Өзбекстан республикасының жынаят кодекси 2023 жыл Өзбекстан республикасының жынаят кодекси


Download 340.7 Kb.
bet57/141
Sana20.11.2023
Hajmi340.7 Kb.
#1788971
TuriКодекс
1   ...   53   54   55   56   57   58   59   60   ...   141
Bog'liq
ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ ЖЫНАЯТ КОДЕКСИ 1

1413-статья. Шахстың абыройын ҳәм қәдир-қымбатын кемситиўши ҳәмде инсанның өмириниң сыр тутылатуғын тәреплерин сәўлелендириўши мағлыўматларды әшкаралаў
Шахс денесиниң ҳәм (ямаса) жынысый ағзаларының жалаңаш ҳалдағы фото ҳәм (ямаса) видео жазыўларды өз ишине алған ахпаратты оның разылығысыз тарқатыў, сондай-ақ ғалаба хабар қуралларында, телекоммуникация тармақларында ямаса Интернет жәҳән ахпарат тармағында тарқатыў яки бундай ахпаратты тарқатыў менен қорқытыў, —
базалық есаплаў муғдарының төрт жүз есесинен алты жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жүз алпыс саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары яки үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары менен жазаланады.
Усы ҳәрекетлер:
а) тәкираран ямаса қәуипли рецидивист тәрепинен;
б) бир топар шахслар тәрепинен алдыннан тил бириктирип;
в) он сегиз жасқа толмағанлығы айыпкерге белгили болған шахсқа қарата исленген болса, —
үш жүз алпыс сааттан төрт жүз сексен саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары ямаса бир жылдан үш жылға шекем еркин шеклеў яки үш жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.

142-статья. Пуқаралардың турар жайына қол қатылмаслығын бузыў
Турар жайда онда жасаўшылардың еркине қылап түрде зорлық ислетип нызамсыз бастырып кириў —
үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары ямаса еки жылдан бес жылға шекем еркин шеклеў ямаса бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.

143-статья. Хат-жазысыўлар, телефонда сөйлесиў, телеграф хабарларды ямаса басқа хабарлардың сыр сақланыўы тәртибин бузыў
Хат-жазысыўлар, телефонда сөйлесиў, телеграф хабарлары ямаса басқа хабарлардың сыр сақланыўы тәртибин қасттан бузыў, сондай ҳәрекетлер ушын ҳәкимшилик жаза қолланылғаннан кейин исленген болса, —
базалық есаплаў муғдарының жигирма бес есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жылға шекем белгили ҳуқықтан айырыў ямаса үш жүз алпыс саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары яки үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары менен жазаланады.


Download 340.7 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   53   54   55   56   57   58   59   60   ...   141




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling