Дүнья-жүзилик экономикаға интeгрaциялaсыў Xaлық-aралық Вaлютa фoнды, дүнья-жүзиликбaнк


-сызылма.Бюджет жетиспеўшилиги ҳәм артықшалыгы


Download 2.93 Mb.
bet46/105
Sana31.01.2024
Hajmi2.93 Mb.
#1830070
1   ...   42   43   44   45   46   47   48   49   ...   105
Bog'liq
Макро экономикалык анализ 23

7.2.-сызылма.Бюджет жетиспеўшилиги ҳәм артықшалыгы


Дәўирлик пәсейиў басқышларындасалықлардыңавтомат түрде азайыўы, мәмлекет трансфертлериниң жокарылаўы нәтийжесинде,бюджет жетиспеўшилиги келип шығады.
Дәўирлик тиклениўбасқышында салықлардыңавтомат түрде жокарылаўы ҳәм мәмлекетшығынларының азайыўы нәтийжесинде бюджеттиң артықшалығы пайда болады. Мәмлекеттиң шығынлары өзгермеген жағдайда да, бюджет жетиспеўшилиги ҳәм артықшалығы пайда болыўы мүмкин.Дәўирлик жетиспеўшилик ҳәм артықшалықтың муғдарлары салық ҳәмбюджетфункцияларыграфиклериниң «тик болыўына»байланыслы. Салық функцияси Т ның иймек мүйеши шегералық салық ставкас t ның муғдарына байланыслы. t қаншама жокары болса Т сызығы соншелли тик болады. Мәмлекет бюджетиненберилетуғынтрансфертлердиң муғдарының дараматларға байланыслығынхарактерлеўшиγкоэффицентқаншелли киши болса, G сызығы соншелли тик болады.Демек дәрамат көбейген сайынбюджетке салық тусимлери көбейе береди, бюджеттен трансферт толемлери азаяды.
Мәмлекеттиң шығынларыдәраматқа байланыслы болмаған өзгермес муғдар болғанда tқаншелли үлкен болса Т сызығы соншелли тик ҳәм экономиканың турақлылығы да соншелли жоқары болады. Бирақ, экономикалық өсимди тәмийинлеўши ТҳәмG сызықларының жатық болыўы мақсетке муўапық болады.
Турақлы теңсалмақлылық УИӨ ниң муғдары, оныңпотенциал муғдарының әтирапында тербелиўиниң себебин толық жоққа шығармайды ҳәм өндиристиң ҳәр қандайдәрежелеринде және пайда болыўы мүмкин.
Толық бәнтликти тәмийинлегендискретфискальсиясаттың иске асырылыўы нәтийжесинде мәмлекет бюджетиниң жетиспеўшилиги (артықшалығы), яғный толық бәнтлик жағдайындабюджет шығынлары ҳәм дәраматлары ортасында парық жүзеге келеди.
Дәўирлик жетиспеўшилик көбинесе мәмлекетбюджетиниңҳақыйқый жетиспеўшилиги ҳәм қурамалық жетиспеўшилигиниң парқы ретинде баҳаланады.
Мәмлекетликбюдждеттиң жетиспеўшилигин финансластырыў усыллары:

      1. Пул-кредитэмиссиясы;

      2. Мәмлекетликзаёмларды шығарыў;

      3. Мәмлекеттиңбюджетине салық түсимлерин көбейтиў.

Мәмлекетлик бюджеттиң жетиспеўшилиги тазадан пул шығарыў арқалы қапланғанда, айланыстағыпулмассасын көбейтиў инфляцияға алып келеди.
Инфляцияның дәрежеси жокарылағандаОливер-Танзи нәтийжеси пайда болады.Яғный, салық төлеўшилер тәрепинен мәмлекетке төленетуғын салықлардың төлениўин билип турып кешиктириў жағдайы жүзеге келеди. Бул болса мәмлекет бюджетиниң жетиспеўшилигиниң жокарылаўына алып келеди. Бюджет жетиспеўшилиги себепли мамлекет жеке өндириўшилердентовар хәмхызметлерди сатып алса, бирақ олардың төлемин кешиктирсе, жеке өндиришилер өзлериниң өнимлериниң баҳасын алдын-ала қымбатлатып қояды.Бул болсаинфляцияның жоқарылаўына алып келеди.
Егер мәмлекет бюджетиниң жетиспеўшилигин мәмлекет, заёмларды шығарыў арқалы финансластырса, олардың сатылыўы нәтийжесинде пулға болған талап жоқарылайды. Бул болса өз гезегинде процент ставкасының жокарылаўына себепши болыўы мүмкин. Нәтийжедеинвестиция шығынлары, тазаэкспорттың муғдары ҳәм айырым тутыныў шығынлары азаяды. .
Бюджет жетиспеўшилигин финанслатырыўдың бундай усылы инфляциялық болмаған усыл болып есапланса да, инфляцияның қәўпин бираз мүддетке кешиктиреди. Себеби мүддети өткензаёмларды сатып алыў арқалы мәмлекет айланыстағыпулмассасын көбейтеди.Бул болса өз гезегинде,баҳалардың дәрежесиниң жокарылаўына себепши болады.Салық түсимлерин көбейтиў бюджетжетиспеўшилигин финансластырыўдың үшинши жолы болып, ол узақ мүддетти талап ететуғын салық реформасының өткерилиўин талап етеди. Бундай реформалар салықбазасын кеңейтиў, салық ставкаларын азайтыў, салық жүгин өндриўшилерден, көбирек мүлик ийелери ҳәм мүликтен пайдаланыўшыларға өткериў аркалы, салық түсимин көбейтиўди нәзерде тутады.
Бюджет артықшалығын, азайтыў усылларына айланыстағы пул ғәрежетлерин алып қойыў ҳәм мәмлекетлик қарызлардан қутылыў киреди.
Мәмлекетлик қарызларды төлеў,номиналдәраматлар ҳәм айланыстағыпулмассасын көбейтип,баҳалардың дәрежесиниң жокарылаўына алып келиўи мүмкин. Сол себепли бюджеттеги артықша ғәрежетлерди музлатып қойыў,бюджет жетиспеўшилигин азайтыўдың инфляциялық болмаған усылы болып есапланады.
Алып барылған избе-измакроэкономикалық сиясаттың нәтийжесинде мәмлекетбюджетиниң жетиспеўшилиги азайды ҳәм2017,2018-жыллардыУИӨ ге салыстырғанда 0,1 процентти қурады (бул көрсеткиш 1992-жылы 12 процент болған). Бундай улыўма енгизилген3 процентли нормадан бираз төмен көрсеткиш.
Бюджет жетиспеўшилиги тийкарынанинфляциялық болмаған усыллар менен,яғный мәмлекетлик облигацияларды шығарыў ҳәм де меншиклестириўден түскен ғәрежетлердиң жәрдеминде финансластырылмақта.Республикамызда өткерилип атырғансалық-бюджет сиясаты макроэкономикалық турақлылықты тәмийинлеў, тийкарғытармақлардыинвестициялаў, билимлендириў тараўын тез пәт пенен раўажландырыў, халықты социаллық жақтан қорғаў мақсетлерине қаратылмақта.

Download 2.93 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   42   43   44   45   46   47   48   49   ...   105




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling