Chimboy inter-district economic court
Суд арза бериўши ўәкилиниң түсинигин тыңлап, истеги
Download 0.53 Mb. Pdf ko'rish
|
Суд арза бериўши ўәкилиниң түсинигин тыңлап, истеги
ҳүжжетлерди үйренип шығып, төмендеги жағдайларды есапқа алып арзаны қанаатландырыўды мақул тапты. Өзбекстан Республикасы Салық кодексиниң 82-статьясының биринши бөлимине муўапық, салық есабаты салық төлеўши есапқа алынған орындағы салық органына белгиленген формада қағаз яки электрон формада усы кодекске муўапық салық есабатына қосымша қылыныўы лазым болған ҳүжжетлер менен бирге усынылады. Ҳужжат имзоланган: Балтабаева Нагима Жолдасовна, 17.02.2023 4-2304-2302/63 Өзбекстан Республикасы Салық кодексиниң 111-статьясының биринши бөлимине муўапық, салық төлеўшиниң (салық агентиниң) банктеги есап бетлери бойынша операцияларды тоқтатып турыў ҳаққындағы қарар салық органының баслығы (баслық орынбасары) тәрепинен он күннен көп болмаған мүддетке қабыл қылыныўы мүмкин. Салық төлеўшиниң (салық агентиниң) банктеги есап бетлери бойынша операцияларды он күннен артық мүддетке тоқтатып турыў ҳаққындағы қарар салық органының илтимаснамасына тийкар суд тәрепинен қабыл қылыныўы мүмкин. Бунда салық төлеўшиниң (салық агентиниң) банк есап бетлери бойынша операциялары суд тәрепинен қарар қабыл қылынғанға шекем тоқтатып турылады. Өзбекстан Республикасы Салық кодексиниң 111-статьясының үшинши бөлими 1-бәндинде салық төлеӯши (салық агенти) тәрепинен салық органына финанслық ҳәм (яки) салық есабатын бундай есабатты усыныӯдың белгиленген мүддети тамамланғаннан кейин он күн ишинде усынылмағанда банкрлердеги есап-бетлер бойынша операциялар тоқтатып турылыӯы белгиленген. Өзбекстан Республикасы Салық кодексиниң 273-статьясының биринши бөлимине муўапық, салық төлеўшилер, егер усы бапта басқаша қағыйда нәзерде тутылмаған болса, салық есабатын өзлери салық есабында турған орындағы салық органларына өткен салық дәўиринен кейинги айдың жигирмаланшы күнинен кешиктирилмеген мүддетте усынылыўы шәрт. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 217-статьясына тийкар банклердеги есап бетлери бойынша операцияларын тоқтатып қойыў, нызамда нәзерде тутылған жағдайлар буннан тысқары, ҳуқықый тәсир шараларына киреди. Арза мазмуны бойынша жуўапкер салық инспекциясына тийисли салық турлери бойынша белгиленген тәртипте ҳәм мүддетте есабатлар тапсырмаған, нәтийжеде Өзбекстан Республикасы Салық кодексиниң салық төлеўшилерге жүкленген миннетлемесин лазым дәрежеде орынламаған. Бул истеги салық төлеўшиниң (салық агентиниң) банклердеги есап бетлери бойынша операцияларын тоқтатып турыў ҳаққындағы қарары ҳәмде хабарнамасы менен тастыйықланады. Сонлықтан, арз қылынған талап тийкарлы болып, арза қанаатландырыўға, жуўапкер тәрепинен тийисли есабатлар салық инспекциясына тапсырылғанға шекем жуўапкердиң банклердеги есап бетлери бойынша операциялар тоқтатып турыўға жатады. Суд арза бериўши ҳәм жуўапкер Өзбекстан Республикасы “Мәмлекетлик бажы ҳаққында”ғы Нызамының 9-статьясының 19-бәндине муўапық, мәмлекетлик бажы төлеминен азат етилгенлигин итибарға алады. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 222-статьясын басшылыққа алып, суд Ҳужжат имзоланган: Балтабаева Нагима Жолдасовна, 17.02.2023 4-2304-2302/63 |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling