Өзбекстан республикасының жынаят кодекси 2023 жыл Өзбекстан республикасының жынаят кодекси


-статья. Сайлаў ямаса референдум шөлкемлестириў, оларды өткериў ҳаққындағы нызамшылықты бузыў


Download 340.7 Kb.
bet59/141
Sana20.11.2023
Hajmi340.7 Kb.
#1788971
TuriКодекс
1   ...   55   56   57   58   59   60   61   62   ...   141
Bog'liq
ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ ЖЫНАЯТ КОДЕКСИ 1

146-статья. Сайлаў ямаса референдум шөлкемлестириў, оларды өткериў ҳаққындағы нызамшылықты бузыў
Сайлаў ямаса референдум шөлкемлестириў, оларды өткериў ўақтында лаўазымлы шахслар, сыясый партиялар ямаса пуқаралардың өзин-өзи басқарыў органларыниң ўәкиллери ямаса сайлаў ямаса референдум комиссиялары ағзалары тәрепинен даўыс бериўдиң жасырынлығын бузыў, сайлаў ямаса референдум ҳүжжетлерин қәлбекилестириў, сайлаў ямаса қол қойыў бетлерине жалған жазыўлар киргизиў, берилген даўысларды көзаба надурыс есаплаў —
базалық есаплаў муғдарының жигирма бес есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жүз алпыс саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары ямаса үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары ямаса бир жылдан үш жылға шекем еркин шеклеў яки үш жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.

147-статья. Сайлаў ҳуқықының яки исенимли ўәкил ўәкилликлериниң әмелге асырылыўына тосқынлық жасаў
Пуқаралардың депутат ямаса Өзбекстан Республикасы Президентин сайлаў ямаса сайланыў, сайлаўды үгит-нәсиятлаўы апарыў ҳуқықларын, депутатлыққа ямаса Өзбекстан Республикасы Президентлигине кандидат шахстың исенимли ўәкиллери өз ўәкилликлерин еркин әмелге асырыўларына, сондай-ақ пуқаралардың референдумда еркин қатнасыўларына зорлық ислетиў, қорқытыў, алдаў ямаса аўдырып алыў жолы менен тосқынлық етиў —
төрт жүз сексен саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары ямаса үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары ямаса еки жылдан бес жылға шекем еркин шеклеў яки бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.

148-статья. Мийнет етиў ҳуқықын бузыў
Биле турып, нызамға қылап түрде босатыў, усындай қылмыслар ушын ҳәкимшилик жаза қолланылғанынан кейин исленсе, —
базалық есаплаў муғдарының жыгырма бес есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жылға шекем белгили ҳуқықтан айырыў ямаса үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары менен жазаланады.
Ҳаялды ҳәмледарлығы ямаса шахсты жас баласы бар екенлигин биле турып, оны жумысқа алыўдан нызамға қылап түрде бас тартыў ямаса босатыў, —
базалық есаплаў муғдарының жигирма бес есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жылға шекем белгили ҳуқықтан айырыў яки үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары менен жазаланады.


Download 340.7 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   55   56   57   58   59   60   61   62   ...   141




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling