Өзбекстан республикасының жынаят кодекси 2023 жыл Өзбекстан республикасының жынаят кодекси


-статья. Өзлестириў ямаса растрата жолы менен талан-тараж етиў


Download 340.7 Kb.
bet69/141
Sana20.11.2023
Hajmi340.7 Kb.
#1788971
TuriКодекс
1   ...   65   66   67   68   69   70   71   72   ...   141
Bog'liq
ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ ЖЫНАЯТ КОДЕКСИ 1

167-статья. Өзлестириў ямаса растрата жолы менен талан-тараж етиў
Айыпкерге исенип тапсырылған ямаса оның ықтыярында болған өзгениң мүлкин өзлестириў ямаса растрата етиў жолы менен талан-тараж етиў, —
базалық есаплаў муғдарының жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса еки жүз қырық саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары яки бир жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары менен жазаланады.
Усы ҳәрекет:
а) көп муғдарда ;
б) тәкираран ямаса қәўипли рецидивист тәрепинен;
в) бир топар шахслар тәрепинен алдыннан тил бириктирип;
г) лаўазымынан пайдаланып қыянет етиў жолы менен исленген болса, —
базалық есаплаў муғдарының жүз есесинен үш жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса төрт жүз сексен саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары ямаса еки жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары яки еки жылдан бес жылға шекем еркин шеклеў ямаса бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы ҳәрекет:
а) оғада көп муғдарда ;
б) оғада қәўипли рецидивист тәрепинен;
в) шөлкемлескен топар тәрепинен ямаса оның мәплерин гөзлеп;
г) компютер техникасы қуралларындан пайдаланып исленген болса, —
базалық есаплаў муғдарының үш жүз есесинен алты жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары яки бес жылдан он жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Келтирилген материаллық зыянның орны қапланған жағдайда еркин шеклеў ҳәм еркинен айырыў жазасы қолланылмайды.

168-статья. Алдаўшылық
Алдаўшылық, яғный алдаў яки исенимине қыянет етиў мүлкине болған ҳуқықты қолға киргизиў —
базалық есаплаў муғдарының елиў есесинен жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса еки жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары ямаса бир жылдан үш жылға шекем еркин шеклеў яки үш жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Алдаўшылық :
а) әдеўир муғдарда ;
б) бир топар шахслар тәрепинен алдынан тил бириктирип исленген болса;
в) информация системасынан, сондай-ақ информация технологияларынан пайдаланып исленген болса, —
базалық есаплаў муғдарының жүз есесинен үш жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары ямаса үш жылдан бес жылға шекем еркин шеклеў яки үш жылдан бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Алдаўшылық :
а) көп муғдарда ;
б) тәкираран ямаса қәўипли рецидивист тәрепинен;
в) хызмет дәрежесинен пайдаланған ҳалда , —
базалық есаплаў муғдарының үш жүз есесинен төрт жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса еки жылдан үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары яки белгили ҳуқықтан айрылған ҳалда бес жылдан сегиз жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Алдаўшылық :
а) оғада көп муғдарда ;
б) оғада қәўипли рецидивист тәрепинен;
в) шөлкемлескен топар тәрепинен ямаса оның мәплерин гөзлеп исленген болса, —
базалық есаплаў муғдарының төрт жүз есесинен алты жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса сегиз жылдан он жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Келтирилген материаллық зыянниң орны қапланған жағдайда еркин шеклеў ҳәм еркинен айырыў жазасы қолланылмайды.


Download 340.7 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   65   66   67   68   69   70   71   72   ...   141




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling