Өзбекстан республикасының жынаят кодекси 2023 жыл Өзбекстан республикасының жынаят кодекси


-статья. Ер жетпеген шахсты жәмийетке жат иллетлерге тартыў


Download 340.7 Kb.
bet48/141
Sana20.11.2023
Hajmi340.7 Kb.
#1788971
TuriКодекс
1   ...   44   45   46   47   48   49   50   51   ...   141
Bog'liq
ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ ЖЫНАЯТ КОДЕКСИ 1

127-статья. Ер жетпеген шахсты жәмийетке жат иллетлерге тартыў
Ер жетпеген шахсты спиртли ишимликлер ишиўге, нәшебентилик затлары ҳәм олардың аналоглари ямаса психотроп есапланбаған,бирақ адамның ақыл-жигерине тәсир ететуғын қурал ҳәм затларды қолланыўға тартыў, усындай ҳәрекетлер ушын ҳәкимшилик жаза қолланылғанынан кейин исленген болса, —
базалық есаплаў муғдарының жүз есесинен еки жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жүз алпыс саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары ямаса еки жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары ямаса бир жылдан үш жылға шекем еркин шеклеў ямаса үш жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Ер жетпеген шахсты нәшебентлик затлары,олардың анологлары яки психоьроп затлар қабыл етиўге тартыў, —
үш жүз алпыс сааттан төрт жүз сексен саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары ямаса үш жылдан бес жылға шекем еркин шеклеў ямаса үш жылдан бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Ер жетпеген шахсты жынаят ислеў, сондай-ақ усы статьяның екинши бөлиминде нәзерде тутылған ҳәрекетлер:
а) алдын нәшебентлик затлары ямаса психотроп затларды нызамсыз түрде айланысқа шығарыў менен байланыслы ҳәр қандай жынаятты ислеген шахс тәрепинен;
б) еки ямаса оннан артық ер жетпеген шахсқа ;
в) оқыў орынларында ямаса оқыўшылар, студентлер оқыў-тәрбия, спорт ямаса жәмийетлик илажлары өткеретуғын басқа орынларда ислениўи —
бес жылдан он жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.

1271-статья. Тиленшилик етиў
Аеропортларда, вокзалларда, қыябанларда, дем алыў бағларында, базарларда ҳәм саўда комплекслери аймақларында, сондай-ақ оларға тутас аймақларда, автомототранспорт қуралларын ўақтынша сақлаў орынларында, көшелерде, стадионларда, бәндиргилерде, жоллардың рейс бөлиминде, мәдений мийрас объектлери жайласқан аймақларда, жәмийетлик транспортының барлық түрлеринде ҳәм басқа жәмийетлик орынларында пул, азық-түлик өнимлери ҳәм басқа материаллық қымбатлықлар бериўде белсенди тәризде сорап, тиленшилик пенен шуғылланыў, усындай қылмыс ушын ҳәкимшилик жаза қолланылғанынан кейин исленген болса, —
еки жүз қырық саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары ямаса еки жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары яки бир жылға шекем еркин шеклеў ямаса бир жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Ер жетпеген шахсларды, әззи аҳўалдағы шахсларды, руўхый жағдайы бузылған, майыплығы болған шахсларды ҳәм басқа шахсларды тиленшилик етиўге тартыў, усындай шахсларға алкоголлы ишимликлерди яки нәшебентлик затлары ямаса психотроп затлар болмаған, бирақ шахстың ақыл-жигерине тәсир көрсетиўши затларды мәжбүрий тутынған ҳалда оларды тиленшилик етиўге тартыў, усындай ҳәрекетлер ушын ҳәкимшилик жаза қолланылғанынан кейин исленген болса, —
базалық есаплаў муғдарының жүз есесинен еки жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жүз алпыс саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары яки еки жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары ямаса бир жылдан үш жылға шекем еркин шеклеў ямаса үш жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы статьяның екинши бөлиминде нәзерде тутылған ҳәрекетлер:
а) тәкираран ямаса қәўипли рецидивист тәрепинен;
б) шөлкемлескен топар тәрепинен ямаса оның мәплерин гөзлеп;
в) басқа шахсты нәшебентлик затларын, олардың аналоглары ямаса психотроп затларды тутыныўға мәжбүрлеген ҳалда исленген болса, —
үш жылдан бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.


Download 340.7 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   44   45   46   47   48   49   50   51   ...   141




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling