Өзбекстан республикасының жынаят кодекси 2023 жыл Өзбекстан республикасының жынаят кодекси


Download 340.7 Kb.
bet62/141
Sana20.11.2023
Hajmi340.7 Kb.
#1788971
TuriКодекс
1   ...   58   59   60   61   62   63   64   65   ...   141
Bog'liq
ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ ЖЫНАЯТ КОДЕКСИ 1

1541-статья. Шет мәмлекетлердиң әскерий хызметине, қаўипсизлик, полиция, әскерий әдиллик органлары ямаса соған уқсас басқа шөлкемлерине хызметке кириў, жалланыў
Өзбекстан Республикасы пуқарасының шет мәмлекетлердиң әскерий хызметине, қаўипсизлик, полиция, әскерий әдиллик органлары яки соған уқсас басқа органларға хызметке кириўи —
базалық есаплаў муғдарының үш жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары менен жазаланады.
Өзбекстан Республикасы пуқарасының шет мәмлекетлердиң әскерий хызметине, қаўипсизлик, полиция, әскерий әдиллик органлары яки соған уқсас басқа органларына хызметке жалланыў —
үш жылдан бес жылға шекем еркин шеклеў яки үш жылдан бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.

155-статья. Терроризм

Терроризм — халық аралық мүнәсебетлерди шийеленистириў, мәмлекеттиң суверенитетин, аймақлық пүтинлигин бузыў, қаўипсизлигине зыян тийгизиў, урыс ҳәм қураллы қарама-қарсылықларды пайда етиў, жәмийетлик-сыясый жағдайды турақсызландырыў, халықты қорқытыў мақсетинде мәмлекет органы, халық аралық шөлкемди, олардың лаўазымлы шахсларын, физикалық яки юридикалық шахсты қандайда бир искерликти әмелге асырыўға яки әмелге асырыўдан өзин тыйыўға мәжбүрлеў ушын зорлық, күш ислетиў, шахс яки мал-мулкке қәўип туўдыратуғын басқа қылмыслар яки оларды әмелге асырыў қәўпи —


сегиз жылдан он жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Жағдайды турақсызландырыў яки мәмлекет шөлкемлери тәрепинен қарар қабыл етилиўине тәсир көрсетиў яки сыясый ямаса басқа жәмийетлик ғайраткер искерлигине тосқынлық етиў мақсетинде мәмлекет яки жәмийетлик ғайраткери яки ҳүкимет ўәкилиниң мәмлекет ямаса жәмийетлик искерлиги мүнәсебети менен оның өмирине қастыянлық етиў яки оған жарақат салыў —
он жылдан он бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы статьяның биринши ямаса екинши бөлиминде нәзерде тутылған ҳәрекетлер:
а) адам өлиўине;
б) басқа аўыр ақыбетлердиң келип шығыўына себеп болса, —
он бес жылдан жигирма бес жылға шекем еркинен айырыў ямаса өмирлик еркинен айырыў жазасы менен жазаланады.
Терроризмди таярлаўда қатнасқан шахс, егер ол ҳәкимият органларына өз ўақытында хабар бериў ямаса басқа усыл менен аўыр ақыбетлер келип шығыўының ҳәм де терроршылар мақсетлериниң әмелге асырылыўының алдын алыўға белсенди көмеклескен болса, егер усы шахстың ҳәрекетлеринде жынаяттың басқа қурамы болмаса, жынайый жуўапкершиликтен азат етиледи


Download 340.7 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   58   59   60   61   62   63   64   65   ...   141




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling