165-статья. Таўламашылық
Таўламашылық, яғный жәбирлениўши яки оның жақын туўысқанларына зорлық ислетиў, мулкке зыян келтириў ямаса оны набыт қылыў яки жәбирлениўши ушын сыр сақланыўы лазым болған мағлыўматларды әшкаралаў менен қорқытып өзгеден мулкти яки мүлкшилик ҳуқықты тапсырыўды, мүлкий мәплер бериўди яки мүлкшилик тәртиптеги ҳәрекетлер ислеўди талап етиў яки жәбирлениўшини өз мүлки ямаса мулкке болған ҳуқықын бериўге мәжбүр ететуғын жағдайға салып қойыў —
үш жылдан бес жылға шекем еркин шеклеў яки үш жылдан бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Таўламашылық:
а) тәкираран ямаса қәўипли рецидивист тәрепинен;
б) көп муғдарда ;
в) бир топар шахслар тәрепинен алдыннан тил бириктирип исленген болса, —
бес жылдан он жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Таўламашылқ:
а) оғада көп муғдарда ;
б) оғада қәўипли рецидивист тәрепинен;
в) шөлкемлескен топар тәрепинен ямаса оның мәплерин гөзлеп исленген болса.
он жылдан он бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
166 -статья. Тонаўшылық
Тонаўшылық, яғный өзгениң мүлкин ашықтан-ашық талан-тараж етиў —
үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары ямаса еки жылдан бес жылға шекем еркин шеклеў ямаса бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Тонаўшылық :
а) өмир ҳәм ден саўлық ушын қәўипли болмаған зорлық ислетип яки сондай зорлық ислетиў менен қорқытып
б) әдеўир муғдарда ;
в) бир топар шахслар тәрепинен алдыннан тил бириктирип исленген болса, —
үш жылдан бес жылға шекем еркин шеклеў яки үш жылдан бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Тонаўшылық :
а) тәкираран ямаса қәўипли рецидивист тәрепинен;
б) турақ-жайға, склад ямаса басқа ханаға нызамсыз түрде кирип;
в) көп муғдарда исленген болса, —.
бес жылдан он жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Тонаўшылық :
а) оғада көп муғдарда ;
б) оғада қәўипли рецидивист тәрепинен;
в) шөлкемлескен топар тәрепинен ямаса оның мәплерин гөзлеп исленген болса, —
он жылдан он бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Do'stlaringiz bilan baham: |