Өзбекстан республикасының жынаят кодекси 2023 жыл Өзбекстан республикасының жынаят кодекси


-статья. Инсан ағзаларын ҳәм (ямаса ) клеткаларын алыў ҳәм де трансплантация етиў шәртлерин ҳәм (ямаса ) тәртибин бузыў


Download 340.7 Kb.
bet52/141
Sana20.11.2023
Hajmi340.7 Kb.
#1788971
TuriКодекс
1   ...   48   49   50   51   52   53   54   55   ...   141
Bog'liq
ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ ЖЫНАЯТ КОДЕКСИ 1

133-статья. Инсан ағзаларын ҳәм (ямаса ) клеткаларын алыў ҳәм де трансплантация етиў шәртлерин ҳәм (ямаса ) тәртибин бузыў
Инсан ағзаларын ҳәм (ямаса) клеткаларын алыў ҳәм де трансплантация етиўдың белгиленген шәртлерин ҳәм (ямаса) тәртибин бузыў, буннан усы Кодекстиң 1151, 1331, 1332-статьяларында нәзерде тутылған жағдайлардан тысқары, усындай адамның ағзаларын ямаса клеткаларын ол тирилигинде оның разылығын алмай турып, илимий яки оқыў ислеринде бузылмайтуғын ҳалда сақлаў (консерватсия) ушын алыў, —.
базалық есаплаў муғдарының жигирма бес есесинен елиў есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса бес жылға шекем белгили ҳуқықтан айырыў яки үш жүз алпыс саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары ямаса үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары менен жазаланады.
Усы ҳәрекетлер:
а) дәмегөйлик ямаса басқа пәс нийетлерде;
б) тәкираран ямаса қәўипли рецидивист тәрепинен;
в) бир топар шахслар тәрепинен алдыннан тил бириктирип;
г) шахс тәрепинен өз хызмет дәрежесинен пайдаланған ҳалда ислеген болса.
үш жылдан бес жылға шекем еркин шеклеў ямаса үш жылдан бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.

1331-статья. Инсан ағзаларының ҳәм (ямаса ) клеткаларының алып сатыў
Инсан ағзаларының ҳәм (ямаса ) клеткалаларының алып сатыў —
үш жылдан бес жылға шекем еркин шеклеў ямаса бир жылдан үш жылға шекем белгили ҳуқықтан айырып, үш жылдан бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы ҳәрекетлер:
а) тәкираран ямаса қәўипли рецидивист тәрепинен;
б) бир топар шахслар тәрепинен алдынан тил бириктирип исленген болса, —
бес жылдан он жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.

1332-статья. Инсанның трансплантация етилетуғын ағзаларын ҳәм (ямаса) клеткаларын Өзбекстан Республикасыннан сыртқа алып шығыў
Инсанның трансплантация етилетуғын ағзаларын ҳәм (ямаса ) клеткаларын Өзбекстан Республикасыннан сыртқа алып шығыў, —
үш жылдан бес жылға шекем еркин шеклеў яки бир жылдан үш жылға шекем белгили ҳуқықтан айырып, үш жылдан бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.


Download 340.7 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   48   49   50   51   52   53   54   55   ...   141




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling