Дүнья-жүзилик экономикаға интeгрaциялaсыў Xaлық-aралық Вaлютa фoнды, дүнья-жүзиликбaнк


Пул-кредитсиясатынын тийкарғы үш қуралы ажыратып корсетиледи


Download 2.93 Mb.
bet48/105
Sana31.01.2024
Hajmi2.93 Mb.
#1830070
1   ...   44   45   46   47   48   49   50   51   ...   105
Bog'liq
Макро экономикалык анализ 23

Пул-кредитсиясатынын тийкарғы үш қуралы ажыратып корсетиледи:


      1. Есапставкасы;
      2. Мәжбүрий резервлердиңнормасы;


      3. Ашық базардағыоперациялар.

Орайлықбанк олардың жәрдеминде пул ямаса тийкарынанбанкдепозитлери көринисиндегипулмассасына ямаса процентставкасына тәсирин тийгизеди, усынысларды өзгертеди ҳәм усылар арқалы пул-кредит машкаласын тәртипке салып турады.
  1. Пул-кредитсиясатын жүргизиў қуралларыныңбири–мәжбүрийбанк резервлериниң нормасын өзгертиў сиясаты болып есапланады.Мәжбүрий резервлер – бул, кредит мақсетлери ушын пайдаланылмайтуғын банк аманатларының бир бөлеги. Резервтиң нормасы тийкарғы еки функцияны орынлайды: банктиң ликвидлигин күнделикли тәртипке салыў ушын жағдай жаратады ҳәм кредит эмиссиясын шеклейди. Орайлық банк, коммерциялық банклер, Орайлық банкте сақлап турыўға мәжбүр болған резервлердиң ең төменгинормасын орнатады ҳәм усындай қуралдың жәрдеминде оларкредит уқыплығына, имканиятына тәсирин тийгизеди. Бундай норма қаншама жоқары болса,артықша резервлер соншелли аз ҳәм коммерциялықбанклердиңкредитбериў жолы менен «пулларды пайда етиў» уқыплығы төмен болады. Даслепки мәжбүрий резерв нормалары АҚШ да 1865-жылы енгизилген еди. Егер ОрайлықБанкмәжбүрийбанк резервлерин азайтса, артықша банкрезервлери көбейеди, бул болса пул усынысының мультипликациялық жоқарылаўына алып келеди.2.Мәселен, бундай норма 25%болса, онда банкке қойылған800пулбирлигинен 200 пул бирлиги мәжбүрий банктиң нормасын қурайды.Бундабанк тек ғана 600пулбирлигин қарызға бериўи мүмкин болады. Егерде, норма 10 % ке түсирилсе, онда банк 720 пулбирлигинқарызға бериў имканиятына ийе болады ҳәм бул басланғышпул усынысын720пулбирлигине кобейтеди.


Мәжбүрий банк резервиниң нормасын жоқарылатыў, пул усынысын азайтады. Себеби, бул банклердиң артықша банк резервлериниң қыскарыўына алып келеди.Пул-кредитсиясатын иске асырыўдабундай қурал пүткилбанк системасына тәси рин тийгизеди. Көпшилик мәмлекетлерде қолланылып атырған мәжбүрий резервнормалары ҳәр қыйлы. Жоқары инфляцияның дәрежеси жағдайында Қубла Кореяда бул норма -100 процент болған болса,Италияда -25 процентти,Японияда -2.5 процентти курады.
Өзбекстан Республикасында мәжбүрий резервлеўдиң нормасы кейинги он жылда сезилерли дәрежеде азайды(8.1-кесте).

Download 2.93 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   44   45   46   47   48   49   50   51   ...   105




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling