпеген шахс пенен неке дүзиўге тийисли диний дәстүрди әмелге асырыў, усындай қылмыс ушын ҳәкимшилик жаза қолланылғанынан кейин исленгенболса, —
базалық есаплаў муғдарының елиў есеинен жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жүз сааттан үш жүз алпыс саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары ямаса үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары менен жазаланады.

126 -статья. Көп ҳаяллы болыў
Көп ҳаяллы болыў, яғный улыўма руўзыгершилик тийкарында еки ямаса оннан артық ҳаял менен ерли-зайыплы болып жасаў —
базалық есаплаў муғдарының елиў есесинен жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары ямаса бир жылдан үш жылға шекем еркин шеклеў ямаса үш жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.

1261-статья. Шаңараққа тийисли (хожалық ) зорлық
Ҳаялына (күийеўине), бурынғы ҳаялына (бурынғы күийеўине), бир руўзыгершилик тийкарында биргеликте жасап атырған шахсқа ямаса улыўма перзентке ийе болған шахсқа қарата исленгенн мүлк, тәлим алыў, денсаўлығын сақлаў ҳәм (ямаса) мийнетке тийисли ҳуқықын әмелге асырыўға тосқынлық етиў, мал-мүлкине ҳәм жеке буйымларына қасттан зыян келтириў, сондай-ақ усы шахслар денсаўлығының жаманласыўына алып келген тәризде олардың қәдир қымбатын төменге урыў, оларды қорқытыў, жақын туўысқанларынан ажыратып қойыў, усындай ҳәрекетлер ушын ҳәкимшилик жаза қолланылғанынан кейин исленген болса, сондай-ақ егер басқа жынаят белгилери бар болмаса, —
базалық есаплаў муғдарының жигирма есесинен отыз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса бир жүз алпыс сааттан үш жүз саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары яки еки жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары менен жазаланады.
Ҳаялын (күийеўин), бурынғы ҳаялын (бурынғы күийеўин), бир руўзыгершилик тийкарында биргеликте жасап атырған шахсты ямаса улыўма перзентке ийе болған шахсты урыў, усы шахслар денсаўлығының қысқа мүддет жаманласыўына ямаса мийнет қәбилетиниң онша узақ болмаған мүддетке жоғалыўына алып келмеген қасттан денеге жеңил зыян келтириў, усы ҳәрекетлер ушын ҳәкимшилик жаза қолланылғанынан кейин исленген болса, —
базалық есаплаў муғдарының жигирма есесинен отыз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса бир жүз алпыс сааттан үш жүз саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары яки еки жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары менен жазаланады.
Ҳаялына (күийеўине), бурынғы ҳаялына (бурынғы күийеўине), бир руўзыгершилик тийкарында биргеликте жасап атырған шахсқа ямаса улыўма перзентке ийе болған шахсқа денсаўлықтың қысқа ўақыт, яғный алты күннен артық, бирақ жигирма бир күннен көп болмаған мүддетке жаманласыўына ямаса улыўма мийнет қәбилетиниң онша узақ болмаған мүддетке жоғалыўына себеп болған қасттан денеге жеңил зыян келтириў, —
базалық есаплаў муғдарының отыз есесинен жетпис есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жүз сааттан үш жүз алпыс саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары яки бир жылдан еки жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары ямаса бир жылдан еки жылға шекем еркин шеклеў ямаса бир жылдан еки жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Ҳаялына (күийеўине), бурынғы ҳаялына (бурынғы күийеўине), бир руўзыгершилик тийкарында биргеликте жасап атырған шахсқа ямаса улыўма перзентке ийе болған шахсқа жүз берген ўақытта турмыс ушын қәўипли болмаған ҳәм усы статьяның алтыншы бөлиминде нәзерде тутылған ақыбетлерге алып келмеген, бирақ денсаўлықтың узақ ўақыт, яғный кеминде жигирма бир күн, бирақ торт айдан көп болмаған дәўирде жаманласыўына ямаса улыўма мийнет қәбилетиниң он пайызынан отыз үш пайызынан шекем жоғалыўына себеп болған қасттан денеге орташа аўыр зыян жеткизиў, —
үш жүз алпыс сааттан төрт жүз сексен саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары ямаса еки жылдан үш жылға шекем мийнет пенент дүзетиў жумыслары ямаса еки жылдан үш жылға шекем еркин шеклеў ямаса еки жылдан үш жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы статьяның төртинши бөлиминде нәзерде тутылған ҳәрекетлер:
а) еки ямаса одан артық шахсқа ;
б) ҳәмледарлығы айыпкерге белгили болған ҳаялға ;
в) оғада жаўызлық пенен;
г) ғәрезли мақсетлерде;
д) диний идеялар қоршаўында;
е) бир топар шахслар тәрепинен;
ж) тәкираран, қәўипли рецидивист тәрепинен ямаса алдын усы Кодекстиң 97, 104 ҳәм (ямаса) 105-статьяларында нәзерде тутылған жынаятларды ислеген шахс тәрепинен;
з) оғада қәўипли рецидивист тәрепинен;
и) қуралды ямаса суўық қурал ретинде пайдаланылыўы мүмкин болған буйымларды ислетип исленген болса, —
үш жылдан бес жылға шекем еркин шеклеў ямаса үш жылдан бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Ҳаялына (күийеўине), бурынғы ҳаялына (бурынғы күийеўине), бир руўзыгершилик тийкарында биргеликте жасап атырған шахсқа ямаса улыўма перзентке ийе болған шахсқа жүз берген ўақытта турмыс ушын қәўипли болған қасттан денеге аўыр зыян келтириў нәтийжесинде көриў, сөйлеў, еситиў қәбилетин жойтыўға яки қандайда ағзаның истен шығыўына ямаса оның функциялары пүткиллей жоғалып кетиўине, руўхый жағдайдың бузылыўына ямаса денсаўлықтың басқаша тәризде жаманласыўына, улыўма мийнет қәбилетиниң отыз үш пайызынан кем болмаған бөлегиниң жоғалыўына ямаса ҳәмилениң түсиўине яки денениң дүзелмейтуғын дәрежеде шырайсызласыўына себеп болса, —
бес жылдан жети жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы статьяның алтыншы бөлиминде нәзерде тутылған ҳәрекетлер:
а) ҳәмледарлығы айыпкерге белгили болған ҳаялларға ;
б) ер жетпеген шахсқа;
в) оғада жаўызлық пенен;
г) ғәрезли нийетлерде;
д) диний идеялар қоршаўында;
е) бир топар шахслар тәрепинен;
ж) қуралды ямаса суўық қурал ретинде пайдаланылыўы мүмкин болған буйымларды ислетип исленген болса, —
жети жылдан он жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы статьяның алтыншы бөлиминде нәзерде тутылған ҳәрекетлер:
а) еки ямаса оннан артық шахсқа ;
б) тәкираран, қәўипли рецидивист тәрепинен ямаса алдын усы кодекстиң 97-статья ҳәм (ямаса) 104-статьяларында нәзерде тутылған жынаятларды ислеген шахс тәрепинен;
в) оғада қәўипли рецидивист тәрепинен исленген болса ;
г) жәбирлениўшиниң өлимине себеп болса, —
он жылдан он еки жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.



Download 340.7 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   43   44   45   46   47   48   49   50   ...   141




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling