Өзбекстан республикасының жынаят кодекси 2023 жыл Өзбекстан республикасының жынаят кодекси


VII БАП. ПУҚАРАЛАРДЫҢ КОНСТИТИУЦИЯЛЫҚ ҲУҚЫҚЛАРЫ ҲӘМ ЕРКИНЛИКЛЕРИНЕ ҚАРСЫ ЖЫНАЯТЛАР


Download 340.7 Kb.
bet56/141
Sana20.11.2023
Hajmi340.7 Kb.
#1788971
TuriКодекс
1   ...   52   53   54   55   56   57   58   59   ...   141
Bog'liq
ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ ЖЫНАЯТ КОДЕКСИ 1

VII БАП. ПУҚАРАЛАРДЫҢ КОНСТИТИУЦИЯЛЫҚ ҲУҚЫҚЛАРЫ ҲӘМ ЕРКИНЛИКЛЕРИНЕ ҚАРСЫ ЖЫНАЯТЛАР

141-статья. Пуқаралардың тең ҳуқықлығын бузыў
Жынсы, рассасы, миллети, тили, дини, социал келип шығыўы, исеними, жеке ямаса жәмийетлик келип шығыўына қарамастан, пуқаралардың ҳуқықларын тиккелей ямаса тиккелей емес түрде бузыў ямаса шеклеў яки пуқараларға тиккелей ямаса тиккелей емес түрде абзалықлар бериў —
базалық есаплаў муғдарының елиў есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жылға шекем белгили ҳуқықтан айырыў яки үш жүз саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары ямаса еки жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары менен жазаланады.
Усы ҳәрекетлер зорлық ислетип исленген болса, —
үш жүз сааттан үш жүз алпыс саатқа шекем мәжбүрий жәмийетлик жумыслары ямаса еки жылдан үш жылға шекем мийнет пенен дўзетиў жумыслары яки бир жылдан үш жылға шекем еркин шеклеў ямаса үш жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.

1411-статья. Жеке қол қатылмаслығын бузыў
Шахстың жеке яки шаңараққа тийисли сырын қурайтуғын жеке өмири ҳаққындағы мағлыўматларды оның разылығысыз нызамға қылап түрде жыйнаў ямаса тарқатыў, сондай ҳәрекетлер ушын ҳәкимшилик жаза қолланылғанынан кейин исленген болса, —
базалық есаплаў муғдарының елиў есесинен жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жүз саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары яки еки жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары менен жазаланады.
Усы ҳәрекетлер:
а) аўыр ақыбетлерге алып келген болса ;
б) ғәрезли нийетлерде ислеген болса ;
в) қәўипли рецидивист тәрепинен исленген болса, —
базалық есаплаў муғдарының жүз есесинен еки жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жүз сааттан үш жүз алпыс саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары ямаса бир жылдан үш жылға шекем еркин шеклеў яки үш жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.

1412-статья. Шахсқа тийисли мағлыўматлар ҳаққындағы нызамшылықты бузыў
Шахсқа тийисли мағлыўматларды нызамға қылап түрде жыйнаў, системаластырыў, сақлаў, өзгертиў, толтырыў, олардан пайдаланыў, оларды бериў, тарқатыў, узатыў, ийесизлентириў ҳәм жоқ етиў, сондай-ақ ахпарат технологияларынан пайдаланған ҳалда, сондай-ақ Интернет жәҳән ахпарат тармағында Өзбекстан Республикасы пуқараларына шахсқа тийисли мағлыўматларына ислеў берилип атырғанда Өзбекстан Республикасы аймағында жайласқан техникалық қуралларда ҳәмде шахсқа тийисли мағлыўматлар базаларының мәмлекет реестринде белгиленген тәртипте дизимнен өткерилген шахсқа тийисли мағлыўматлар базаларында шахсқа тийисли мағлыўматларды жыйнаўға, системаластырыўға ҳәм сақлаўға тийисли талапларға әмел етпеў, усы ҳәрекетлер ушын ҳәкимшилик жаза қолланылғанынан кейин исленген болса, —
базалық есаплаў муғдарының жүз есесинен бир жүз елиў есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жылға шекем белгили ҳуқықтан айырыў яки еки жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары менен жазаланады.

Усы ҳәрекетлер:


а) бир топар шахслар тәрепинен алдыннан тил бириктирип;
б) тәкираран ямаса қәўипли рецидивист тәрепинен;
в) дәмегөйлик яки басқа пәс нийетлерде;
г) хызмет дәрежесинен пайдаланған ҳалда исленген болса ;
д) аўыр ақыбетлерге себеп болса, —
базалық есаплаў муғдарының бир жүз елиў есесинен еки жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса еки жылдан үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары ямаса бир жылдан үш жылға шекем еркин шеклеў яки үш жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.


Download 340.7 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   52   53   54   55   56   57   58   59   ...   141




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling