Өзбекстан республикасының жынаят кодекси 2023 жыл Өзбекстан республикасының жынаят кодекси


Download 340.7 Kb.
bet55/141
Sana20.11.2023
Hajmi340.7 Kb.
#1788971
TuriКодекс
1   ...   51   52   53   54   55   56   57   58   ...   141
Bog'liq
ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ ЖЫНАЯТ КОДЕКСИ 1

139 -статья. Жала
Жала жабыў, яғный биле турып басқа шахсты шерменде ететуғын өтириклер тарқатыў, усындай ҳәрекетлер ушын ҳәкимшилик жаза қолланылғанынан кейин исленген болса, —
базалық есаплаў муғдарының еки жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жүз саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары яки еки жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары менен жазаланады.
Әшкаралаў ямаса басқаша усылда көбейттирилген тәризде, сондай-ақ ғалаба хабар қуралларында, телекоммуникация тармақларында ямаса Интернет жәҳән ахпарат тармағына жайластырыў арқалы жала жабыў, —
базалық есаплаў муғдарының еки жүз есесинен төрт жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жүз сааттан үш жүз алпыс саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары яки еки жылдан үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары ямаса бир жылға шекем еркин шеклеў менен жазаланады.
Жала, —
а) аўыр ямаса оғада аўыр жынаят ислеўде айыпланып;
б) аўыр ақыбетлер келип шығыўына себеп болған ҳалда ;
в) қәўипли рецидивист тәрепинен;
г) дәмегөйлик яки басқа пәс нийетлерде исленсе, —
базалық есаплаў муғдарының үш жүз есесинен бес жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жүз алпыс сааттан төрт жүз саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары яки бир жылдан үш жылға шекем еркин шеклеў менен жазаланады.

140 -статья. Ақыретлеў
Ақыретлеў, яғный шахстың абыройы қәдир-қымбаты бийәдеплик пенен қасттан төменге урыў, егер, усындай ҳәрекетлер ушын ҳәкимшилик жаза қолланылғаннан кейин исленген болса, —
базалық есаплаў муғдарының еки жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса еки жүз қырық саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары яки бир жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары менен жазаланады.
Әшкаралаў ямаса басқаша усылда көбейттирилген тәризде, сондай-ақ ғалаба хабар қуралларында, телекоммуникация тармақларында ямаса Интернет жәҳән ахпарат тармағында жайластырыў арқалы ақыретлеў —
базалық есаплаў муғдарының еки жүз есесинен төрт жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса еки жүз қырық сааттан үш жүз саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары яки бир жылдан еки жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары менен жазаланады.
Ақыретлеү , —
а) жәбирлениўшини өз хызмет ямаса пуқаралық миннетин орынлаўы мүнәсебети менен байланыслы ҳалда ;
б) қәўипли рецидивист тәрепинен ямаса жала жаўғаны ушын алдын судланған шахс тәрепинен исленген болса, —
базалық есаплаў муғдарының төрт жүз есесинен алты жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса еки жылдан үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары яки бир жылға шекем еркин шеклеў менен жазаланады.



Download 340.7 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   51   52   53   54   55   56   57   58   ...   141




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling