Экономика тараўындағы жынаятлар


Хожалық искерлиги тараўындағы


Download 122.95 Kb.
bet4/6
Sana17.06.2023
Hajmi122.95 Kb.
#1525573
1   2   3   4   5   6
Bog'liq
эконом. жынаятлар курс жумысы

Хожалық искерлиги тараўындағы
жынаятлар
Хожалық искерлиги тараўындағы жынаятлар --
Ҳожалық искерлигин шөлкемлестириў менен байланыслы ҳалда жүзеге келип, шахстың ден-саўлығына ямаса жәмийет мәплерине яки мәмлекеттиң экономикалық системасына зыян жеткезиўши жынаятлар. Хожалық искерлиги тараўындағы жынаятларды 2 топарға : хожалық искерлигин шөлкемлестириў менен ҳәм тиккелей хожалық процесси менен байланыслы ҳалда жүзеге келиўши жынаятларға бөлиў мүмкин. Хожалық искерлигин шөлкемлестириў менен байланыслы ҳалда жүзеге келиўши жынаятлар тийкарланып ислеп шығарыў процессинен алдынғы басқышда, яғный хожалық искерлигин жүргизиў ушын зәрүр шөлкемлестирилген илажларди әмелге асырыў басқышында жүзеге келеди. Бул топардағы жынаятларға, Өзбекстан Республикасы ЖКне көре, саўда ямаса дәлдалшылық искерлиги менен нызамға қайшы түрде шуғылланыў, искерлик менен лицензиясыз шуғылланыў, нызамға қайшы түрде информация топлаў, оны жарыялаў ямаса одан пайдаланыў, бәсекишиниң абройын төгиў сыяқлы жынаятлар киреди. Тиккелей хожалық ислеп шығарыў процесси менен байланыслы ҳалда жүзеге келиўши жынаятларға тийкарланып өним ислеп шығарыў, хызмет көрсетиў, жумыслар орынлаў процессинде, соның менен бирге, хожалық искерлиги нәтийжелерин реализация қылыў басқышында жүзеге келеди. Бул группадағы жынаятларға Өзбекстан Республикасы ЖКне көре, сапасыз өним ислеп шығарыў ҳәм сатыў, етил спирти, алкоголлы өним ҳәм темеки өнимлерин нызамға қайшы түрде ислеп шығарыў ямаса мәмилеге киргизиў, саўда ямаса хизмет көрсетиў қағыйдаларын бузыў сыяқлы жынаятлар киреди.
Хожалық искерлиги тараўындағы жынаятлар әпиўайы ҳәм арнаўлы субъектлер тәрепинен ислениўи мүмкин. Жынаяттың әпиўайы субъектине хожалық өнимлерин ислеп шығарыў, хызметлер көрсетиў, жумыслар орынлаўды тиккелей әмелге асыратуғын, қурайтуғын, соның менен бирге, реализация ететуғын пуқаралар киреди. Бундай субъектлер тәрепинен жынаят ислениўи Хожалық искерлиги тараўындағы жынаятлардың тийкарғы қурамын қурайды. Жынаяттың арнаўлы субъектлерине лаўазымлы шахслар, жәмлескен группа, тәкирар жынаят ислеген шахслар ҳәм де қәуипли ретсидивициялар киреди. Бул тайпадағы жынаятлар арнаўлы субъектлер тәрепинен әмелге асырылғанда жынаятты аўырластырыўшы жағдай ретинде инабатқа алыныўы керек. Яғный хожалық искерлиги саласындағы жынаятларды әпиўайы ямаса арнаўлы субъектлер тәрепинен ислениўи жынаят квалификатсиясына тиккелей тәсир етеди.
Хожалық искерлиги тараўындағы жынаятлар, тийкарынан, ҳәрекет пенен, айырым жағдайларда аралас тәрзде (ҳәрекет ҳәм ҳәрекетсизлик пенен) жүз бериўи мүмкин (саўда ямаса дәлдалшылық искерлиги менен нызамға қайшы түрде шуғылланыў), искерлик менен лицензиясыз шуғылланыў. Бул тайпадағы жынаятлар тек ғана бир жағдайда, яғный саўда ямаса хизмет көрсетиў қағыйдаларын бузыў жынаятында ҳәрекетсизлик арқалы ислениўи мүмкин. Хожалық искерлиги тараўындағы жынаятлар көбинесе билип турып, соның менен бирге, абайсызлық арқалы да жүз береди.
Хожалық искерлиги саласындағы жынаятлар ушын жәрийма, етика оңлаў жумыслары, тутқынға алыў, азатлықтан айырыў сыяқлы жазалар қолла- нылады. Бундай жынаятлардың дерлик барлығында арнаўлы бир ҳуқукдан жуда етиў жазасы тийкарғы жаза ретинде қолланыўы бул тайпадағы жынаятлар ушын жаза белгилеўдиң айриқша өзгешелиги.

Download 122.95 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling