136-статья. Ҳаялды турмысқа шығыўға мәжбүрлеў ямаса оның турмысқа шығыўына тосқынлық етиў
Ҳаялды турмысқа шығыўға ямаса некеде жасаўды даўам еттириўге мәжбүрлеў яки ҳаялдың еркине қылап түрде ол менен некеде болыў ушын ўрлаў, сондай-ақ, ҳаялдың турмысқа шығыўға тосқынлық етиў —
базалық есаплаў муғдарының жигирма бес есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жүз алпыс саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары ямаса үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары яки бир жылдан үш жылға шекем еркин шеклеў ямаса үш жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
137-статья. Адам ўрлаў
Усы Кодекстиң 245-статьясында нәзерде тутылған белгилер бар болмаған ҳалда адам ўрлаў —
үш жылдан бес жылға шекем еркин шеклеў яки үш жылдан бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы ҳәрекет:
а) ер жетпеген шахсқа қарата ;
б) дамагөйлик яки пәс нийетлерде;
в) бир топар шахслар тәрепинен алдынан тил бириктирип;
г) тәкираран ямаса қәўипли рецидивист тәрепинен исленген болса, —
бес жылдан он жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы ҳәрекет:
а) оғада қәўипли рецидивист тәрепинен исленген болса ;
б) аўыр ақыбетлерге себеп болса ;
в) инсан ағзаларын ҳәм (ямаса) клеткаларын алыў мақсетинде исленгенболса, —
он жылдан он бес жылға шекем еркин шеклеў менен жазаланады.
138-статья. Зорлық ислетип нызамға қылап түрде еркинен айырыў
Биреўди зорлық ислетип нызамға қылап түрде еркинен айырыў —.
базалық есаплаў муғдарының елиў есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жүз алпыс саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары ямаса үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары ямаса бир жылдан үш жылға шекем еркин шеклеў яки үш жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы ҳәрекет:
а) физикалық азап берип;
б) өмирлик ямаса ден саўлығы ушын қәўипли шәраятта сақлаған ҳалда ислеген болса, —
үш жылдан бес жылға шекем еркин шеклеў яки үш жылдан бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Do'stlaringiz bilan baham: |