1481-статья. Ер жетпеген шахслардың мийнетинен пайдаланыўға жол қойылмаўы ҳаққындағы талапларды бузыў
Ер жетпеген шахс мийнетинен оның денсаўлығына, қаўипсизлигине яки жүрис турысына зыян келтириўи мүмкин болған жумысларда пайдаланыў,усындай қылмыс ушын ҳәкимшилик жаза қолланылғанынан кейин исленген болса, —
базалық есаплаў муғдарының жигирма бес есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жылға шекем белгили ҳуқықтан айырыў яки үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары менен жазаланады.
1482-статья. Мийнетке ҳәкимшилик рәўиште мәжбүрлеў
Мийнетке қандайда-бир түрде ҳәкимшилик рәўиште мәжбүрлеў, буннан нызамда нәзерде тутылған жағдайлардан тысқары, усындай қылмыс ушын ҳәкимшилик жаза қолланылғанынан кейин исленген болса, —
базалық есаплаў муғдарының жүз есесинен бир жүз елиў есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса еки жылға шекем белгили ҳуқықтан айырыў яки еки жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары менен жазаланады.
Тап усындай ҳәрекет ер жетпеген шахсқа исленген болса, —
базалық есаплаў муғдарының бир жүз елиў есесинен еки жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жылға шекем белгили ҳуқықтан айырыў ямаса үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары менен жазаланады.
149 -статья. Авторлық ямаса ойлап табыўшылық ҳуқықларын бузыў
Ойлап табыўшылық мүлк объектине қарата авторлық ҳуқықын өзлестирип алыў, тең авторлыққа мәжбүрлеў, сондай-ақ, интелектуал мүлк объектлери ҳаққындағы мағлыўматларды олар рәсмий дизимнен өткерилгенге ямаса дағаза еткенге шекем автордың разылығысыз әшкаралаў —
базалық есаплаў муғдарының жигирма бес есесинен жетпис бес есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса бес жылға шекем белгили ҳуқықтан айырыў яки үш жүз алпыс саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары ямаса үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары менен жазаланады.
ЕКИНШИ БӨЛИМ
ТЫНЫШЛЫҚ ҲӘМ ҚӘЎПСИЗЛИККЕ ҚАРСЫ ЖИНАЯТЛАР
Do'stlaringiz bilan baham: |