Өзбекстан республикасының жынаят кодекси 2023 жыл Өзбекстан республикасының жынаят кодекси


-статья. Физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжәтлери ҳаққындағы нызамшылықты бузыў


Download 340.7 Kb.
bet58/141
Sana20.11.2023
Hajmi340.7 Kb.
#1788971
TuriКодекс
1   ...   54   55   56   57   58   59   60   61   ...   141
Bog'liq
ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ ЖЫНАЯТ КОДЕКСИ 1

144-статья. Физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжәтлери ҳаққындағы нызамшылықты бузыў
Физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжәтлерин қабыллаў ҳәм көрип шығыўды нызамға қылап түрде бийкарлаў, оларды көрип шығыў мүддетлерин тийкарлы себеплерсиз бузыў, жазба яки электрон формада жуўап жибермеў, физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжәтлерин ҳаққындағы нызамшылыққа қылап қарар қабыллаў, физикалық ҳәм юридикалық шахслардың бузылған ҳуқықлары тиклениўин, мүрәжәт мүнәсебети менен қабыл етилген қарардың орынланыўын тәмийинлемеў яки мүрәжәт мүнәсебети менен мәлим болып қалған физикалық шахслардың жеке өмири ҳаққындағы яки юридикалық шахслардың искерлиги ҳаққындағы мағлыўматларды олардың разылығысыз әшкаралаў,сондай-ақ физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжәтлери ҳаққындағы нызамшылықты басқаша тәризде бузыў физикалық ҳәм юридикалық шахслардың ҳуқықларына, еркинликлерине ямаса нызам менен қорғалатуғын мәплерине яки жәмийетлик ҳәм мәмлекетлик мәплерине оғада аўыр зыян келтирилиўине себеп болса, —
базалық есаплаў муғдарының жигирма бес есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жүз саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары яки еки жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары менен жазаланады.
Физикалық шахсты, оның ўәкилин, олардың шаңарақ ағзаларын, юридикалық шахсты, оның ўәкилин ҳәм юридикалық шахс ўәкилиниң шаңарақ ағзаларын олар мәмлекет органына, мәмлекет шөлкемине ямаса пуқаралардың өзин-өзи басқарыў шөлкемлерине мүрәжәт еткенлиги мүнәсебети менен яки билдирилген пикири ҳәм мүрәжәтлериндеги сын пикир ушын, сондай-ақ басқаша формада сын пикир еткенлиги ушын лаўазымлы шахс тәрепинен қудалаў, —
базалық есаплаў муғдарының жигирма бес есесинен елиў есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жүз сааттан үш жүз алпыс саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары ямаса еки жылдан үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары яки бир жылдан үш жылға шекем еркин шеклеў ямаса үш жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.

145-статья. Ҳүждан еркинлигин бузыў
Диний шөлкемниң нызамлы искерлигине яки диний дәстүрлерди өткериўге тосқынлық етиў —
базалық есаплаў муғдарының елиў есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса бес жылға шекем белгили ҳуқықтан айырыў, яки үш жүз саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары ямаса еки жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары менен жазаланады.
Ер жетпеген балаларды диний шөлкемлерге тартыў, сондай-ақ олардың ықтыярына, ата-аналары ямаса олардың орнын басыўшы шахслар қәлеўине қарсы тәризде динге оқытыў —
базалық есаплаў муғдарының елиў есесинен жетпис бес есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жүз сааттан үш жүз алпыс саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары ямаса еки жылдан үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары яки бир жылдан үш жылға шекем еркин шеклеў ямаса үш жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Пуқаралардың өз пуқаралық ҳуқықларын әмелге асырыўларына ямаса пуқаралық миннетлерин орынлаўларына тосқынлық етиў менен, диндарлардан мәжбурий пул жыйнаў ҳәм салық салыў менен яки шахстың абыройы ҳәм қәдир-қымбатын кемситиўши шеклеўлер қоллаў менен ямаса диний билим алыўда ҳәм де пуқара өзиниң динге байланыслы , динге исениў яки исенбеў, сыйыныў, диний үрп-әдетлер ҳәм мәресимлерде қатнасыў ямаса қатнаспаўда өз мүнәсебетин белгилеип атырған ўақытта мәжбүрлеў менен байланыслы диний жумыс алып барыў, сондай-ақ диний мәресимлер өткериўди шөлкемлестириў нәтийжесинде денеге жеңил ямаса орташа аўыр зыян келтирилиўине себеп болса, —
базалық есаплаў муғдарының жетпис бес есесинен жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жүз алпыс сааттан төрт жүз сексен саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары ямаса үш жылдан бес жылға шекем еркин шеклеў яки үш жылдан бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.


Download 340.7 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   54   55   56   57   58   59   60   61   ...   141




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling